Абатбай дәЎлетов


нақ-шанағы, балалы-билимли, жеткер-атқар


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet4/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

нақ-шанағы, балалы-билимли, жеткер-атқар ҳәм т.б.
Фонетика синтаксис пенен де байланыслы болады. Хабар, үндеў, сораў, 
буйрық сыяқлы гәплердиң ҳәр бир түри өзлерине тән болған интонациясына 
ийе болады. Олар айтылыўда интонациялық жақтан бир-биринен айрылып ту-
рады. Сондай-ақ бир түрли гәплердиң өзи ҳәр қыйлы жағдайларға, орталыққа 
байланыслы түрлише интонация менен айтылыўы мүмкин. Керекли сөзлерге 
тыңлаўшының дыққатын аўдарыў ушын пәт қойып, көтериңки айтыў, айырым 
гәп ағзаларынан кейин пауза ислеў, тутас гәптеги сөзлердиң мелодикалық 
жақтан қубылмалы (бәлент-пәс, созымлы-қысқа) болып айтылыўы - мине, бу-



лардың бәри ой-пикирдиң анық ҳәм түсиникли болыўын тәмийин етеди. Фраза-
лық пәт, пауза, мелодика - интонацияның ажыралмас сыңарлары. Ал интонация 
болса, сеслик қубылыс болып саналады. Буннан фонетиканың синтаксис пенен 
байланыслы екени аңланады.
Фонетика лингвистикалық емес илимлер менен де байланыслы болады. Фо-
нетика бәринен бурын акустика ҳәм физиология менен байланыслы. Фонетика 
сондай-ақ медицинаның айырым тараўлары менен де байланыслы болады.
 
§ 3. Фонетиканың тараўлары 
Фонетика тилдеги сеслерди ҳәм сеслерге байланыслы болған барлық қубы-
лысларды ҳәр тәреплеме толық изертлейди. Сеслердиң сөйлеў ағзалары тәрепи-
нен жасалыўы, оларды акустикалық сыпатламасы, сеслердиң ҳәр қыйлы та-
рийхый дәўирлерде өзгерислер менен раўажланып келиўи, ҳәзирги тилдеги 
жағдайы, бир семьялас ҳәм ҳәр қыйлы семьядағы тиллердиң сеслик жақтан 
жақын-алыслығы сыяқлы бир-бирине байланыслы болған, соның менен бирге 
ҳәр қайсысын өз алдына алып, терең изертлеўди талап ететуғын бул мәселелер 
фонетиканың ҳәр түрли тараўларында сөз етиледи. Фонетиканың өзи сол та-
раўлардың жыйнағынан турады.
Жеке тилдиң сеслик дүзилиси сол жеке тилдиң фонетикасында үйрениледи. 
Мәселен, қарақалпақ тилиниң сеслик дүзилиси қарақалпақ тилиниң фонетика-
сында, орыс, өзбек, қазақ тилиниң сеслик дүзилиси, сәйкес сол тиллердиң фо-
нетикаларында изертленеди. Жеке тилдиң фонетикасы менен бирликте тил би-
лиминде улыўма фонетика да болады. Улыўма фонетика дүнья тиллериниң 
сеслик дүзилисине байланыслы болған улыўмалық, ортақ мәселелерди изерт-
лейди: адамның сөйлеў ағзаларының артикуляциялық
1
мүмкиншиликлерин, 
сеслик қубылыслардың тәбиятын, сеслерди пайда етиўдиң улыўмалық 
жағдайын, сеслердиң өзгериўиниң ҳәм дизбеклесиўиниң улыўмалық нызамлы-
лығын, сеслерди классификациялаўдың жолларын ҳәм т.б. мәселелерди изерт-
лейди. Улыўма фонетика көпшилик дүнья тиллериниң материалларына сүйене-
ди. Сонлықтан улыўма фонетика жеке фонетика менен тығыз байланыслы бо-
лады. Жеке фонетика сеслик қубылысларды тилдиң раўажланыўының ҳәзирги
қәлпиндеги жағдайында сыпатлаўы мүмкин. Сондай-ақ тил сеслериниң белгили 
дәўир даўамында раўажланыў, өзгериске ушыраў себеплерин ҳәм басқа 
туўысқан тиллер менен байланысын салыстырып изертлеў мүмкин. Сонлықтан 
жеке фонетиканың өзи тарийхый фонетика, салыстырма фонетика ҳәм сы-
патлама фонетика сыяқлы тараўлардан турады.
Ҳәзирги қарақалпақ тилинде жумсалып жүрген сеслер айтылыўы жағынан 
да, атқаратуғын хызмети жағынан да, сеслик қурылысы жағынан да әййемги 
турысынан тап ҳәзирге шекем ҳеш өзгериссиз сол қәлпинде әўладтан-әўладқа 
өтип келген емес. Керисинше, тарийхый ўақытлар өтиў менен айырым сеслер-
диң түсип қалыў, айырым сеслердиң жаңадан пайда болыў қубылыслары 
1
Артикуляция - латынша артикуларе «бөлек-бөлек айтыў» деген сөзден жасалған.



нәтийжесинде тилдиң сеслик қурамы раўажланып келген. Тилдиң сеслик қуры-
лысының ҳәр түрли тарийхый дәўирлерде раўажланып, өзгерислерге ушыраўын 
ҳәм ол өзгерислердиң себебин тарийхый фонетика изертлейди. 
Бул тилдиң сеслик қубылыслары сол тилдеги жақын, туўысқан болған басқа 
тилдиң сеслик қубылыслары менен салыстырыла отырып үйренилсе, олар орта-
сындағы улыўма ҳәм айырмашылық белгилери анықланады. Бул айырым тил-
диң бир семьяға киретуғын басқа тиллерден өзгешелигин ҳәм усаслық тәрепле-
рин ашыўда үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ өз-ара усамайтуғын ҳәр түрли се-
мьяға киретуғын тиллердиң сеслик системасын салыстыра отырып, ол тиллер-
диң нызамлы айырмашылықларын көриў мүмкин. Тиллерди салыстыра отырып 
үйрениў, ана тилинен шет тилиниң өзгешеликлерин саналы түрде өзлестириў 
басқа тиллерди дурыс ҳәм тез үйрениўге себепши болады. Салыстырма фоне-
тика-фонетиканың айрықша бир тилдиң сеслерин басқа тиллердиң сеслери ме-
нен салыстыра отырып изертлейтуғын тараўы. Салыстырма фонетика мудамы 
тарийхый фонетика менен тығыз байланыста болады.
Сыпатлама фонетика тилдиң раўажланыўының ҳәзирги өмир сүрип турған 
дәўириндеги сеслик қурылысын, ондағы фонемалар системасын, фонемалардың 
ишки өз ара байланысын анықлайды. Тилдиң фонемалық қурылысын 
анықлаўда фонемалардың тарийхый шығысы ҳәм раўажланыўы да есапқа алы-
нады. Сыпатлама фонетикада сеслердиң өзгериў ҳәм раўажланыў тарийхы 
ҳәзирги тилдиң фонетикалық системасын анықлаўдың қосымша қуралы ретин-
де пайдаланылады. Бундай бағдардағы фонетикалық изертлеўди соңғы дәўирде 
фонология
1
деп атайды.
Сыпатлама фонетика сеслердиң физиологиялық-артикуляциялық, физика-
лық-акустикалық ҳәм лингвистикалық тәреплерин изертлейди. Сеслердиң жа-
салыўында сөйлеў ағзаларының атқаратуғын хызмети (гейде бул физиологи-
ялық фонетика деп те жүргизиледи), қандай сеслердиң еситиў ағзаларында 
қандай тәсир қалдыратуғынлығы (сеслердиң акустикалық тәрепи), сөзлердиң 
мәнисин ҳәм формасын айырыўда жеке сеслердиң қандай хызмет атқара-
туғынлығы сыяқлы мәселелер усы сыпатлама фонетикада изертленеди. Булар-
дың ишинде сеслердиң мәни ҳәм форма айырыўшылық хызмети, яғный қатнас 
жасаў қуралы ретинде жумсалатуғын тәрепи баслы әҳмийетке ийе болады. 
Сеслердиң усы семантикалық тәрепи фонетиканы жәмийетлик илим болған 
лингвистикаға киргизеди. Солай етип изертлеў жумысының мақсети ҳәм усы-
лына қарай фонетика бир жағынан улыўма фонетика ҳәм жеке фонетика болып 
бөлинсе, екинши жағынан сыпатлама фонетика, тарийхый фонетика ҳәм салы-
стырма фонетика болып бөлинеди. Бул мийнетте ҳәзирги заман қарақалпақ 
әдебий тилиниң сыпатлама фонетикасы ҳаққында сөз етиледи.

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling