2-Тема. Спорт пәнинде илимий билиўдиң усыл ҳәм принциплери
Download 42 Kb.
|
2-лекция
- Bu sahifa navigatsiya:
- Раўажландырыў принципи
- Тарихийлик принципи
Детерменизм принципи изертлеўдиң спорт пәнинде қолланылатуғын илимий усыллары ҳәм оларға қойылатуғын талапларды тийкарлаўда үлкен әҳмийетке ийе. Бул талаплар төмендегише: таңланған усылдың изертлеў объекти ҳәм оның өзгешеликлери, изертлеўдиң ҳәр бир кейинги басқышы ҳәм одан алдынғы басқышында алынған мағлыўматларды көрип шығыў, үйренилип атырған объект айырып ҳәм байланыслығын, қурамалылығын жүзеге шығарып үйрениў болып есапланады.
Раўажландырыў принципи илимий билиўдиң методикалық принципи сыпатында ҳәр қандай илимий изертлеўге белгили талаплар қояды. Усы талапларға муўапық илим изертлеў барысында үйренилетуғын объекттиң раўажланыўы, ондағы өзгерислер ҳәм да бир жағдайдан басқа жағдайға өтиўди көрсететуғын объектив процеслерди толық ҳәм ҳәр тәреплпме ашып бериў. Тарихийлик принципи изертлеўши тексерип атырған объекттиң келип шығыўын, өзгерислерин ҳәм раўажланыўын есапқа алған ҳалда басқа объектлер менен байланыслығы, сондай-ақ ондағы өзгерислердиң себеблерин көрсетип бериўге бағдарлайды. Теория ҳәм әмелияттың бирлиги принципи спорт пәнинде илим изертлеў усылларын қолланыўда үлкен әҳмийетке ийе. Дене тәрбиясы ҳәм спорттағы әмелий искерликти ҳәм теорияны байытыў ҳәмде раўажландырыўдың тийкарғы дереги деб қараў зәрүр. Жарысты өткериў ҳәм шөлкемлестириў барысын анализлеў ҳәмде улыўмаластырыў арқалы изертлеўши өзиниң қызықтырған илимий проблеманы теориялық тәрептен түсинип алыўы ушын зәрүр болған фактлы мағлыўматларды топлайды. Download 42 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling