Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Тәжибаев


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet98/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   94   95   96   97   98   99   100   101   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

199
www.ziyouz.com kutubxonasi


Тәжибаев
Әжинияз
1941
Ә ж инияз Т әж и б аев—шайыр
Ә. Тәжибаев 1941-жылы Нөкис районыныц Бақаншаклы 
аўылында зуўылған. 1962-жылы Кдрақалиак мәмлекетлик 
педагогикалык институтын тамамлады.
Ол “Жас Ленинши” газетасында әдебий хызметкер, обла- 
стьлық жаслар аўқамында инструктор, “Совет Карақалпақ- 
станы” газетасында редактордын орынбасары, 1975-жылдан 
областьлык партия комитетинде, областьлық профсоюз ко- 
митетинде жуўаплы лаўазымларда ҳәм Қ аракалпақсган 
Министрлер Кенеси Баслығынын орынбасары, Карақалпак- 
стан Баспа сөз бойынша мәмлекетлик комитеттин баслығы 
болды.
Ҳәзир баслык орынбасары ҳәм республикалык “Жипек 
жолы” газетасынын редакторы хызметин аткармақта.
Онын дәслепки қосыклары 60-жыллардын басларында 
жәриялана баслады.
Онын “Ай туўып киятыр” топламы 1974-жылы басылып 
шықгы. Ол “Арзы қыз” поэмасынын авторы.
Ә. Тәжибаев 1977-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы.
200
www.ziyouz.com kutubxonasi


Тәжимуратов
Әденбай
1930-1992
Әденбай Тәжимуратов — шайыр, жазыўшы, фольклорист 
алым.
Ә.Тәжимуратов 1930-жылы 5-майда Мойнақта Ақ дәрья 
аўылында туўылған.
1946- жылы ол Хожелидеги педучилищени питкерип, 
мектепте муғаллим, “Жас Ленинши” газетасында бөлим бас- 
лығы, районлық газетада редактор болып ислейди, сонынан 
пединститутгы тамамлап, радио еситтириў комитетинде, “Жет- 
киншек” газетасында редактор, Жазыўшылар аўқамыньщ 
баслығы, Н. Дәўкараев атындағы Тарийх, тил хәм әдебият ин- 
ститутында илимий хызметкер, Карақалпак мәмлекетлик пе- 
динститутында окытыўшы, Өзбекстан педагогикалық илим 
изертлеў институтынын Қаракалпакстан филиалында ди- 
ректор лаўазымларында иследи.
Ә. Тәжимуратов 1966-жылы “Қаракалпак халык қосық- 
лары” деген темада кандидатлықдиссертациясын жаклады.
Онын шығармалары 50-жыллардын басларында жәрия- 
лана баслады. Жазыўшынын “ Парахатшылық кептерлери” 
(1957), “Зарлық ҳәм Барлык” (1967), “Ҳәкке қайда” (1971), 
“Айдынлар” (1976), “Ен қәдирли сөзлер” (1959), “Гүрринлер” 
(1960), “Саркоплы батыр” (1962), “ Шешиўши кәўли” (1968), 
“Мақсет” (1974), “Сулыўхан” (1980) деген поэзиялық ҳәм 
прозалық китаплары басылып шықты.
Фольклорист алым “ Қаракалпақ халық косыклары” (1965) 
Деген китап таярлап оған кирис сөз жазды, профессор Қ. Мак- 
сетов пенен бирге студентлер ушын “ Қарақалпак фолькло- 
ры Деген сабаклықты жазыўға қатнасты (1979).
201
www.ziyouz.com kutubxonasi


Ә. Тәжимуратов Р. Тагордыц “ Қыйралыў”, Абдулла 
Қаххардыц “ Шаппаттай кыз”, Ш. Айтматовтын “Қызыл 
шалғышлы дилбарым”, С. Ахмадтыц, С. Анарбаевтыц ҳәм 
тағы басқа жазыўшылардыц шығармаларын аўдарған.
Ә. Тәжимуратов Өзбекстан ҳәм Қаракалпакстан Респуб- 
ликасы Жоқарғы Кецесиниц Ҳүрмет жарлыклары менен 
сыйлыкданған. Ол “Қарақалпакстан Республикасына мий- 
нети синген мәденият хызметкери” хәм “Қаракалпақстан 
халықжазыўшысы” ҳүрметли атакдарына ийе.
Ә. Тәжимуратов 1960-жылдан Жазыўшылар аўкамыныц 
ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   94   95   96   97   98   99   100   101   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling