Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet18/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
§ 13
. Айырым туйық дифтонглардың фонемалық қурамы
Ҳәзирги қарақалпақ тилинде ый, ий, уў, үў дифтонгларының ҳәр қайсысы 
еки фонеманың дизбеги деп саналады ҳәм олар ҳәзирги имлада есапқа алынған. 
Бул теориялық ҳәм әмелий жақтан оғада дурыс шешим болып табылады. Ди-
фтонглар ушырасатуғын сөзлер жуў, буў, суў, кий, қый, сый ҳәм т.б. түринде 
жазылып, дифтонглардың қурылысындағы сеслердиң ҳәр қайсысы өзлериниң 
шәртли таңбалары менен белгиленеди. 
Аталған дифтонглардың ҳәр қайсысы бир пүтин фонема емес, ал олардың 
ҳәр бири еки фонеманың дизбегинен туратуғынлығын толық дәлиллейтуғын 
мағлыўматлар келтиремиз. 
Бириншиден, бул дифтонглардың жуўан-жиңишкелиги, анығырақ айтқан-
да, олардың даўыслы сыңарының жуўан ямаса жиңишкелиги сөзлердиң мәни-
син айырып турады. Мысалы: жый-жий, тый-тий, туў-түў ҳәм т.б. Бул жубайлас 
сөзлердеги даўыслылардың орын алмасыўы менен сөзлердиң мәниси өзгерип 
тур. Сондай-ақ дифтонглардың екинши (даўыссыз) сыңарының басқа даўыссыз 
бенен орын алмасыўы арқалы да сөздиң мәниси өзгерип, жаңа сөз пайда бола-
ды. Мысалы: жый-жыл, жый-жик, тый-тын, туў-тур ҳәм т.б. Фонология или-
минде улыўма қабыл етилген қәделер бойынша дифтонглар бир пүтин фонема 
болып саналыўы ушын бундай болмаўы керек. Солай етип, бул дифтонглардың 
сыңарлары биригип, ажыралмас бир пүтин фонема бола алмай, алдындағы 
даўыслылары ы, и, у, ү ҳәм соңындағы й, ў даўыссызлары өз алдына дара-дара 
фонемалар болып саналады.
Екиншиден, ый, ий, уў, үў дифтонгларының сыңарлары арасынан буўын-
ның шегарасы өтеди. Мәселен, бул дифтонгларға тамамланған сөздиң соңын 
даўыслыдан басланған қосымта қосылса, соңғы сыңары (й, ў) келеси буўынның 
қурамына өтеди. Өйткени қарақалпақ тилинде екинши ҳәм оннан кейинги 
буўынлар даўыслыдан басланбайды. Мысалы: кий-ки+йим, тый-ты+йым, суў-
су+ўым ҳәм т.б. Түбирге тийисли болыўына қарамастан й, ў келеси буўынға 
өтип тур. 


36 
Үшиншиден, сөз болып отырған дифтонглардың созымлылығы монофтон-
глар
1
болған ы, и, у, ү даўыссызларына қарағанда шама менен еки есе созымлы-
рақ. Сондай-ақ ый, ий, уў, үў дифтонгларының созымлылығы еки фонемадан 
туратуғынына гүман жоқ деп саналатуғын им, ил, ул ҳәм т.б. сыяқлы сеслер 
дизбегиниң созымлылығы менен орташа алғанда теңдей келеди. Бул 
мағлыўматқа тийкарлана отырып көрсетилген дифтонгларды созымлылығы 
бойынша еки фонеманың дизбегинен турады деў керек. Өйткени «егер де со-
зымлылығы жағынан сол тилдеги басқа фонемалардың созымлылығынан асып 
кетпесе ғана сеслер топарын бир фонеманың жумсалыўы деп есаплаў керек».
2
 
Ал қарақалпақ тилинде болса, дифтонглардың созымлылығы да дара фонемала-
рдан еки есе созымлырақ ҳәм еки фонеманың созымлылығының қосындысы 
менен бара-бар келеди. Бундай жуўмақ шығарыў ушын тый, тий, туў сыяқлы 
ҳәм сым, тил, тул сыяқлы сөзлер осциллографта жазылып, алынған осцилло-
граммадан сөзлердиң соңғы (ый, ий, уў ҳәм ым, ил, ул) сеслер дизбеги милли-
секунд пенен өлшенип, олар салыстырылды.
3
  
Төртиншиден, көпшилик түркий тиллерде сондай-ақ қарақалпақ тилинде 
де, сөздиң ақыры даўыслыға питсе, оған қосымтаның даўыссыздан басланған 
варианты, ал сөз даўыссызға тамамланса, оған қосымтаның даўыслыдан 
басланған варианты қосылатуғын жағдайлар көплеп ушырасады. Мысалы, атам, 
иним, бөлем, дизим ҳәм атым, тилим, күним, қолым сөзлерин салыстырыңыз; 
ый, ий, уў, үў дифтонгларына тамамланған сөзлерге басқа да ақыры даўыссыз 
фонемаларға тамамланған сөзлердегидей қосымтаның даўыслыдан басланған 
сыңары қосылады. Мысалы, сыйым, тыйым, кийим, суўым, журуўым ҳәм т.б. 
Бул мысаллар аталған дифтонглардың бир пүтин фонемалар емес, ал соңғы 
сыңарларының даўыссыз фонемалар екенин көрсетеди.
Жоқарыда көрсетилген семантикалық, морфологиялық ҳәм фонетикалық 
мағлыўматлардың ҳәммеси ый, ий, уў, үў дифтонгларының фонетикалық ди-
фтонглар болатуғынлығын, ал олардың ҳәр бириниң фонологиялық жақтан 
сөзсиз еки фонеманың дизбегинен қуралатуғынлығын толық дәлиллейди. 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling