Абатбай дәЎлетов
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
43
FI тилдиң тик жағдайына, яғный тилдиң таңлайға қарай көтерилиў дәре- жесине байланыслы болса, FII тилдиң жазық жағдайына байланыслы болады. Басқаша айтқанда, даўыслы сес қаншелли жоқары көтериңки (қысық) болса, FI соншелли төмен жийиликке ийе болады, ал ол қаншелли түсиңки (ашық) болса, FI соншелли жоқары жийиликке ийе болады. Сондай-ақ даўыслы сес қаншелли тил алды болса, FII соншелли жоқары жийиликке ийе болады. Ал ол қаншелли тил арты болса, FII соншелли төмен жийиликке ийе болады. Сондай-ақ даўыс- лының еринлик болыўы да FII ниң жийилигин төменлетеди. 2 Даўыслы фонемаларға сыпатлама бериўде биз жоқарыда айтылған улыўмалық артикуляциялық ҳәм акустикалық анықламаларды басшылыққа ал- дық. Сондай-ақ қәтеликке жол қоймаў мақсетинде, исенимлирек болыўы ушын үш диктордың рентгенограмма сүўретлерин толық пайдаландық. § 16 . Даўыслы [е] фонемасының сыпатламасы Даўыслы е [е] - тил алды, қысық, езиўлик фонема. Артикуляциялық жақтан тилдиң алдыңғы бөлими таңлайдың алдыңғы бөлимине (қатты таңлайға) қарай көтерилиўи, тилдиң артқы бөлими түсиңки ҳалда болыўы, тил ушының төменги тислердиң түбине тирелиўи ҳәм тилдиң түби жутқыншақтың дийўалынан әдеўир қашықласыўы арқалы жасалады (6-сүўрет). Төменги жақ аз дәрежеде түсиңки жағдайда, еринлер ашылған бийтәреп ҳалында турып, жаңғырық хызметин атқарыўшы аўыз бослығының алдыңғы шегарасы тислер болады. Тилдиң тутас тулғасының алға жылысыўы арқалы бос орынды өз денеси менен бәнтлеп, аўыз бослығының алдыңғы бөлиминде киши, ал артқы бөлиминде узынша ҳәм кең көлемди пайда етеди. Рентгенограммадан алынған бул мағлыўматлар палатограмма арқалы тастыйықланады. Тилдиң ортадан алдырақ бөлиминиң көтерилиўи себепли оның еки шети биринши киши азыў тислерден баслап кейин қарай тийип, палатограммада тилдиң еки шетиниң қалдырған изи анық көринеди (6-сүўрет). Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling