Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet27/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
 
 
 
 
9-
сүўрет. Даўыслы ө сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы (ө -үзик 
сызық) 


48 
Акустикалық жақтан [ө] даўыслысы еринлик, оның үстине еринлик [ү] се-
сине қарағанда да ашық фонема болғанлықтан тил ортасы даўыслы фонемалар-
дың ишинде ең төмен жийиликтеги екинши формантына ийе болады (1290-1510 
гц). Биринши формантының жийлиги бойынша орташа орынды ийелейди (320-
500 72): ашық даўыслылардан төмен, қысық даўыслылардан жоқары жийиликте 
болады (2-кестени ҳәм 11-сүўретти қараңыз). 
 
 
§ 21
. Даўыслы [а] фонемасының сыпатламасы.
Даўыслы [а] - тил арты, ашық, езиўлик фонема. Артикуляциялық жақтан 
тил арты даўыслыларының ҳәммесине ортақ жағдай - тутас тилдиң тулғасының 
кейин шегиниўи ҳәм тил артының белгили дәрежеде артқы (жумсақ) таңлайдың 
тусына көтерилиўи арқалы жасалады. Тутас тилдиң бундай жағдайында тил 
ушының кейин шегиниўи ҳәм тил түбиниң жутқыншақ дийўалына жақынла-
сыўы тәбийғый нәрсе. Тилдиң усындай қәлипте болыўы аўыз бослығының ал-
дыңғы бөлиминде үлкенирек, ал артқы бөлиминде киширек көлемдеги 
кеңликти пайда етеди. Берилген бул сыпатлама толығы менен [а] даўыслысы-
ның жасалыўына туўра келеди. Тил тутасы менен кейин шегинип, тил түбиниң 
жутқыншақ дийўалына жақынласыўы, тил артының көтерилиўи, тилдиң ал-
дыңғы бөлиминиң түсиңки ҳалда болыўы, жақтың кең ашылыўы арқалы [а] фо-
немасы жасалады. Еринлер ашық жағдайында болып, аўыз бослығының ал-
дыңғы шегарасы хызметин алдыңғы тислер атқарады (10-сүўрет). Бул фонема 
ең ашық ҳәм тил арты болғанлықтан, күтилгениндей-ақ, палатограммада ҳеш из 
қалдырмайды. Рентген сүўретинен көринип турғанындай-ақ тутас тил аўыз 
бослығының артқы бөлимине топланып, оның алдыңғы бөлиминде кең көлемди 
пайда еткен.

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling