Абатбай дәЎлетов


  жолын жаўып турады. Нәтийжеде аўқатлық зат дем алыў мүшесине қарай емес,  ал өңешке қарай кетеди


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet10/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

14 
жолын жаўып турады. Нәтийжеде аўқатлық зат дем алыў мүшесине қарай емес, 
ал өңешке қарай кетеди.
 
 
1-
сүўрет 
Өкпе ҳәм кегирдек 
1-қалқан тәризли шемиршек; 2-жүзик тәризли шемиршек; 3-кегирдек; 
4-қолқалар; 5-қолқа талшықлары; 6-өкпениң төменги негизги бөлими. 
Шөмиш тәризли еки шемиршек жүдә ҳәрекетшең болады. Олар бир-бирине 
жақынласыўы ҳәм қашықласыўы арқалы даўыс шымылдығының формасын өз-
гертеди. Даўыс шымылдығы шөмиш тәризли ҳәм қалқан тәризли шемир-
шеклердиң аралығында жайласқан майысқақ жийеклерине ийе болған саңлақ 
болып, оған бекитилген мускуллардың тәсири менен ҳәрекетке келеди (3-
сүўрет). Даўыс шымылдығы сес пайда етиўде оғада үлкен әҳмийетке ийе бола-
ды. Даўыс шымылдығының жоқарысында жалған даўыс шымылдығы орна-
ласқан. Жалған даўыс шымылдығы толықлаў ҳәм үлкенирек болады. Даўыс 
шымылдығы зақымланғанда ямаса аўырғанда жалған даўыс шымылдығы 
арқалы да сөйлеўге болады. Бирақ даўыс қырылдақ ҳәм пәс шығады. 
Шөмиш тәризли шемиршеклердиң ҳәрекети нәтийжесинде даўыс шымыл-
дығы өзиниң формасын өзгертеди дедик. Мәселен, даўыс шымылдығының үш 
түрли жағдайын анық айырыўға болады. Бириншиден, даўыс шымылдығының 
мускуллары босаңсып, ол кең ашылған болыўы мүмкин. Бундай жағдайда 
өкпеден шыққан ҳаўа ағымы ҳеш қандай иркинишке ушырамайды. Даўыс шы-
мылдығы физиологиялық дем алыў ўақтында ҳәм үнсиз сеслерди айтқанда усы 
қәлипте турады. Екиншиден, даўыс шымылдығының ишки дийўаллары жақын-


15 
ласып ҳәм керилип (тартылып) турыўы мүмкин. Бул жағдайда даўыс шымыл-
дығы оғада кишкене саңлақты пайда етеди ямаса жабылып турады, дерлик.
2-
сүўрет 
Тамақ 
А. Тамақтың алдыңғы жағынан көриниси: 
1-қалқан тәризли шемиршек; 2-жүзик тәризли шемиршек; 3-тил асты 
сүйеги; 4-қалқан тәризли шемиршекти тил асты сүйеги менен тутастырыўшы; 
5-жүзик тәризли ҳәм қалқан тәризли шемиршеклерди тутастырыўшы; 6- 
кегирдек

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling