Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet3/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
 
§2. Фонетиканың әҳмийети ҳәм тил билиминиң басқа тараўлары менен 
байланысы 
Сөзлерди грамматикалық байланысқа түсирип, гәп қураў арқалы адам өз 
ой-пикирин билдиреди. Сөз ҳәм гәп мәни билдиретуғын тил бирликлери бола-
ды. Сес жеке турып семанsтикалық мәни билдире алмайды, бирақ сөзлердиң 
өзи сеслерден қуралады. Сонлықтан сөз ҳәм гәп пенен сеслерди бир қатарға 
қойып, олардың үшеўин теңдей қатнастағы тил бирликлери деўге болмайды. 
Тил бирликлери ортасында сеслердиң тутқан орнын белгилеўде, әсиресе, проф. 
Л.Р. Зиндердиң мына пикири итибарға ылайық: «Тилде традициялық түсиник 
болған ҳәр қыйлы үш элемент бир-биринен айырылып турады: сеслер, грамма-
тика ҳәм сөзлик деген пикир қайта қараўды талап қылады. Сеслик тәрепи бул 
тилдиң үшинши бир элементи емес, ал сөзлердиң ҳәм грамматикалық усыллар-
дың жасаўының зәрүрли формасы. Сөзлик ҳәм грамматикалық қурылыс тилдиң 
мазмунын қураса, ал сеслик тәрепи тилдиң материаллық негизин, оның физика-
лық формасын қурайды десек болады.

Солай етип сеслер сөзлердиң, граммати-
калық формалардың, улыўма тилдиң өмир сүриўин тәмийин етиўши ең зәрүрли 
тил бирлиги болып саналады.
Фонетика әмелий жақтан да үлкен әҳмийетке ийе болады. Мектеплерде 
саўатлылыққа үйретиў - дурыс оқытыў, дурыс жаздырыў методикасының көп 
ғана мәселелери фонетикаға байланыслы шешиледи. Тилдиң аўызша ҳәм жазба 
тәреплериниң өз-ара байланысы менен айырмашылықларын есапқа алыў 
оқыўшыларды саўатлылыққа үйретиў үлкен әҳмийетке ийе болады.
Бурын жазыўы болмаған халықлардың әлипбеси менен жазыўын дөретиў, 
бурын жазыўы бар халықлардың жазыўын тағы да жетилистириў сыяқлы әме-
лий жақтан үлкен әҳмийетке ийе болған мәселелер фонетикаға тийкарлана оты-
рып шешиледи. Тилдиң аўызеки сөйлеў қәделерин толық билгенде ғана көпши-
ликке арналған баянатларды, радио хабарларын дурыс оқыў мүмкин. Әдебий 
1
1
Зиндер Л.Р. Общая фонетика. Л., 1960, 8-бет.



тилдиң имла қәделерин белгилеў болса, фонетиканың әмелий жақтан баслы 
мәселелериниң бири болып есапланады.
Фонетика, лексикология, морфология, синтаксис ҳәзирги қарақалпақ тил 
билиминиң бөлек-бөлек тараўлары болып, олар бир-биринен үлкен өзиншелик 
өзгешеликлерине, кескин айырмашылықларына ийе болыў менен бир қатарда 
өз-ара тығыз байланыслы да болады. Өйткени бул тараўлардың бәриниң де 
изертлейтуғын бирден-бир объекти - ҳәзирги жанлы қарақалпақ әдебий тили. 
Ҳәзирги қарақалпақ тил билиминиң жоқарыда көрсетилген ҳәр бир тараўы 
қарақалпақ тилиниң белгили бир тәрепин жан-жақлы терең изертлейди. Бул 
изертлеўде тутас тилдиң басқа тәреплери де нәзерден сыртта қалмаўы тийис.
Лексикология, морфология ҳәм синтаксисте тилдиң физикалық (сеслик) 
тәрепине айрықша итибар берилместен-ақ, оның мәни аңлатыўшылық тәрепи 
нәзерде тутылады; бул тараўлардың изертлеў объекти тилдиң дара турғанда 
мәни билдиретуғын бирликлери - сөз, сөз дизбеги, гәплер болады. Фонетика 
бул тараўлар ортасында айрықша орын тутады. Өйткени фонетиканың изертлеў 
объекти болған сес өз-өзинен семантикалық мәни билдирмейди. Ал сеслер 
сөзлерде жумсалып, сөзлердиң мәнисин ҳәм формасын өзгертиўге тиккелей 
қатнасады. Сонлықтан фонетика тилдиң социаллық тәрепи менен бир қатарда 
оның физикалық - акустикалық жағын да изертлейди. 
Фонетика өз алдына илим сыпатында грамматикаға да, лексикологияға да 
қарама-қарсы қойылатуғын тилдиң айрықша тараўы екенлигине көпшилик 
илимпазлар өз ўақтында үлкен дыққат аўдарған еди. Соның менен бирге фоне-
тика лексикология, морфология ҳәм синтаксис пенен тығыз байланыслы бола-
ды. Фонетиканың лексикология менен байланыслы екенлиги сонда - лексиколо-
гияның негизги изертлеў объекти болған сөзлер бир-биринен сеслер арқалы, 
сеслик өзгешеликлери арқалы айырылып турады. Тек тилдеги омоним сөзлер 
ғана сеслик өзгешеликлерисиз-ақ ҳәр түрли мәни билдиреди. Мысалы : тал-
атлық сөз мәнисинде, тал-фейил сөз мәнисинде: ат-атлық, ат-фейил мәнисинде 
ҳәм т.б. Сөзлердиң сеслерден қуралатуғынының өзи фонетика менен лексико-
логияның байланыслы екенлигин көрсетеди.
Фонетика морфология менен байланыслы болады. Сөзлерге ҳәр қыйлы 
морфологиялық формалар қосылыў арқалы сеслердиң өзгериўлери, алмасыўла-
ры, түбирдиң соңғы буўынының жуўан я жиңишкелигине қарай қосымталар-
дың жуўан, жиңишке болып келиўи ҳәм тағы басқалар фонетика менен морфо-
логияның тығыз байланыслы екенин көрсетеди: Мысалы: китап-китабы, ша-

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling