2-бап. Аўқамға ағза субъектлерге кооперация дүзген ҳалда суўытқышлы сыйымларды салыў ҳәм үскенелеў қаржыларының бир бөлегин қаплаў


Download 17.37 Kb.
Sana02.06.2024
Hajmi17.37 Kb.
#1838952
Bog'liq
перевод


3. Аўқамға ағза субъектлерге кооперация дүзген ҳалда, суўытқышлы сыйымларды салыў ҳәм үскенелеў қаржыларының 30 проценти, бирақ 150 млн. сомнан көп болмаған муғдарда субсидия бериледи.
4. Агентлик тәрепинен бул Режеге тийкарланып ажратылатуғын субсидиялар есабы Агентликтиң Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитетиндеги арнаўлы есап-бетинде жүргизиледи.
5. Аўқамға ағза субъектлерге кооперация дүзген ҳалда, суўытқышлы сыйымларды салыў ҳәм үскенелеў қаржыларының бир бөлимин қаплаў ушын бул Режеге 1-қосымшаға муўапық схема бойынша субсидия ажыратылады.


2-бап. Аўқамға ағза субъектлерге кооперация дүзген ҳалда суўытқышлы сыйымларды салыў ҳәм үскенелеў қаржыларының бир бөлегин қаплаў

6. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Аўқам менен биргеликте тийкарғы аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерине болған зәрүрликтен келип шыққан ҳалда, бул өнимлерди сақлаў ушын қурылысы ҳәм үскенелениўи жобаластырылып атырған суўытқышлы сыйымлардың прогноз параметрлерин анықлайды.


7. Арза беретуғын кооперация дүзген голда, суўытқышлы сыйымларды салыў ҳәм үскенелеў қаржыларының бир бөлегин қаплаў ушын субсидия ажыратыў буйича Агентликке «Agro-subsidiya» информация системасы (кейинги орынларда — «Agro-subsidiya» АТ) арқалы усы Режеге 2-қосымшада келтирилген формада электрон арза менен мүрәжат етеди.
Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
Аўқамға ағзалықты тастыйықлаўшы ҳүжжет;
тастыйықланған жойбар-смета ҳүжжетлери (суўытқышлы сыйым салыў ушын);
салыў ҳәм / ямаса хызмет көрсетиў бойынша дүзилген шәртнама;
әмелге асырылған қаржыларды тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (төлемлерди тастыйықлаўшы ҳүжжетлер, есап-бет фактуралар).
Арзадағы мағлыўматлар ҳәм усынылған ҳүжжетлердиң исенимлилиги ҳәм ҳақыйқыйлығы ушын арза бериўши жуўапкер есапланады.
Исши топар тәрепинен арза бериўшиден бул бәнтте нәзерде тутылмаған ҳүжжетлерди усыныўды талап етиўге жол қойылмайды.
8. Исши топар «Agro-subsidiya» АТ арқалы усынылған арза ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерди, сондай-ақ, объект иске түсирилгени ҳәм / ямаса үскенеленгенин он күн мүддет ишинде орнына барған ҳалда үйренеди.
Арза төмендеги критериялар бойынша үйренип шығылады:
суўытқышлы сыйымның Аўқамға ағза субъект тәрепинен кооперация дүзген ҳалда салынғаны;
Download 17.37 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling