Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары
www.ziyouz.com kutubxonasi Дәўқараев
Download 5.91 Mb. Pdf ko'rish
|
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)
58
www.ziyouz.com kutubxonasi Дәўқараев Нәжим 1905-1953 Нәжим Дәўкараев—жазыўшы ҳәм драматург, қарақалпак әдебияттаныў илиминин тийкарын салыўшы. Н. Дәўқараев 1905-жылы Қонырат районынын “Соркөл” елатында (ҳәзирги Мойнақ районы, Мойнақ хожалығы) ту- ўылған. Ол усы жерде дәслеп ески мектепте, медреседе, соны- нан жана ашылған баслаўыш мектепте оқып билим алады, 1924-1925-жыллары Оренбург қаласында педагогикалық ин- ституттын таярлық курсында оқыйды. 1925-жылы Қаракал- пакстанға қайтыгг келип, дәслеп Қонырат округлик атқарыў комитетинде инструкгор, сонынан Төргкүл қаласында област- лык судта практикант болып хызмет етеди. 1926-1930-жылла- ры Алма-Ата қаласындағы халықағартыў институтынын аг- робиологиялықбөлиминде оқыйды. 1928-1932-жыллары Орен- бург пединститутынын қазақтилиҳәм әдебияты факульте- тинде де оқып, бирден еки институтты питкерип шығады. Н. Дәўқараев 1930-1934-жыллары Алма-Ата, Қостанай кала- ларындағы педагогикалық техникумларында, 1929-1932-жыл- лары Урал педагогикалық институтында қазақ тили ҳәм әдебияты пәни бойынша оқытыўшы болып ислейди. 1934- жылы Н. Дәўкараевты Қарақалпақстан ҳүкимети басшылары шақырып алады ҳәм Қарақалпақстан муғаллимлер институ- тыныц қарақалпақтили ҳәм әдебияты кафедрасынын бас- лығы болып ислейди. Ол Қарақалпақстан Республикасы халық Билимлендириў Комиссариатында инспектор-методист лаўазымын қоса атқарады. 1939- жылы Кдрақалпақстан жазыўшыларынын II съездинде Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы басқармасынын жу- ўаплы хаткери болыи сайланады. 1942-1944-жыллары Қара- калпақстан Халық Комиссарлар Кенеси қасындағы көркем 59 www.ziyouz.com kutubxonasi өнер ислери бойынша баскарманын баслығы, К.С. Станис- лавский атындағы музыкалык драма театрынын директо- ры, 1944-жылы Қаракалпакстан Республикасы Министрлер Кенесинин касынан ашылған Тил хәм әдебият институ- тынын директоры (бул институт 1947-жылы Өзбекстан Илим- лер Академиясы экономика ҳәм мәденият институты бо- лып өзгерген) ҳәм өмиринин ақырына шекем педагогика- лык институтта карақалпак әдебияты кафедрасынын бас- лығы болып ислейди. Н.Дәўкараевтын студентликдәўиринде жазған “ Көп күн- лердин бири” гүррини 1929-жылы Адма -Ата каласындағы “Жана мектеп” журналында (№11,12) басылады. Жазыўшы- нын “Партизанлар” (1936), “Интернатта” (1934) “Тойға барғанды”, “Бағман”, “Бийбихан”, “Өлимди писент етпеўши- лер” хәм тағы басқа гүрринлери тек жазыўшынын емес, ал каракалпак прозасынындадәслепкп дөретпелери сыпатында белгили. Ол 1942- жылы “Алпамыс” драмасын жазды хәм пьеса театрда сахналастырылды. Аўдарма тараўында А. С. Пушкиннин “ Капитан кызы” повестин, “ Ғарғанын •гулдәстеси”, Н.Некрасовтын “Темир жол”, Л.Н. Толстойдыц “Кавказ тут-қыны”, А.П. Чеховтын “Каштанка", “Ванька”, М. Горькийдин “Саяхатшы курбака”, К.М. Симоновтын “Рус адамлары” шығармаларын қарақалпак тилине аўдарған. Н. Дәўкараев 1946-жылы “XVIII-XIX әсирдеги карақал- пақ әдебияты” деген темада филология илимлеринин кан- дидаты хәм 1951-жылы “Қарақалпак әдебияты тарийхынын очерклери” темасында докторлықдиссертацияларын табыс- лы жакдады. Жазыўшы ҳәм үлкен алым орденлер хәм медальлар менен сыйлыкланған, “Өзбекстан Республикасына мийнети сицген муғаллим” хүрметли атағына ийе еди, Өзбекстан ҳәм Кдракалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенеслерине депутатболып сайланған. Ҳәзир Өзбекстан Илимлер Акаде- миясы Қаракдлпақстан бөлиминин Тил ҳәм әдебият инсти- туты үлкен алым Н. Дәўкараевтын атына койылған. Н. Дәўқараев 1934-жылдан Жазыўшылар аўкамынын ағзасы. Download 5.91 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling