Абатбай дәЎлетов
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
§ 12. Дифтонглар. Айырым даўыслылар қандай фонетикалық жағдайда келиўине қарамастан артикуляциялық жақтан еки сестен қуралыўы мүмкин. Бир даўыслыдан басла- нып, екинши даўыслыға питкен қурамалы сеслер бир буўынның қурамында ке- лиўинен ҳақыйқат дифтонг жасалады. Қарақалпақ тилинде бундай дифтонглар ушыраспайды. Қарақалпақ тилинде тек жалған дифтонглар болып, олардың ҳәр бири еки фонемадан қуралады. Ярым даўыслылар болған ў, й сонорлары даўыслы фонемалардың алдында ҳәм соңында дизбеклесип келип, ашық ҳәм туйық фонетикалық дифтонгларды пайда етеди. Й ҳәм ў сеслери шынында да даўыссыз фонемалар болып, артикуляциялық жақтан даўыслыларға оғада жақын болғанлықтан олар ярым даўыслылар деп те айтылады. Бундай буўын қурай алмайтуғын бөлекке ийе болған дифтонглар жалған дифтонглар делине- ди. Буўын қурай алмайтуғын й, ў бөлеклериниң дифтонгтың алдында я соңында турыўына қарай олар ашық ҳәм туйық дифтонглар болып екиге бөлинеди. Ашық дифтонглар: йе, йа, йә, йо, йө, йү, йу, йи, йы, ўо, ўө, ўа, ўә, ўү. Мысалы, йек, йақ, йош, йаки, кийик, тайын, түйе, сыйыр, ўоз, ўөз, ўәж, аўыр. Туйық ди- фтонглар: ый, ий, ай, әй, ей, ой, өй, уй, үй, үў, уў, аў, еў. Мысалы, тый, тий, ай, әй, гейде, той, сөйт, үй, уйқы, гүў, жеў ҳәм т.б. Келтирилген бул мысаллардағы 35 түйе, сыйыр, уйқы, гүў сөзлериндеги езиўлик ы, и, е даўыслылары сингармо- низмге муўапық сәйкес еринлик даўыслылар болған у, ү, ө сеслерине айланып, ол сөзлер түйө, үйү, уйу, тәўүр, аўур, уйқу түринде айтылады. Сондай-ақ жоқарыда келтирилген мысаллардағы йек, йеки, ўоз, ўөз, сөзлери имла қәделе- ри тийкарында ек, еки, оз, өз түринде жазылады. Бул сөзлердеги е, ө ҳәриплери йе, ўо, ўө дифтонгларын аңлатыў ушын жумсалған. Дифтонглардың көпшилигиниң еки фонемадан туратуғынына ҳеш қандай гүман жоқ. Сонлықтан олардың бәрине таллаў жасаў зәрүр емес. Дифтонглар- дың ишинде ый, ий, уў, үў туйық дифтонгларының ҳәм йе, ўо, ўө ашық дифтон- гларының ҳәр қайсысы еки фонемадан тура ма ямаса олар еки сестен қуралған бир фонема маЎ Бул мәселени шешиў қарақалпақ тилинде қыйын ҳәм таласлы мәселе болып табылады. Сонлықтан буларға өз алдына тоқтап өтиў зәрүр. Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling