Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet12/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
4-
сүўрет 
Кесесине кесилген бастағы сөйлеў ағзалары 
Ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары: 
1-еринлер; 2-тилдиң алдығңы бөлими; 3-тилдиң ортаңғы бөлими; 4-тилдиң 
артқы бөлими; 5-тилдиң түби; 6-кишкене тил; 7-жумсақ таңлай; 8-
жутқыншақтың артқы дийўалы. 
Ҳәрекетсиз сөйлеў ағзалары: 
9-жоқары тислердиң алдыңғы шети; 10-жоқарғы тислердиң артқы шети; 
11-альвеол; 12-қатты таңлайдың алдыңғы бөлими; 13-таңлайдың ортасы; 
14-жумсақ таңлайдың алдыңғы бөлими; 15-жумсақ таңлайдың артқы бөлими. 
көлемин ҳәм формасын өзгертип туратуғын ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары тил, 
жумсақ таңлай менен қоса кишкене тил, еринлер болады. Олардың ҳәрекети 


18 
нәтийжесинде ҳаўа ағымына тосқынлық жасалып, даўыссыз сеслерге тән 
болған шаўқым пайда етилиўи ямаса аўыз бослығының көлемин ҳәм формасын 
өзгертиў арқалы анаў я мынаў даўыслы сеске тән болған тембр пайда етилиўи 
мүмкин. 
Аўыз бослығында жайласқан сөйлеў ағзаларының ишинде тил ең ҳәрекет-
шең хызмет атқарады. Тил шәртли түрде тил ушы, тил арқасы ҳәм тил түби бо-
лып бөлинеди. Тил арқасының өзи тил алды, тил ортасы, тил арты болып бөли-
неди. Әлбетте физиологиялық жақтан бир тутас тилди булай етип бөлиў 
сеслерди топарларға бөлиўге қолайлы болғаны ушын фонетикада шәртли түрде 
қабыл етилген. Тутас тилдиң ямаса оның бөлиминиң алға, кейинге, жоқарыға, 
төменге қарай түрли ҳәрекет етиўи арқалы аўыз қуўыслығы ҳәр түрли формаға 
келеди. Сеслердиң бир-биринен айырмашылығы тилдиң ҳәр қыйлы ҳәрекети 
менен тығыз байланыслы.
Жаңғырық хызметин атқарыўшы аўыз бослығының алдыңғы шегарасы 
еринлер ямаса алдыңғы тислер болады. Еринлер, әсиресе төменги ерин, көбирек 
қозғалысқа келип, ол ҳәрекетшең хызмет атқарады. Гейпара даўыссыз сеслер 
төменги еринниң жоқарғы еринге толық тийиўи менен (б, п) я жақынласыўы 
менен (ў), төменги еринниң жоқарғы тислерге жақынласыўы менен (в,ф) өкпе-
ден шығып киятырған ҳаўа ағымына кедерги жасаўы арқалы айтылады. Даўыс-
лыларды айтқанда еринлер алға умтылып, дөңгелек саңлақ пайда етеди (бул 
жағдайда еринлик даўыслылар айтылады), ямаса еринлер әпиўайы ашылған 
қәлпинде бийтәреп турады (бундай жағдайда езиўлик даўыслылар айтылады). 
Жоқарғы ҳәм төменги тислер аўыз бослығының ҳәрекетке келмейтуғын ал-
дыңғы шегарасы болып хызмет етеди. Тилдиң алдыңғы бөлиминиң, еринниң 
тислерге тийиўи ямаса жақынласыўы арқалы даўыссыз сеслерге тән болған 
шаўқым пайда етиледи. Тислердиң түби бекип турған дөңислик альвеола
1
деп 
аталады. 
Таңлай жаңғырық хызметин атқарыўшы аўыз бослығының жоқарғы шегара-
сы болып хызмет етиў менен бирге ол аўыз ҳәм мурын бослықлары орта-
сындағы шегара болып та есапланады. Таңлай қатты таңлай ҳәм жумсақ 
таңлайдан турады. Қатты таңлайды алдыңғы таңлай, жумсақ таңлайды артқы 
таңлай деп те атайды. Артқы, яғный жумсақ таңлайдың даўамы кишкене тил 
болады. Жумсақ таңлай кишкене тил менен қоса төмен түсирилиўи арқалы аўыз 
жолы жабылады да, ҳаўа ағымы мурын жолы арқалы өтеди. Әдеттеги дем алыў 
ўақтында ҳәм мурынлық сеслерди айтқанда жумсақ таңлай төмен түсирилген 
ҳалда болады. Жумсақ таңлай мускулларының тартылып, жоқары көтерилиўи 
арқалы мурын жолы жабылып турады. Бундай жағдайда барлық аўызлық 
сеслер айтылады. Мурын бослығы мурынлық сеслерди айтқанда оларға қо-
сымша түр береди. Жумсақ таңлай түсиңки ҳалда турып, мурын жолын ашыў 
арқалы ҳаўа ағымы мурын бослығына келеди. Мурынлық сеслерди (м, н, ң
айтқанда музыкалық тонға ҳәм аўыз бослығында пайда болған шаўқымға қо-
сымша жаңғырық хызметин атқарыўшы мурын бослығы айрықша сеслик түр 
қосады.
1

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling