Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Әмирлан


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet19/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

38
www.ziyouz.com kutubxonasi


Әмирлан
Сейдин
1972
Сейдин Әмирлан 1972-жылы 23-майда Бухара ўәлаяты Там- 
ды районынын Шийели мәканында туўылған. 1988-жылы 
Аккабақ аўылындағы 11-санлы Бердақ атындағы орта мектеп- 
ти питкерип, сол жылы Санкт-Петербург қаласындағы 101- 
санлы кәсип-техникалық билим журтында тәлим алады.
1990-95-жыллары Нөкис мәмлекетлик университегинин 
филология факультетин окып питкергеннен сон, мийнег жо- 
лын өзи билим алған университеттин филология факульте- 
тинде оқытыўшы болып ислеўден баслайДы хәм сол жерде 
аспирантура курсын оқып тамамлайды. Ҳәзирги ўакытта Н. 
Дәўкараев атындағы Тил ҳәм әдебият институтында илимий 
хызметкер болып ислейди.
С.Әмирлан студентлик ўақтынан баслап-ақ өз изертлеўин 
баслаған. Онын “Таўелибай тарийхынан тамтум сыр”(1993). 
Сондай-ақ, тарийхый тулға Буқыш бий хаққында “Дала ди- 
лўары”(1997) китабы ҳәм өзи топлаған материаллары тийка- 
рында “ Қарақалпақхалықәпсаналары” (2000), “Мөлдир бу- 
лақ”(2003) атамасындағы китапшалары басылып шықты.
С.Әмирлан Уллыбританиядағы Кембридж Биографиялык 
Орайы тәрепинен “2001 жыл зиялысы” ҳәм 2001-жыл “Қара- 
калпақстан халык билимлендириў ағласы” деген ҳүрметли атақ- 
ларға миясар болды.
Ол 1997-жылдан Жазыўшылар ҳәм Журналистлер аўқамы- 
ньщ ағзасы.
39
www.ziyouz.com kutubxonasi


Әўезов
Қасым
1897-1938
Кдсым Әўезов—белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик 
искер шайыр ҳәм дәслепки драматурглердин бири.
Ол 1897-жылы Шымбай волостынын (хәзирги районы- 
нын) аймағында (ҳәзирги Кдсым Әўезов атындағы ижара хо- 
жалығы) туўылған. Сол жердеги атақлы Мактым ахун медре- 
сесинде окып билим алады. Күн көристин кыйыншылығына 
байланыслы 1915-16-жыллары Шорахандағы байлардын еси- 
гинде жалланып жумыс ислеген. Дәслеп аўыллык кенестин 
хаткери (1921-жылға шекем) болып хызмет иследи.
1921-жылы Төрткүлдеги қысқа мүддеттеги муғаллимлер 
таярлайтуғын курсты питкерип, 1922-жылы Шымбайдағы 
мектеп-интернаттын шөлкемлестириўшиси, сон баслығы 
болды, сол жерде муғаллимшилик етти, 1922-23-жыллары 
Самарқандтағы партия мектебинде оқыды. Шымбайда уезд- 
лик билимлендириў бөлимин баскарды. 1923-жылы Таш- 
кенттеги ОргаАзия университетине киреди, оны питкерип 
шығыўға мүмкиншилик болмайды. 1924-25-жыллары Кара- 
қалпақстан автономиялы областы халық билимлендириў бөли- 
мининбаслығы лаўазымында иследи. Усы жыллары К-Әўе- 
зов Кдрақалпакстан автономиялы областында шөлкемпести- 
риў бюросынын ағзасы болып сайланады ҳәм 1925-жылы 
июнь айынла областьлық Аткарыў комитегинин баслығы 
болып тайынланады.
К. Әўезов 1929-жылы Казақстан Орайлық Атқарыў Ко- 
митети баслығынынорынбасары, сонын менен бирге Ишки 
ислерхалық комиссары хызметин атқарады. 1930-32-жылла- 
ры Москвада Россия Федеративдик Республикасында Кара- 
калпақстан ҳүкиметинин гураклы елшиси лаўазымында 
ислсди. 1931-жылы 29-июльде Кдракалпақстан Областьлык
40
www.ziyouz.com kutubxonasi


партия комитетиниц екинши секретары болып тайынла- 
нады. 1932-жылы Қарақалпақстаннын Автономиялы Рес- 
публика болып өзгериўине байланыслы Қ.Әўезов Қаракал- 
пақстан Халық Комиссарлар Кецесинин баслығы болып сай- 
ланады. Ал, 1935-36-жыллары тағыда РСФСРда Қарақалпақ- 
стан хүкиметинин тураклы елшиси хызметине аўысады.
1936-37-жыллары Қарақалпақстан Халық Комиссарлар Кене- 
си жанындағы көркем өнер басқармасынын баслығы лаўазы- 
мындаболды. Қ.Әўезов 1938-жылы репрессияға ушырап қай- 
тыс болды.
Қ.Әўезов 1932-жылы шөлкемлестирилген жазыўшылардын 
биринши шөлкемлестириў бюросынын хәм 1934-жылы уй- 
ымласкдн Қаракалпақстан Жазыўшьшар аўкамынын хүрметли 
баслығы болып сайланды.
Онын “Тилек жолында” пьесасы 1926-жылы жазылды 
хәм сахнаға қойылды. Ол Мольердин “Скапеннин хийле- 
си” пьесасын аўдарған. 1967-жылы Қ.Әўезовтын “Шығар- 
малары ҳәм аўдармалары” басылып шықты. 1987-жылы 
бул топлам екинши мәртебе толықтырылып басылды.
Қ.Әўезов 1934-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling