Қарақалпақстан Республикасы Халық Билимлендириў Министрлиги Шымбай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 28-санлы улыўма


-2023-оқыў жылы 5-сентябрьде басланып окыу жылы басында 98 оқыўшы


Download 2.21 Mb.
bet2/2
Sana06.10.2023
Hajmi2.21 Mb.
#1694144
1   2
Bog'liq
28-мектеп 2022-жыл 9-айлык есабат (4)

2022-2023-оқыў жылы 5-сентябрьде басланып окыу жылы басында 98 оқыўшы болып соннан оқыў жылы даўамында оқыўшылардың келиў ҳәм кетиў ҳарекети менен ҳәзирги ўақытта 109 оқыўшы билим алмақта.
Педагогикалық кеңес қарары менен мектепте 5 Пән методикалық бирлеспелери шөлкемлестирилди ҳәм басшылары тайынланды. Сабақ жүклемелери КР ХБМ нин 164-санлы «Улыума орта билим бериу мектеплери ушын 2022-2023-окыу жылына молшерленген таяныш окыу жобаны тастыйклау хаккында» буйрығы ҳәм 3271-санлы қарар тийкарында пән оқытыўшыларының қәнигелигине сәйкес етип 100% талапқа жуўап беретуғын дәрежеде бөлистирилди ҳәм тастыйықланды.
Және де соны атап ѳтиў зәрүр педагог хызметкерлерди аттестациядан өткериў бойынша Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 17-сентябрдеги 572-санлы қарары қабыл етилди, бул қарарды кеңнен түсиндириў бойынша 4 мәрте семинарлар шөлкемлестирилди. Усы қарар тийкарында 2022-жыл август айларында болып өтетуғын аттестацияға қатнасыўшы муғаллимлердиң прогноз мағлыўматы бойынша 17 муғаллим жәми муғаллим-лер санынан 62,9 % дизими қәлиплестирилди.
Руўхыйлық ағартыўшылық ислери бойынша
13-янбарь куни Өзбекстан Республикасиниң Президенти Шавкат Мирзиеев 2020-жыл 29-декабрьдеги Олий Мажилисинде жолланған Муражатнамасының мазмуны ҳәм 2020-жыл 25-декабрь куни жаслар менен видеоселектор таризинде өткизилген «Өзбекстан жаслар форумында ҳәм жасларға берилип атырған имканятлар,женилликлер менен таныстырыў максетинде угит-насият жумыслары алып барылды. Ҳәр ҳаптениң жума куни мектеп окыўшы жаслар арасында «Заковат интеллектуал» ойыны шөлкемлестирилди. 14-Январь Өзбекстан Республикасы Кураллы кушлеринин дузилген күни ҳәм Ўатан қоргаўшылар байрамы мүнасибети менен «Мәртлер корғайды ўатанды»атамасында байрам кешеси өткерилди 9-10-11-класс окыўшы жаслар арасында спорттын Волейбол, шахмат, футбол женил атлетика түринен жарыс шөлкемлестирилди, женимпазлар мектеп тәрепинен диплом менен сыйлықланды. 30-янбарь күни Өзбекстан Республикасынын биринш Президенти Ислам Абдиганиевич Каримовтың 83-жыллығы мүнасабети менен Сиз ҳәмише қәлбимиздесиз атамасында кеше өткерилди.Мектебимиздин ҳукык пән муғаллими Д.Турдыбаев биринши Өзбекстан Республикасының биринши Президенти Ислам Абдиганиевич Каримов ҳаққында түсмник берди .1-Феврал күни мектебимизде Сабаклардың сапасы бойынша оқышылар арасында сораунамалар өткерилди. Қол жуўыу тазалықты сақлаў санитария –гигиена талапларына әмел кылыў мақсетинде таз қоллар акциясын ҳәр ҳәптениң 3-күни тазалық күни деп белгиленди. 12-февраль куни мектебимизде Нашебентликке қарсымыз»атамасында оқыўшылар арасында суўретлеў жарысы болып өткериледи. 16-февраль күни шебер қоллар таңлаўы болып өтти.26-февраль Камалак билимданлар таңлаўы өткериледи. 20-февраль мектеп сәрдарлар менен биргеликте аймағимыздағы Уатандарлык урыс жылларында тылда кызмет еткен апамиз Д.Палатбаеваның ҳал жағдайынан хабар алынды. 26-февраль мектебимиздиң класлар арасында Китапқумарлар жарысы өткерилди. 3-март Ең улгили сәрдарлар таңлаўы өткерилди.14-март Камалак жулдызлары мектеп баскышы өткерилди. 9-апрель күни оқыўшы жаслар менен биргеликте Өзбекстан ҳәм Каракалпакстан халық шайыры И.Юсуповтың уй музейине сайахатта болдык.17 -апрель куни 8-9-класлар арасында «Кәсиплер дунясы» атамасында таңлаўы өткерилди 29-апрель Спорттын Волебол ҳәм Футбол түринен жарыслар шөлкемлестирилди.11-май куни «Кәсибим-келешегим» атамасында түрлы кәсип ийелери менен ушырасыўлар өткерилди.22-май куни мектебимизде «Перзентиме китап сауға» етемен атамасында илаж өткерилди.25-май куни мектебимизде «Хош бол мектебим сәлем келешек»атамасында байрам кешеси өткерилди.
6 -сентябрь Ғәрезсизлик байрамы ҳәм таза окыў жылы көтеринки руўхта өткерилди.Уй тәлиминдеги Өтепбергенова Айсараға окыў кураллары тапсырылды. 7-сентябрь куни 2021-2022-окыў жылы ушын ис-режени тастыйклаттым ҳәм быйылғы жумысымды реже бойынша алып бардым. Ҳәр ҳәптениң жума куни «ЗАКОВАТ» интеллектуал дөгереги өткериледи.18-сентябрь класс сәрдарлары 4-7 класлардан 10-14 жастағы ҳәм 9-11-класлардан 10-16 жастағы Жаслар аўкамы басланғыш шөлкеми ҳәм Камалак балалар шөлкеми ағзалары болған окышылар класс сәрдарлары даўыс берыў жолы менен класс сәрдарлар бир жыл муддетде сайланды. 18-сентябрь География пән муғаллими К.Жоллыбеков 2021-жыл 18-сентябрь куни «Дуня жузлик тазалык кун» мунасебети менен 9-класс окыўшыларга «Азон кабығын корғаў»атамасында ашық сабақ шөлкемлестирилди.20-сентябрь куни қабылетли жасларды аныклаў ,олардың қабилетин жузеге шығарыў максетинде «Жас қалемкешлер» атамасында таңлаў шөлкемлестирилди. 25-сентябрь мектеп сәрдарлар кенеси 14 оқыўшыдан ибарат яғный 4-7 класдан 7-сәрдар 8-11-кластан 7 сәрдар сайланып алинды. 27-сентябрь кунлеры жаслар арасында саламат турмысты қалиплестириў, угит насиятлаў бойынша семинарлар өткерилди.28-сентябрь Хукыкбузарлык ҳәм жинаятшылыктын алдын алыў бойынша жыйналыс өткерилди.30 сентябрь куны 1-октябрь Устазлар байрамы мектебимизде котеринки руўхта өткерилди.20- сентябрь куны 1-октябрь Устазлар кунине арнап спорттың «Волейбол» туринен жарыс болып өтти. 2- октябр куны Саламат турмыс тәризин дузиў махсетинде окыушыларға тусиндириў жумыслары алып барылды. 8- октябр куни «Тафаккур синовлари интеллектуал» ойынлары Министрлер кубоги турнерин мектеп баскышы котеринки руўхта өткерилди.14-октябрь куни «Кәсибим мактанышым» атамасында суўретлеў таңлаўы өткерилди. 16 -октябрь куни «Менин шанарағым сайлаўда» атамасында суўретлеў таңлаўы өткерилди. 19- октябр куни «Кекселер ҳәптелиги»не арнап өткерилген кеше мунәсебети менен нураний устаз атамыз Д.Наубетов ҳал жағдайынан хабар алынды. 15-ноябрь Шанаракта ата-ананың рули, Ерте турмистың алдын алыў, Жасларды ҳәм жас өспиримлерди тураклы турде сабакка катнастырыў ҳаккында мектеп окыушылардың ата-аналар жыйналысы болып отти. 18-ноябрь куны Өзбекстан Республикаси мәмлекетлик байрағының 32 жыл толыўы мунасебети менен байрам кешеси откерилди. 19-ноябрь Өзбекстан Республикаси мамлекетлик байрагинин қғ жыл толыуы мунәсебети менен «Байрағым мактанышым» атамасында суўретлер танлаўы өткерилди. 20-ноябрь куни «Кәсибим мактанышым» атамасында суўретлер танлаўы өткерилди. қ-декабрь нагиранлар куни мунәсебети менен уй тәлиминде окыйтуғын Кеунимжаев Шахзод ниң уйине барып ҳал жағдайынан хабар алынды ҳәм мектеп жамәәти тәрепинен шәлкемлестирилген саўгалар тапсырылды.
Мектепте әмелге асырылатуғын руўхый, әдеп-икрамлылық тәрбия ҳәм ўатансүйиўшилик бағдарларындағы тийкарғы ўазыйпалары ҳәм әмелге асырылған жумыслар төмендегилерден ибарат. 28-санлы мектепте Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтын жасларга ҳәм пүткил Өзбекстан халкына муражаатнамасын жаслар арасында үйренип шығылды.
Сондайақ 14-январь Ўатан қорғаўшылар кўнине арнап мектебимизде кеше өткерилди ҳәм шахмат футбол жеңил атлетика түринен оқыўшылар арасында жарыс өткерилди. Соңынан жарыс женимпазлары мактаў жарлықлары менен сыйлықланды Мектебимизде ҳәптенин ҳәр пийшембиси Профилактика күниболыпонда профилактика инспекторлары менен биргеликте ҳуқық бузарлық ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша көплеген илаж ҳәм мәжилислер өткерилип оған Қостерек АПЖ ақсақалыА.Сейданов Профаликтика инспекторы Р.Маулекеевлер келип тәлим-тәрбия ҳәм оқыўшылар катнасы ҳаққында өз ара сәубетлести. Сәубет даўамында оқыўшылар өзлери қызыққан сораўларға жуўапларалды.
30-январь Өзбекстан Республикасы биринши Президенти И.А.Каримовтың 83-жыллыгы мектебимизде белгиленди.
Мектебимизде ҳәр сәршемби тазалық күни деп белгиленип бул таза коллар илажы бойынша көплеген илажлар исленди 12-февраль күнимекте бимизде «Бизнәше бентликкеқарсымыз» атлы кеше өткерилди. Мектебимизде сабақлардың сапасы бойынша сораўнама өткерилди.
Мектебимизде ҳәр қыйлы дөгереклер ислеп жәми 101 оқыўшы дөгереклерге тартылған.


Директор: Д.Табынбаева


Ҳәр қыйлы байрам илажлары өткерилип бунда оқыўшылар белсендилик пенен қатнасып киятыр
Download 2.21 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling