Академиялық хат
Академиялық хатқа қысқаша түсиник: Академиялық хатта студент, бириншиден, әдебиятлардан еки берилген принциптиң ҳәр бириниң дурыслығын дәлиллеўши пикирлерди келтиреди, екиншиден, әдебиятлардың силтеме жәрдеминде атларын келтирип өтеди, үшиншиден, олардың биреўиниң студент тәрепинен қоллап қуўатланатуғынлығын дәлиллейтуғын резюме (қысқаша тийкарғы мазмун) жазылады, төртиншиден, бул мазмунды студент қандай журналларда жәрия ететуғынлығын (журналлар илимий бағдарда болыўы ҳәм атамалары келтирилиўи шәрт) көрсетиўи тийис. Әдебиятлар менен ислескенде төмендеги көрсетилген әдебиятларға қосымша әдебиятларды студентке таңлаў еркинлиги бериледи.
Биринши адым. ҳәр бир cтудент өз қәнигелиги бойынша қандай да бир актуаллыққа ийе илимий проблеманы таңлаўы тийис.
Екинши адым. Таңлаған проблемасы бойынша илимий әдебиятлардан илимпазлардың бир бирине қарсы болған еки көз қарасының мазмунын бериўи шәрт.
Үшинши адым. Студент қайсы көз қарасты қоллайтуғынлығын өзиниң аргументлери менен беккемлеўи тийис. Бул бағдарда ол 150 сөзден (бир бет көлеминде) ибарат резюме жазыўы керек.
Төртинши адым. Жазылған академиялық хатын қайсы илимий журналларда баспадан шығаратуғынлығын көрсетиўи тийис.
Do'stlaringiz bilan baham: |