Абатбай дәЎлетов
Амплитуда - латынша аmplitudо
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
Амплитуда - латынша аmplitudо – «кеңлик» деген мәнини билдиреди.
1 Тембр - французша timbri – «қоңыраў» деген сөзден жасалған. 12 тербелис нәтийжесинде сес пайда етиледи. Сес пайда етиўши денениң толық тербелисинен сестиң тийкарғы тоны пайда болады, ал оның бөлеклериниң тер- белисинен обертон 2 (қосымша тон) жасалады. Қосымша тон тийкарғы тонға қарағанда жоқары болады. Мысалы, тардың тийкарғы тоны 100 гц тербелисте болса, оның жартысы 200 гц қосымша тонды, үштен бири 300 гц қосымша тон- ды ҳәм т.б. береди. Тийкарғы тон ең күшлиси болып, толық сестиң сапасын белгилейди. Ал қосымша тон болса, сеске белгили дәрежеде қосымша түр бере- ди. Тийкарғы тонның күши менен ондағы қосымша тонлардың өз-ара сәйкесле- сип, үйлесиўинен сестиң гармоникалық қурылысы - тембри келип шығады. Тембр түсиниги тийкарынан даўыслы сеслер менен байланыслы болады. Мысалы, а, ы, и ҳәм т.б. сеслерди ҳәр қайсысының өзине тән тембрине ийе болғанлығы себепли оларды ажыратамыз. Белгили бир сести айтқан ўақытта сөйлеў ағзаларының ҳәрекети нәтийжесинде тамақтан жоқарыда жайласқан бослықлар - жутқыншақ бослығы, аўыз бослығы өзлериниң көлемин ҳәм формасын өзгертип, сол сеске тийисли болған түрге ийе болады. Солай етип ол бослықлар резонатор 3 хызме- тин атқарады. Мурын бослығы өзиниң көлемин ҳәм формасын өзгерте алмай- ды. Себеби мурын бослығында оның формасын өзгерте алғандай ҳәрекетке ке- лиўши сөйлеў ағзалары жоқ. Сонлықтан мурын бослығы тек мурынлық сеслер- ди айтқанда ғана резонатор хызметин атқарады. Солай етип адамның сөйлеў ағзалары болған аўыз, мурын, жутқыншақ бослықлары қурамалы резонаторлық системаны пайда етеди. Тамақтағы даўыс шымылдығында пайда болған қура- малы тон тамақтан жоқарыда жайласқан жутқыншақ, аўыз, мурын бослықлары- ның резонансы (жаңғырығы) нәтийжесинде өзиниң әўелги түрин өзгертеди. Айтылыўға тийисли сес сол бослықлардан өзине тән болған қосымша сеслик түр алады. Резонатор жәрдеминде қосымша тонлардың айырымлары күшейиўи, ал биреўлери пәсеңлеўи мүмкин. Жийиликтиң күшейген бөлеги, яғный сес энергиясының жыйналған бөлеги форманта 4 деп аталады. Сестиң формантлық қурылысы оның спектринде 5 анықланады. Спектр арқалы сестиң ең әҳмийетли сыпатламасы бериледи. Сеслердиң тербелис жийилигин бөлип-бөлип алып, спектральлық анализ жасаў электроакустикалық ҳәм электронлық техниканың өсиўи менен раўажла- на баслады. Сеслердиң формантлық дүзилисин жазып алатуғын аппарат спек- трограф 1 деп, ал жазылып алынған материал спектрограмма деп аталады. Спек- трограммада ҳәр сес өзине тән болған формантларының жайласыў орнына, формасына ийе болады. 2 Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling