Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Аллаяров


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet9/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

15
www.ziyouz.com kutubxonasi


Аллаяров
Султамурат
1936-1996
Султамурат Аллаяров— сыншы ҳәм әдебият изертлеўшиси.
Ол 1936-жылы Кегейли районынын Халкабад аўылын- 
да туўылған. Орта мектепти тамамлағаннан соц, 1959- 
жылы Карақалпак мәмлекетлик педагогикалык инсти- 
тутынын рустилиҳәм әдебияты бөлимин питкерди. 1980- 
жылға шекем Н.Дәўкараев атындағы Тил ҳәм әдебият ин- 
ститутында илимий хызметкер лаўазымында иследи.
С. Аллаяров 1966-1969-жыллар аралығында аспиран- 
турада окыды, 1971-жылы “ Мырзағалий Дәрибаевтын дөре- 
тиўшилик жолы” деген темада кандидатлық диссертания- 
сын жаклады. 1980-жылдан баслап ол Нөкис мәмлекетлик 
университетинде аға окытыўшы, 1990-жылдан Нөкис 
мәмлекетлик педагогикалык институтында кафедра бас- 
лығы лаўазымында иследи.
Онын дәслепки илимий сын мақалалары 60-жыллар- 
дын басларында жарык көрди. С. Аллаяровтын “Мырзаға- 
лий Дәрибаевтын творчествосы” атлы монографиясы 1978- 
жылы баспадан шыкты. Ол “Қарақалпақ совет әдебияты та- 
рийхынын очерклери” (1968) ҳәм “ История каракалпак- 
ской советской литературы” (1981) сыякды китаплардын 
авторларынын бири.
С. Аллаяров Өзбекстан Республикасы Беруний атында- 
ғы мәмлекетлик сыйлығынын лауреаты.
Ол 1979-жылдан Жазыўшылар аўкамынын ағзасы.
16
www.ziyouz.com kutubxonasi


Алланазаров
Төреш
1916-2000
Төреш А л л а н аза р о в —р еж и ссёр хәм драм агурги я 
изертлеўшиси.
Т.Алланазаров 1916-жылы Қонырат районынын Соркөл 
аўылында туўылған. Дәслеп ески мектепте, соч жана 
мектепте оқыған, 1933- жылы Төрткүлдеги педтехникумды 
питкерип, Кегейлиде муғаллим болып ислейди.
Т. Алланазаров 1934-39-жыллары Москвадағы Луначар- 
ский атындағы мәмлекетлик театр өнери институтыида би- 
лим алады. 1945- жылға шекем қарақалпак мәмлекетлик те- 
атрында актёр хәм режиссёр,1951-жылы Ташкенттеги театр 
институтынын режиссёрлык факультетин питкерип ке- 
лип, республикадағы мәмлекетлик театрда бас режиссёр бо- 
лып ислейди.
Ол 1959-1965-жыллары Н. Дәўкараев атындағы Тил хәм 
әдебият институтында көркем-өнер бөлимин баскарса, 1965- 
1967-жыллары республиканын мәденият министри, сон 
Ташкент мәмлекетлик мәденият институтында кафедра 
менгериўшиси (1974-1983), 1983-жылдан баслап Н.Дәўқа- 
раев атындағы Тил ҳәм әдебият институтында илимий хыз- 
меткер ўазыйпасын аткарды.
Т.Алланазаров әдебий дөретиўшилик пенен 1939-жыл- 
Дан баслап шуғылланған. Ол Ж. Аймурзаев пенен бирге 
“Рәўшан” ( 1956), А. Бегимов пенен бирликте “ Ғәрип 
ашық ” пьесаларын дөретти хәм сахналастырды. Ол М. 
Горькийдин “Душпанлар”, “Васса Железнова”, А. Кдххар- 
Дын “Жана жер”, И. Франконын “Урланған бахыт”, Мо- 
льердин “Тартюф” , Ғ. Мүсиреповтын “Кыз жипек” 
пьесаларын аўдарған.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling