Абатбай дәЎлетов
ДАЎЫСЛЫ ҲӘМ ДАЎЫССЫЗ ФОНЕМАЛАР
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
ДАЎЫСЛЫ ҲӘМ ДАЎЫССЫЗ ФОНЕМАЛАР § 9 . Даўыслы ҳәм даўыссыз фонемалардың айтылыў өзгешелиги Даўыслы фонемалар Барлық тиллерде (соның ишинде қарақалпақ тилинде де) сеслерди даўыс- лылар ҳәм даўыссызлар деп бөлиў ертеден баслап-ақ дәстүрге айланған. Булай етип бөлиўде сеслердиң тилдеги хызмети, олардың артикуляциясы ҳәм акусти- калық сыпатламасы есапқа алынады. Сеслерди даўыслы ҳәм даўыссыз деп бөлиўде ең алды менен олардың буўын қурай алыў ямаса буўын қурай алмаў қәсийетине қаралады. Буўын қурай алатуғын сеслер даўыслы сеслер, буўын нен бирге Щерба фонологиялық мектебинде «оттенок» термини, Москва фонологиялық мектебиниң ўәкиллериниң мийнетлеринде «вариант» термини қолланылады. 23 қурай алмайтуғын сеслер даўыссыз сеслер болады. Даўыслылар ҳәм даўыссыз- лар артикуляциялық жақтан да өзгешеликке ийе болады. Артикуляциялық жақтан даўыслылардың даўыссызлардан баслы айырмашылығы мыналардан ибарат: бириншиден, даўыслыларды айтқанда өкпеден шыққан ҳаўа ағымы сөйлеў ағзалары тәрепинен тосқынлыққа ушырамайды. Ал даўыссызларды айтқанда ҳаўа ағымы сөйлеў ағзаларының бир жеринде тосқынлыққа ушырай- ды. Бул тосқынлық ҳәр түрли формада жасалыўы мүмкин: ҳәрекетшең сөйлеў ағзасы ҳәрекетсиз сөйлеў ағзасына тийиўи ҳәм жақынласыўы арқалы жасалады. Екиншиден, даўыслыларды айтқанда өкпеден шыққан ҳаўа ағымының пәти күшсиз, өлпең болса, даўыссызларды айтқанда ҳаўа ағымы күшли болады. Даўыссызлардың айтылыўында ҳаўа ағымының күшли болыўы олардың жаса- лыўындағы сөйлеў ағзалары пайда еткен тосқынлықты жеңиў зәрүрлигинен болса керек. Нәтийжеде анаў я мынаў даўыссыз сеске тән болған шаўқым пайда етиледи. Үшиншиден, даўыслыларды айтқанда тутас барлық сөйлеў ағзаларына күш түсип, олардың мускуллары тартылып, керилип турады ҳәм көбирек күш жумсалады. Ал даўыссызларды айтқанда сөйлеў ағзаларының бир жеринде тосқынлық пайда етилип, тек сол тосқынлық пайда болған орындағы сөйлеў ағзасына ғана күш түсип, мускуллары тартылып турады да, басқа сөйлеў ағза- ларына күш түспей мускуллары әпиўайы, босаң қәлпинде болады ҳәм аз күш жумсалады. Жоқарыда айтылған даўыслылардың ҳәм даўыссызлардың өзлерине тән болған артикуляциялық өзгешеликлери олардың акустикалық жақтан да ҳәр түрлилигин келтирип шығарады. Даўыссызларға шаўқым, ал даўыслыларға даўыс (музыкалы тон) тән болады. Акустикалық белгилерине қарай сеслерди даўыслылар ҳәм даўыссызлар деп бөлиў бираз қыйын. Даўыссызлардың өзлери акустикалық жақтан биргелки емес. Даўыссыз сеслер қатарына киретуғын со- норлар 1 (сонант деп те айтылады) даўыстың қатнасы жағынан даўыссызлардан гөре даўыслыларға жақынырақ. Оларды айтқанда шаўқымға қарағанда музыка- лы тон, даўыс басымырақ қатнасады, бирақ даўыслыларға қарағанда сес күши пәсирек болады. Сондай-ақ үнли даўыссызларды айтқанда да шаўқым менен бирликте даўыс қатнасады. Ал үнсиз даўыссызлар тек шаўқымнан жасалады. Сонлықтан акустикалық жақтан сеслерди даўыслылар ҳәм даўыссызлар деп анық топарларға бөлиў қыйын. Жуўмақлап айтқанда тилдеги сеслерди даўыслыларға ҳәм даўыссызларға бөлгенде ең алды менен буўын қурай алыў ямаса буўын қурай алмаў қәсийетине қараймыз. Сондай-ақ сеслердиң бул ҳәр бир топары улыўмалық ар- тикуляциялық ҳәм акустикалық белгилерине де ийе болады. Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling