Абатбай дәЎлетов
Альвеола - латынша аlvеоlus
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
Альвеола - латынша аlvеоlus – «наўаша, ойпат» деген мәни билдиреди.
19 Тил сеслерин пайда етиўде сөйлеў ағзаларының ҳәммеси бирдей хызмет атқара бермейтуғынлығын жоқарыдағы айтылғанлардан көриўге болады. Сеслердиң жасалыўында сөйлеў ағзалары ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары ҳәм ҳәрекетшең емес сөйлеў ағзалары болып екиге бөлинеди. Ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары белгили бир сести пайда етиў ушын ҳәрекетке келип, зәрүрли формаға ийе болады. Олар сеслердиң жасалыўында ең тийкарғы орынды тутады. Сеслерди айтыўда ҳәрекетшең емес сөйлеў ағзаларының да белгили бир дәре- жеде әҳмийети болады. Ҳәрекетшең емес сөйлеў ағзалары ҳәрекет етпейди. Ҳәрекетшең емес сөйлеў ағзаларына ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары жақынла- сыўы, тийиўи ямаса олардың алыслаўы мүмкин. Ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары - даўыс шымылдығы, тил, ерин, кишкене тил менен қоса жумсақ таңлай; ҳәре- кетшең емес сөйлеў ағзалары - тислер, қатты таңлай. Сеслердиң өзиншелик өзгешелигин, басқаларынан айырмашылығын көрсеткенде сеслерди бир-бирине қарама-қарсы қойғанда, топарларға бөлгенде олардың жасалыўы тийкарға алынады. Сеслердиң жасалыўы (артикуляциясы) сөйлеў ағзаларының тиккелей хызмети болады. § 8. Фонетиканың лингвистикалық тәрепи. Фонема ҳаққында түсиник Фонетиканың социаллық илим болған лингвистиканың бир тараўы екенли- гиниң баслы себеби - тилдиң жәмийетлик қубылыс болыўында. Тилдиң мәни аңлататуғын бирликлери болған сөзлер, гәплер сеслерден қуралады. Тил сесле- риниң қарым-қатнас қуралы ўазыйпасын атқарыўға қатнасы олардың ең баслы хызмети болып табылады. Сеслер артикуляциялық-акустикалық жақтан сөз етилгенде де олардың (сеслердиң) лингвистикалық хызметин ҳәр тәреплеме анықлаў көзде тутылады. Фонетиканың лингвистикалық тәрепи изертленгенде сеслердиң атқаратуғын хызмети сөз етиледи. Фонетика илиминиң тарийхында биринши болып академик Л.В.Щерба фо- неманың «мәни айырыўшылық» қәсийетин атап көрсеткен еди. Фонетикада фо- неманың «мәни айырыўшылық» қәсийети улыўма қабыл етилген анықламаға айналып, бул теория Л.Р.Зиндер тәрепинен раўажландырылды: «Сөздиң мәниси оның фонемалық қурылысынан ғәрезли емес; буған омонимлик ҳәм полисеми- ялық қубылыслар гүўа бола алады. Мысалы: «стол» ҳәм «стул» ҳәр түрли даўыслыларға ийе болғаны ушын емес, ал олар ҳәр қыйлы түсиникти билдирге- ни ушын ҳәр түрли сөзлер болып тур. Соның менен бирге биз «стол» сөзин « стул» сөзинен ҳеш контекстсиз-ақ айырып таныйтуғын себебимиз биринши сөздеги даўыслы-о, екиншисинде-у. Буннан фонеманың «сөзлерди айырыўшы- лық» хызметин көриўге болады». 1 Солай етип сөзлер бир-биринен алды менен мәниси бойынша ҳәм оннан соң фонемалық қурылысы бойынша айырылады. Қарақалпақ тилиндеги тас, тес, тыс, тис, тус, түс, тос, төс сөзлери бәринен бу- рын ҳәр қыйлы түсиниклерди билдиргени ушын ҳәр түрли сөзлер болып тур. 1 Зиндер Л.Р. Ощая фонетика. М., 1980, 81-бет. 20 Сондай-ақ булардың айырмашылықлары ол сөзлерде ҳәр түрли даўыслылардың айрықша фонема болыўына байланыслы. Әлбетте, бул қубылыслар (сөздиң мәниси ҳәм оның фонемалық қурылысы) бир-бири менен тығыз байланыслы болады. Жоқарыдағы мысалларда даўыслы фонемалар сөзлерди, олардың мәниле- рин айырып турса, атам, атаң сөзлериниң түбири бир (ата) болып, м ҳәм ң даўыссызлары сөзлерди түрлендирип, ҳәр түрли форма жасап тур. Сеслердиң бундай хызмет атқарыўы олардың фонемалық хызмети болады. Солай етип фо- нема сөзлердиң мәнилерин ҳәм формаларын айырыўшылық қәсийетке ийе бо- лады. Ҳәр бир фонема тилдеги басқа барлық фонемалардан айырылып турады, соның менен бирге ол сол тилдеги басқа барлық фонемаларға қарама-қарсы қойылады. Ҳәр бир фонема тийкарғы ҳәм тийкарғы емес белгилердиң жыйнағынан турады. Бул айтылғанларға дәлил ретинде д даўыссыз фонемасын мысалға алайық. Қарақалпақ тилинде д фонемасы-үнли, тил алды, жабысыңқы, мурынлық емес (аўызлық). Бул айтылған белгилер д фонемасының тийкарғы белгилери болады. Өйткени қарақалпақ тилинде үнсиз т, тил арты г, жуўысыңқы з, мурынлық н фонемалары болып, олардың ҳәр бир д фонемасы- нан сәйкес белгилери бойынша айырылып турады. Олар былайынша өз ара қарама-қарсы қойылады: т-үнсиз фонема, себеби д-үнли; г-тил арты фонемасы, себеби д-тил алды фонемасы; з-жуўысыңқы, себеби д-жабысыңқы; н-мурынлық фонема, себеби д-аўызлық (мурынлық емес) фонема болады. Демек, фонема сыпатында т сесиниң үнсиз фонема, г сесиниң тил арты, з сесиниң жуўысыңқы, н сесиниң мурынлық фонема болып саналыўы оларға қарама-қарсы қойыла- туғын д фонемасының үнли, тил алды, жабысыңқы, аўызлық (мурынлық емес) екенлиги менен байланыслы болады. Ал усы д фонемасының жуўан (қатты) ҳәм еринлик емеслиги оның тийкарғы белгиси - фонемалық белги бола алмайды. Себеби қарақалпақ тилинде оған қарама-қарсы қойылатуғын жиңишке (жумсақ) д 1 ҳәм еринлик д 0 сеслери өз алдына жеке-жеке фонема сыпатында жумсалмай- ды. 1 Д сесиниң жуўан я жиңишке, еринлик я езиўлик болып айтылыўы фонети- калық жағдайға байланыслы болады. Жиңишке даўыслы сеслер менен қоңсылас болып келсе, қарақалпақ тилиндеги басқа даўыссыз сеслер сыяқлы д сеси де жиңишке болып (д 1 изим 1 , д 1 еп 1 , д 1 ән 1 ҳәм т.б.); жуўан даўыслылар менен келсе, жуўан болып (дала, ыдыс ҳәм т.б.) жуўан ҳәм еринлик даўыслылар менен келсе, жуўан ҳәм еринлик болып (д 0 ос 0 , д 0 ур 0 ыс 0 т.б.), жиңишке ҳәм еринлик даўыс- лылар менен келсе, жиңишке ҳәм еринлик болып (д 10 ү 1 р 10 , д 10 ү 1 н 10 я, д 10 ө 1 н 10 т.б.) айтыла береди. Фонетикалық жағдайлардан ғәрезли ҳалда пайда болған бул сеслик өзгешеликлер фонеманың тийкарғы емес белгиси, оның фонетика- лық белгилери болып саналады. Тилдеги фонемалардың өз ара қарама-қарсы қойылыўы олар ортасында байланыс жоқ деген түсиникти аңлатпайды. Керисинше, булай етип фонемала- 1 (д q )- жиңишке (жумсақ) дегенди аңлататуғын белги; (д 0 )- еринлик дегенди аңлататуғын белги. 21 рды қарама-қарсы қойыў арқалы олардың тилде бир системаны қурай- туғынлығын, байланысын, жақынлық жақларын көриўге болады. Мәселен, т-д, с-з, п-б, ш-ж т.б. сыяқлы жубайлас даўыссызлар тек бир белгиси менен, яғный даўыстың қатнасы бойынша (үнсиз-үнли) айрылып турса, олар басқа барлық белгилери жағынан бирдей: т-д жубайлас фонемаларына ортақ белги - булар- дың екеўи де жабысыңқы, тил алды, аўызлық (мурынлық емес); с-з жубай- ласлары - жуўысыңқы, тил алды, бир тосқынлықлы; п-б жубайласлары - жа- бысыңқы, еринлик, аўызлық ҳәм т.б. Олардың айырмашылық белгилери жу- байласлардың бириншилери - үнсиз фонемалар, ал екиншилери - үнли фонема- лар. Демек келтирилген жубайлас сеслердиң бириншилериниң ҳәммесине ортақ белги-олардың бәри үнсиз, ал олардың екиншилери үнли фонемалар болып та- былады. Фонема түсиниги өзиниң ең дәслепки пайда болыўында сес түсинигине қарама-қарсы қойылыўдан келип шыққан. Фонема деген түсиник пенен сес түсиниги мудамы сәйкес келе бермейди. Фонема мудамы бир сестен турмастан, гейде айтылыўы жағынан жақын болған еки, ҳәтте үш сестен де қуралыўы мүмкин. Гейпара тиллерде ушырасатуғын дифтонг, трифтонглар буған мысал бола алады. Керисинше, еки фонема бир пүтин сеске усас болып айтылыўы да мүмкин. Мысалы, ашшы, атты усаған сөзлерде еки ш ҳәм еки т бир созымлы сес сыяқлы болып айтылған менен олардың ҳәр қайсысы бир қыйлы еки фоне- маның дизбеклери деп түсиниледи. Соның менен бирге фонема ҳәм сес пүткиллей басқа-басқа нәрселер емес, керисинше олар өз ара тығыз байланыслы түсиниклер. Сонлықтан фонетикада фонема түсинигиниң орнына гейде сес сөзи де қолланыла береди. Фонема тилде сеслер арқалы өмир сүреди. Тилдеги сеслер анаў я мынаў фонеманың жасаў формасы болады. Фонема деп артикуляциялық ҳәм акустикалық жақтан өзин- шелик өзгешелигине ийе болған, тағы да майда бөлеклерге бөлиўге болмай- туғын, сөзлерди ажыратыў мақсетинде жумсалатуғын сеслик бирликлерге ай- тылады. Тилде сеслер оғада көп түрли. Мәселен, ҳаяялар ҳәм ерлердиң даўыс өзге- шелиги, ҳәр бир адамның жеке физиологиялық айрықшалығына байланыслы даўыс өзгешелиги, ҳәтте бир адамның түрли жағдайларға байланыслы ҳәр түр- ли даўыс өзгешелиги - булардың бәри артикуляциялық, акустикалық жақтан сеслердиң шексиз көп түрлилигин пайда етеди. Бирақ бундай сеслик айырмашылықлар ҳеш қандай тиллик әҳмийетке ий болмайды, яғный қатнас қуралы хызметин атқармайды. Белгили бир мәниге ийе болған сөз айтылса, ол ким тәрепинен ҳәм қалай айтылыўына қарамастан сол тилди билетуғын адам тәрепинен түсиниледи. Ҳәр түрли даўыс өзгешеликлери елестирилмейди. Бул өзгешеликлер фонетика ушын ҳеш қандай әҳмийетке ийе емес. Фонема ҳәр түрли фонетикалық жағдайларда ушырасады. Түрли фонети- калық жағдайлар фонеманың айтылыўына тәсир етип, белгили дәрежеде оған қосымша түр береди. Усыннан фонеманың реңклери 1 келип шығады. Мәселен, 1 Реңк атамасы бурынғы «оттенок», «аллофон» орнына қабыл еттик. Әдебиятларда «отте- нок», «аллофон» ҳәм «вариант» терминлери синоним мәнисинде де жумсалады. Соның ме- 22 жоқарыда айтылғанындай д фонемасының бирде жиңишке, бирде жуўан, бирде жуўан ҳәм еринлик, бирде жиңишке ҳәм еринлик ҳалда айтылыўынан оның реңклери пайда болады. Қарақалпақ тилинде д даўыссызы өз алдына фонема деп танылатуғын болса, белгили сөзлердеги (дала, д 1 ә 1 н 1 , д 0 ос 0 , д 10 ө 1 н 10 т.б.) д, д 1 , д 10 сеслери д фонемасының тилдеги реңклери, сөзлерде жумсалатуғын ўәкиллери болып саналады. Сонлықтан да академик Л.В.Щерба фонеманы сеслик тип деп атайды. Солай етип фонема тилде өзлериниң реңклери арқалы өмир сүреди. Бул жағынан фонеманың реңклери менен тилдеги сеслер ҳаққын- да түсиниклер бирдей болып есапланады. Ҳәр түрли фонетикалық жағдайларға байланыслы пайда болған реңклер фонеманың миннетли реңклери делинеди. Соның менен бирге тилдиң диа- лектлик өзгешеликлерине байланыслы бир фонема бирдей фонетикалық жағдайда болыўына қарамастан белгили дәрежеде ҳәр қыйлы болып айтылыўы мүмкин. Мәселен, жол-джол, жақсы-джақсы сөзлериндеги ж ҳәм дж сеслери. Бундай болып тилде бир фонеманың (мәселен, ж фонемасының) ҳәр түрли реңклерине ийе болыўы фонеманың миннетли емес (факультатив) реңклери де- линеди. Фонеманың миннетли реңки фонетика ушын оғада әҳмийетли. Фонетика- лық себеплерге байланыслы бул реңклер комбинаторлық ҳәм позициялық реңклер болып бөлинеди. Комбинаторлық реңклер қоңсылас фонемалардың бир-бирине тийгизген тәсиринен пайда болады. Қарақалпақ тилинде жуўан даўыслыларға қоңсылас болып келген даўыссыз сеслер жуўан, жиңишке даўыс- лыларға қоңсылас болып келгенде сол даўыссыз сеслер жиңишке болыўы (тас сөзинде т ҳәм с фонемаларының жуўан тис, тес сөзлеринде олардың жиңишке болыўы), еринлик даўыслыларға қоңсылас болып келгенде даўыссыздың ерин- лик түр алыўы (мәселен, т 10 ү 1 с 10 сөзинде т 10 ҳәм с 10 фонемаларының жиңишке ҳәм еринлик түрде айтылыўы) фонеманың комбинаторлық реңклерин пайда етеди. Сөздиң басында, ортасында, ақырында келиўине байланыслы, буўынның сыпатына, пәтке байланыслы бир фонеманың белгили дәрежеде түрлише айты- лыўынан фонеманың позициялық реңклери дөреледи. Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling