Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet3/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

Абдусадықов
Ҳайытбай
1957
Ҳайытбай Абдусадыков — шайыр.
Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласындатуўылған.
Орта мектепти питкергеннен сон дәслеп Тақыятас кала- 
сындағы кәсип-өнер училищесин, кейин Ташкент аўыл хо- 
жалык техникумын тамамлайды.
Мийнетжолын Хожели районындағы Ахунбабаев атында- 
ғы фермер хожалығында агроном болып ислеўден баслайды.
1990-жылы Ташкент Мәмлекетлик Университетинин 
журналистика факультетинин сыртқы бөлимин питкерип1 
шығады. 1980-жыллардан баслап баспасөз тараўында хызмет 
атқарады.
Шайырдьщ қосықлары сексенинши жыллардан баслап 
Нөкис ҳәм Ташкенттеги газета-журналларда көрине бас- 
лады.
“Мени кашф этинг” (1984), “Ёруғлик истаги”(1990), “Хо- 
жели — Хожа-эли” (1997), “Аслим, Аслим Хўжа эли” (2005) 
китаплары басылып шыкты.
Ҳ. Абдусадықов 1991-жылдан Жазыўшылар аўқамынын 
ағзасы.
4
www.ziyouz.com kutubxonasi


Айжанов
Өтеген
1925-1960
Өтеген Айжанов — жазыўшы.
Ө. Айжановтын дөретиўшилиги Мойнақ балықшылары- 
нын турмысы менен тығыз байланыслы.
Онын дөретпелеринде Арал балықшыларынын өмири 
өзинин көркем сәўлелениўин тапты.
Өтеген Айжанов 1925-жылы 25-январьда М ойнақрайо- 
нынын 10-аўыл кенесинде туўылған.
1943-1944-жыллары екинши жәҳән урысына қатнасты, 
аўыр жарадар болды, сон аўылда муғаллим болып иследи. 
1950-жылы Ташкенттеги юридикалық мектепти тамамлап, 
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кенесинде хыз- 
мет атқарады (1950-1952), социалык тәмийнат министрли- 
гинде аға инспектор болды (1952-1954).
Ө.Айжановтын “Толкын” атлы биринши гүррини 1950- 
жылы “Кызыл Карақалпақстан” газетасында дағазаланды, 
биринши топламы “ Балықшы жигит” деген ат пенен 1955- 
жылы жарыққа шықты. “ Намыс” атлы повести 1960-жылы 
басыдды.
Оны көпшиликке танытқан “Арал қушағында” романы
(1958) болды. Роман 1975-жылы екинши мәртебе басылды. 
Бул шығарма қарақалпақ прозасынын тарийхында белгили 
кубылыс болды.
Автордын өзи қайтыс болғаннан сон “Устаз ҳәм шәкирт”
(1969)деген повести жарыққа шықты.
Ө. Айжанов 1959-жылдан Жазыўшылар аўкамынын ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling