2-Тема. Спорт пәнинде илимий билиўдиң усыл ҳәм принциплери


Download 42 Kb.
bet2/3
Sana23.12.2022
Hajmi42 Kb.
#1046299
1   2   3
Bog'liq
2-лекция

Уқсаслық (аналогия)- айрым предмет ямаса ҳәдийселерди басқалары менен уқсаслығы тийкарында үйрениўге таянатуғын илимий пикирлеў усылы. Мысалы: мектеп жасындағы балалардың физикалық таярлығын мектеп бағдарында үйренилип, алынған нәтийжелер барлық мектеп оқыўшыларына үйретиледи.
Моделлестириў илимий билиў усылы болып, бунда үйренилип атырған предмет, ҳәдийсе уқсас болған басқа предмет моделга алмастырылады, ол ең керекли болған өзгешеликлерди өзинде жәмлеген болады.
Спорт пәнинде жарыс барысын моделлестириў кең қолланылады- еки спортшының беллесиўи бирдей тенглемелер тийкарында үйрениледи ҳәм заманагөй компьютерлерден пайдаланған ҳалда изертленеди. Мысалы: спортшының шамалаў арқалы қарсыласы менен болып өтетуғын беллесиўлерди моделлестириўге имкан беретуғын компьютер дәстүрлери ислеп шығылған ҳәм әмелиятта қолланылады.
Анықластырыў- предметлердиң барлық тәреплерин тексерип үйрениўден ибарат болған усыл.
Бунда предметлердиң жағдайы олардың шараяты ҳәм тарийхый раўажланыўы менен байланыслығын изертлеў. Бунда спортшылардың физикалық таярлығын қурамаластырыўды есаплаў арқалы әмелге асырыў жолы болып есапланады.
Бақлаў предметтиң көлемин өлшеў ҳәм сапалығын үйрениў усылы.
Булл метод спорт пәниниң барлық изертлеўлеринде қолланылады. Мысалы, тренировка барысында хронометраж ҳәм мотор (ҳәрекет) тығызлығы проценттин анықлаўда пайдаланылады.
Илимий тәжрийбе (эксперемент) теориялық изертлеў нәтийжелерин тексерип көриў ушын ҳәм оны мақсетке муўапық тәризде өткерилетуғын илимий усылы болып есапланады.


2.2. Илимий билиўдиң принциплери

Илим изертлеў барысында керек болған айрым принциплер бул объектив барлықты билиў, детерменизм, раўажланыў, тарийхыйлық, теория ҳәм әмелияттың бирлиги принциплери.


Объектив барлықты билиў принципи - инсанның үйрениў искерлиги нәтийжесинде бизди қоршаған орталық ҳәм оның нызамлықлары ҳаққындағы илимий билиў принципи болып есапланады.

Download 42 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling