Қарақлпакстан болими қарақлпакстан аўыл хожалығЫ ҲӘм агротехнологиялар институты хабарландырыў хаты


Download 35.5 Kb.
Sana06.02.2023
Hajmi35.5 Kb.
#1170353
Bog'liq
ахборот хати-2023




ОЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ “ОЛИМА” ШӨЛКЕМИ
ҚАРАҚЛПАКСТАН БОЛИМИ
ҚАРАҚЛПАКСТАН АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ҲӘМ АГРОТЕХНОЛОГИЯЛАР ИНСТИТУТЫ


ХАБАРЛАНДЫРЫЎ ХАТЫ

БМШ Бас Ассамблеясы резолюциясы тийкарында 11-февралъ “Илим тараўындаги ҳаял-қызлардың халык аралық күни” сыпатында белгиленип келиў мүнәсибети менен Өзбекстан республикасы “Олима” шөлкеми Каракалпакстан бөлими ҳәм Қарақалпакстан аўыл хожалыгы ҳәм агротехнологиялар институты биргеликте 2023- жыл 10 февраль куни “Илим тарауындагы ҳаял-қызлар халық аралық күни”не багышлап, Қарақалпақстан Республикасының турақлы раўажланыўында жас илимпазлардың илимдеги искерлигиатамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция өткериў режелестирилмекте. Конференцияға жоқары оқыў орынлары профессор оқытыўшылары, докторантлар, магистрлер ҳәм академиялық лицей, орта арнаўлы колледжлерде ҳәттеки мектеплерде тәлим алып атырған инталы қызлар, қатнасыўы мүмкин.


Конференция төмендеги бағдарлар бойынша жумыс алып барады:

  1. Жәмийетлик пәнлер

  2. Анық пәнлер

  3. Тәбийғый пәнлер

Баянатларды ҳүжжетлестириў талаплары:
Баянат текстлери Тimes New Roman ҳәм 14 өлшемдеги шрифте, жоқары ҳәм төменнен 2,0 см, оң тәрептен 1,5 см, шеп тәрептен 3 см, 1,5 интервалда, 2 беттен кем болмаған ҳалда жазылыўы керек.
Тезистиң атамасы бас ҳәриплер менен жазылады, 1,5 интервалдан автордың исми, шарифи, фамилиясы, оқыў орны, жумыс орны, электрон манзили толық жазылыўы керек. Талапқа жуўап бермейтуғын материаллар баспадан шығарылмайды ҳәм авторға қайтарып берилмейди.
Конференция материалларын баспадан шығарыў, шөлкемлестириў қәрежетлери ушын ҳәр бир бетине жигирма мың (20 000) сўм муғдарында пул төленеди.
Шөлкемлестириў комитетине келип түскен илимий материаллар конференция бағдарына сай түрде таңланады ҳәм жазылыў қағыйдасына қарап қабыл етиледи. Конференция материаллары қарақалпақ, өзбек, рус тиллеринде тапсырылыўы мүмкин. Илимий-әмелий конференцияда қатнасыўшылар баянат текстлерин 2023 жыл 10 февралга шекем Озбекстан республикасы “Олима” шөлкеми Каракалпакстан болимине тапсырады.
Конференция жумысы саат 10:00 де басланады. Тезислер 10 февралга шекем тапсырылыўы мүмкин.
Авторлардың ҳәм илимий басшыларының оқыў ҳәм жумыс орынлары, үй мәнзили, телефонлары мақала ақырында көрсетилиуи шарт.
Хабарласыў ушын телефон номерлери:
+998905752574,+998975632527
Өткерилетугын орны: Қарақалпақстан аўыл хожалыгы ҳәм агротехнологиялар институты, 1–этаж, мәжилислер ханасы.
Download 35.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling