Аргументлестирилген эссе қалай жазылыўы керек


Download 71 Kb.
bet1/5
Sana13.04.2023
Hajmi71 Kb.
#1352667
  1   2   3   4   5
Bog'liq
Аргументлестирилген эссе қалай жазылыўы



- -



Аргументлестирилген эссе қалай жазылыўы керек?
Луцилле Чарльтон
Аргументлик эссе оқыўшыға белгили бир көз қарас ямаса пикирдиң туўрылылығын тастыйқлаў ушын жазылады. Көз-қарас ямаса пикир қандай мақсетке қаратылғанлығына қарамастан, ол қандайда бир сиясий мәселе бойынша жәмийетлик пикирди өзгертиўге қаратылған болсада, инсанды шегиўди таслаўға исендириўге қаратылған болса да, барлық аргументлестирилген эсселер төмендеги улыўма белгилерге ийе болыў тийис: анық ҳәм тастыйқлаўшы аргументке ийе болыў кушли дәлиллерге ийе болыўы ҳәм қалеген критиканы бийкарлай алыўы керек.Ҳәр қандай эссени жазыўда қойылатуғын талаплар аргументлестирилген эссеге де қойылады, бирақ аргум эссени жазыўдың өзине тән өзгешеликлери де бар. Бул шығарма студентлерди аргументлестирилген ямаса тастыйқлаўшы эссени жазыўдағы тийкарғы алты басқыш пенен таныстырады


Биринши басқыш: Аргументти анықлаў
Ҳәр қандай дискуссия еки көз-қарасты өз ишине алатуғынлығы мәлим. Бирақ сондай жағдайлар болады инсанның өзи жазып атырған тема бойынша анық пикирин анықлаў қыйын болады. Бириншиден, автор өзи мақулламайтуғын пикирдиң бар екенлигин анықлап алыўы зарур. Мысалы: Ф. Кастро- Кубаның президенти деп жазылғаннан кейин, бул белгили факт оны бийкарлаў мумкин емес. Егер эсседе Ф. Костроның сиясаты Куба халқына көп пайда келтиргенлиги ҳаққында сөз айтылса айрымлар бул пикирге қарсы шығыўы мумкин. Сизиң аргум эссеңизде өзиңиз жақлап атырған тәрепке қарсы шығыўы мумкин болған пикирге орын қалдырыўыңыз керек. Солай етип аргумент эссе тек ғана белгили болған фактти көрсетип бериўши шығармаға қарағанда улкенирек шығарма болыўы керек.Бул өзгешелиги менен аргум.эссе суўретлеўши ямаса журналлық эсседен парық етеди.
Аргум эссени жазыў даўамында автор өзиниң аргументин путкил эссе даўамында белгилеўши идея сыпатында хызмет етеўи ушын қысқа ҳәм анық тезис пенен бериўи керек. Эсседе пайдаланылатуғын барлық идеялар усы тезис пенен байланысқан болыўы керек.
Екиншиден, Аргум эссе бир мәселениң еки тәрепин көрип шығыў менен шекленбейди.Оппозициялық аргументти тек ғана көрсетип өтиў менен шекленилсе оқыўшы бул мәселе бойынша автор қандай пикирде екенлигин биле алмайды, нәтийжеде эссени жазыўдағы тийкарғы мақсет- оқыўшыны өзиниң көз- қарасына исендириў әмелге аспай қалады. Мысалы суд репортери гуўалар тәрепинен айтылған ҳар бир сөзди жазып барады. Бул жазып алынған гәплер суд процесинде дәлил сыпатында хызмет етеди.бирақ бул гәплердиң талықланыўы ҳәм бираз исенимлирек формада көрсетилип барыўы адвокат ҳәм айыпланыўшыға байланыслы, бунда олардың ҳәр қайсысы қайсы көз-қарастың тәрепдары екенлиги анық болады. Усыған уқсас автор дәслеп өзиниң жумыс предметин анық белгилеп алыўы, барлық далиллерди ислеп шығыўы (табыўы) ҳәм кейин ғана дәлиллерди қайта ислеўи, олар арқалы белгили бир пикирди билдириўи керек.Аргум.эссе жузеге келген сораўдиң бир тәрепин жақлап шығыўы тийис эссени оқып атырған адамда эссени жазған адам қайсы көз-қарасты қоллап қуўатлайтуғынлығы бойынша тусинбеўшилик болмаўы керек.

Download 71 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling