Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары
www.ziyouz.com kutubxonasi Айымбетов
Download 5.91 Mb. Pdf ko'rish
|
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)
13
www.ziyouz.com kutubxonasi Айымбетов Ҳикметулла 1948 Ҳикметулла Айымбетов — шайыр хәм жазыўшы. Ҳ. Айымбетов 1948-жылы 2-сентябрьде Тахтакөпир районында, Тахтакөпир аўылында туўылған. Ол 1972-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалык институтын табыслы питкергеннен соқ “Жеткиншек” га- зетасында, “Әмиўдәрья” журналында, Қарақалпақстан теле- видение-радио еситтириўлери комитетинде ислейди. 1991-жылдан “Әрман” әдебий газетасыньщ редакторы лаўазымын атқарады. 2003-2005-жыллары Әжинияз атындағы Нөкис мәмле- кетлик педагогикалык институтында қарақалпақ тили оқы- тыўшысы болып иследи. Ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыста ҳәм дөретиўши- лик ислер менен шуғылланып атыр. Ҳ. Айымбетовтын “Жалғыз терек”(1976), “Тынланыз- лар” (1985), “Үлкен шанарақ” (1991), “Ақ қағаз” (1993) поэзиялық китаплары, “Қарабуўра” (1998), “Тахтакөпир уллы дәрбент үстинде”(2007) романлары басылып шықты. Ол Пушкин, Лермонтов, Маяковский ( “Жақсы” 1983) рус халқынын “Игорь атланыслары ҳаққында дәстан” шығармаларын, Ә.Сүйиннин қосықпартопламын аўдарып өз алдына баспадан шығарды. Ҳ. Айымбетов 1991-жылдан Жазыўшылар аўкамынын ағзасы. 14 www.ziyouz.com kutubxonasi Ақназаров Ахмет 1948 Ахмет Ақназаров— жазыўшы, шайыр ҳәм дилмаш. А. Ақназаров 1948-жылы 1-сентябрьде Төрткүл районын- да туўылған. Орта мектепти питкергеннен баслап баспасөз тараўында ислеп, әдебий дөретиўшилик пенен шуғылланып киятыр. А. Ақназаров қарақалпак ҳәм өзбек тиллеринде жазады. Ол “Шоколады қәнекей?”, “Диафильм операциясы”, “Дип- ломаттағы купыя”, “Бала менен ылақ”, “Алтын тенге”, “Шай- таннын шатағы” атлы юморлық қосықлар, ертеклер, гүррин- лер, повестьлерден ибарат онға жакын китаптық авторы. Сондай-ақ, жазыўшы Т.Қайыпбергеновтыц “Қарақалпақ- пан, тәўекелшимен” китабын, көрнекли сатирик М.Нызанов- тыц “Адам күлдиргени ушын” повестин ҳәм белгили қара- қалпақ сатириклери С.Жумағулов, К.Ерназаров, А.Султанов, К.Әметов ҳәм тағы баскалардын юморлық гүрриндерин өзбек тилине, ал, айырым өзбек, казак, түркмен, рус сатириклеринин шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарған. Ол 2001-жылдан Қарақалпақстан Жазыўшылар аўкамы- нын әдебий мәсләҳәтшиси, «Әдебият» қорыныц баслығы, 2004- жылдан жуўаплы хаткери ҳәм “Муштум” журналынын рес- публикамыздағы арнаўлы хабаршысы болып иследи. Ҳәзир Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы жанындағы «Дөретиў- шилик» корыньщ аткарыўшы директоры. А. Ақназаров 2002-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. Download 5.91 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling