Абатбай дәЎлетов
Обертон - немецше оbеrtоn
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
Обертон - немецше оbеrtоn – «жоқары тон» деген сөзден жасалған.
3 Резонатор - французша rеsоnаnsе – «жаңғырық» сөзинен алынған. 4 Форманта - латынша fоrmаns, fоrmаntis – «пайда етиўши», «дөретиўши» сөзинен жа- салған. 5 Спектр - грекше spекtrum – «көринетуғын» деген сөзден жасалған. 1 Спектрограф - грекше spекtrum – «көринетуғын» ҳәм grаpо – «жазаман» деген сөзлерден жасалған. 13 Сести айтыў ушын белгили ўақыт бирлиги кетеди. Сестиң созымлылығы (длительность) тербелистиң саны менен созылыў ўақтына байланыслы болады. Бираз тиллерде, мәселен, түркмен, қырғыз, якут тиллеринде бир сестиң созым- лы ҳәм қысқа айтылыўы мәни айырыўшылық, яғный фонемалық хызмет атқа- рады. Ал қарақалпақ тилинде белгили бир сестиң созымлы ҳәм қысқа айты- лыўы семантикалық мәни билдириў ушын жумсалмайды, тек фонетикалық жағдайға байланыслы ол бирде созымлы, бирде қысқарақ айтылыўы мүмкин. § 7. Фонетиканың физиологиялық тәрепи. Сөйлеў ағзалары. Фонетиканың анатомиялық - физиологиялық тәрепи дегеннен сөйлеў ағза- ларының қурылысы ҳәм олардың хызмети түсиниледи. Тилдеги сеслер жөнинде айтқанымызда алды менен ол сеслердиң артикуляциялық сыпатламасын би- лиўимиз зәрүр. Артикуляциясы жағынан ҳәр қыйлы болғаны ушын сеслер ҳәр түрли акустикалық сыпатламаға ийе болады. Нәтийжеде биз ҳәр қыйлы сеслер- ди еситемиз. Солай етип сеслик айырмашылықлар артикуляциялық айырмашы- лықлардан келип шығады. Тил сеслерин ҳәм олардың айтылыўын дурыс түси- ниў ушын сөйлеў ағзаларының атқаратуғын хызметин, олардың адам организ- минде қалай жайласқанлығын, ҳәрекетке келиў мүмкиншилигин билиўимиз тийис. Тил, ерин ҳәм кишкене тил жайласқан тамақ ҳәм өкпе сөйлеў ағзалары болып есапланады. Өкпе адамның тиришилиги ушын оғада зәрүрли болған дем алыў ҳәм қанды кислород пенен тәмийинлеп турыў сыяқлы жүдә әҳмийетли физиологиялық хызметти атқарады. Сондай-ақ өкпе тил сеслерин айтыў ушын зәрүрли болған ҳаўа ағымын пайда етип, ҳаўа жүретуғын «каналдың» бойында жайласқан сөй- леў ағзалары менен бирликте сеслерди дөретиў усаған оғада әҳмийетли ўазыйп- аны да атқарады. Тиришиликтиң әдеттеги дем алыў мапазында ҳаўаны ишке тартыў ҳәм сыртқа шығарыў бир қәлипте теңдей ўақыт ишинде мурын арқалы иске асады. Ал сөйлеген ўақытта ҳаўаны ишке тартыў әдеўир тезлеседи де, сыртқа шығарыў ақырын болады ҳәм әдеттеги дем алыў (физиологиялық дем алыў) ўақтындағы ҳаўаны сыртқа шығарыўға салыстырғанда иштен бир неше мәртебе көбирек ҳаўа шығарыў мүмкин. Физиологиялық дем алыў менен сөй- леў ўақтындағы дем алыўдың тағы бир өзгешелиги - сөйлеўде мурынлық сеслерден басқа сеслердиң бәрин айтқан ўақытта ҳаўа ағымы аўыздан шығады да, физиологиялық дем алыўда әдетте ҳаўа мурыннан шығады ҳәм мурын арқалы ҳаўа ишке тартылады. Өкпе еки жағынан еки қолқа арқалы жоқарысында жайласқан кегирдек пе- нен тутасқан болады. (1-сүўрет). Өкпеден шыққан ҳаўа ағымы кегирдек арқалы кегирдектиң жоқарысында жайласқан тамақ арқалы өтеди. Тамақ кегирдектиң жоқарысындағы жайласқан оның кеңейген бөлими болады (2-сүўрет). Тамақ жүзик тәризли, қалқан тәризли ҳәм еки шөмиш тәризли шемиршеклерден қура- лады. Ол шемиршеклер мускуллар менен тутасып турады. Аўқатлық заттың дем алатуғын жаққа (тамаққа) қарай кетип қалмай, өңешке кетиўи ушын жуты- ныў ўақтында тамақтың жоқарысында алмурт тәризли жумсақ шемиршек тамақ |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling