Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet2/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

Аббазов
Сағыйдулла
1930-1990
Сағыйдулла Аббазов—балалар шайыры. С. Аббазов 1930-жыпы 
5-майда Тахтакөпир районында белгили халык шайыры А. Да- 
быловтын шанарағында туўьшған. Ол 1947-жылы Төрткүлде- 
ги аўыл хожалық техникумын питкерип Қаракалпақ мәмле- 
кетлик пединститутынын қаракалпақтили ҳәм әдебияты бөли- 
мине оқыўға киреди ҳәм оны 1952-жылы тамамлайды. С.А6- 
базов 1952-1957-жыллары “Жас Ленинши” газетасывда көркем 
әдебият бөлимин баскарады. Сонынан (1958-1964) “Жеткин- 
шек” газетасынын жуўаплы хаткери, (1964-66) Ташкентте™ 
жокары партия мектебинде оқыйды, 1966-1976-жыллары “Кдра- 
калпақстан” баспасында көркем әдебият бөлиминин баслығы, 
бас редактор (1966-1976) лаўазымларында иследи. 1976-1985- 
жыллары Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радио еситтириў 
Қомитетинде аға редактор, бас редактор, Комитет баслығы- 
нын орынбасары, 1985-жылдан өмиринин ақырына шекем 
“Қарақалпақстан” баспасынын бас редакторы болды.
С.Аббазовтын дәслепки шығармалары 50-жыллардан бас- 
лап баспа сөзде көринди. Ол балалар ҳәм жас өспиримлер ушын 
көп ғана шығармалар дөретти. Онын “Сырлы альбом” (1962), 
“Менин иним” (1964), “Кел, бәҳәрим!” (1967), “Қуслар кай- 
тып келеди екен” (1968), “Мектепте де, үйде де” (1977), “Мек- 
тепте байрам” (1987) сыяклы топламлары ҳәм танламалы шы- 
ғармаларынан ибарат бир томлығы жарық көрди.
С.Аббазов К. Чуковский, С. Михалков, А. Барто, К, Мухам- 
мадий, Г.Георгиевтин бир қатар шығармаларын қаракалпақ 
тилине аўдарды. Шайырдын “Тимуровцы Арала” (1976) де- 
ген китабы рус тилинде де басылып шықты. Оныц бир қатар 
шығармалары баска тиллерге де аўдарылған, намаға түсирил- 
ген қосықлары да бар.
С.Аббазов 1982-жылдан Жазыўшылар аўкамыныц ағзасы.
3
www.ziyouz.com kutubxonasi



Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling