Басқарыўдағы есабатыныӊ мазмун мағанасы ҳәм мақсети


Download 0.83 Mb.
bet2/2
Sana09.06.2023
Hajmi0.83 Mb.
#1466466
1   2
Bog'liq
Лекция

Есабат дәўири

Өним көлеми мыӊ

Ҳақыйқый қәрежетлер мыӊ сум

Январь
Февраль
Март
Апрель
Май
Июнь
Июль
Августь
Сентябрь
Октябрь
Ноаябрь
Декабрь

85
91
95
110
100
105
50
40
83
85
80
90

380
430
430
450
400
415
430
420
400
420
440
450

Шешим
Ярым өзгермели ҳәм аралас қәрежетлер төмендеги формулада келтирилген болиўы мумкин
Y=a+bx,
Бунда Y – суммалары ярым өзгермели (аралас) қәрежетлер:
X – өндирис көлеми:
А – Ярым өзгермели аралас қәрежетлердиӊ турақлы бөлеги:
b- Салыстырмалы өзгермели қәрежетлер.
88 өндирис бирлиги көлеми ушын улыўма хожалық қәрежетлериниӊ болжалынылатуғын муғдарын анықлаў ушын а ҳәм b ни табыў керек.
“Мини – макси” усылы
B параметр төмендеги формула бойынша зәрур
b=(Ymax-Ymin) (Xmax-Xmin),
Бунда Xmax, Xmin, - өндиристиӊ максимум ҳәм минимум көлемин туўры келетуғын ҳәқыйқый қәрежетлер.
B=(450-440)/(110-80)=0,33(сум)(бирлик)*=a параметр төмендегише:
A=Ymax-bxmax=450-0,33*110=413,7(мыӊ сум)
Ямаса a=Ymin-bxmin=440-0,33*80=413,7 (мыӊ сум)
Солай етип , x=88 бирлик y=413,7+0,33x=413,7+0,33 88=442,7 (мыӊ сум) ушын
Статистикалық усыл
*Июль менен августь типлик емес сыпатында буннан тыс
Изертленилетўғын дәўирде барлық мағлыўматлар графикке (2.2 суўретти қараӊ) тусириледи. Y параметриниӊ X параметрине линиялы байланысы анықланады. Тиккелей еки ноқат таӊлап алынады ҳәм оларж дыӊ параметрлери анықланады. Мәселен , =88 =420 , .
Буннан кейин алдыӊғы усылдағыдай a ҳәм b параметрлери табылады.
B=( - ) / ( - ) = (426-420) / (104-88)=0,38
A= -b =426-0,38 88=386,5 (мыӊ сум)
Ямаса a= (мыӊ сум)
X ушын =88 бирлик y=386,5+0,38x=413,7+0,38*88=447,1(мыӊ сум)

  1. Еӊ аз квадратлар усылы

a ҳәм b параметрлерин анықлаў ушын салыстырыўлардыӊ төмендеги системасы шешиледи:

A
Бунда n-бақлаўлар саны

460-
450-
440-
430-
420-
410-
400-
390-
380-
370-
360-
75 85 95 105 115
Суўрет 2.2 Улыўма хожалық қәрежетлериниӊ өндирис көлемине байланыслылығын график арқалы белгилеў
Салыстырыўлар системасын шешиў ушын төмендеги форматтағы кесте дузиледи:
Кесте 2.3
Теӊлестириў тизимин шешиў ушын жумыс кестеси

№ п/п

Y

X

XY



1
2

10


380



924

85



924

32300



389955

7225



86270

Алынған жуўмақларды теӊлестириўлер тизимине киритемиз:


10a+924b=4215:
924a+862270b=389955:
Теӊлестириўлер тизимин шешемиз ҳәм параметрлериӊ төмендеги жуўмағын аламыз a=371: b=0,55: x=88 y тыӊ y=371+0,55x=371+0,55,88=459,6 (мыӊ сум)
2. Теӊлемели шешимлерди қабыллаў барысында әдетте, оптималын таӊлаў ушын бирнеше альтернатив вариантлар салыстырылады.
Бул вариантларды характерлейтуғын көрсеткишлерди 2 топарға бөлиўге болады:

  1. Барлық вариантларда өзгермей қалатуғын көрсеткишлер:

  2. Вариантларға байланыслы өзгеретуғын көрсеткишлер

Басқарыў шешимин қабыл еткенде барлық көрсеткишлерди емес , ал тек ғана екинши топар көрсеткишлерин сапластырыў мақсетке муўапық болады.
Бир биринен парқ беретуғын қәрежетлерди релевант қәрежетлер деп атайды, тек олар баҳалағанда есапка алынады ҳәм релевант мағлыўматлар болып табылады.
3.Қайтпайтуғын қәрежетлер – бул сарыпланған қәрежетлер , олар хеш қандай басқарыў шешимлери менен өзгертилиўи мумкин емес. Қайтпайтуғын альтернатив вариантларди баҳалағанда есапка алынбайды.
4. Тартылған (қыялый) қәрежетлер – бул категория тек ғана басқарыў есабатында болады. Қаржы есабатында “тартылған қәрежетлер” тусиниши жоқ, өйткени қаржы есабатында барлық қәрежетлер қатаӊ хужжетлестирилиўи тийис.
Басқарыў есабатында бул қатар жағдайларда келешекте болмауы да мумкин қәрежетлерди есаплаў зәрур. Бундай қәрежетлерди тартылған қәрежетлер деп атайды. Негизинде бул карҳананыӊ қолдан берилген пайдалары , карҳана альтернатив вариантын қабыл еткенде олардан кешеди.
5.Өсип барыўшы қәрежетлер – қосымша болып табылады ҳәм өнимниӊ қосымша топарын жетилистириў ҳәм сатыў натийжесинде пайда болады. Бул жағдайда суммалари өзгермели қәрежетлер көбейип барады, ал турақлы қәрежетлер өзгермей қалыўы мумкин, көбейип барыўыда мумкин.
Шегине жеткен қәрежетлер ҳәм дәраматлар – бул қосымша жетилистирилген өним бирлигине қосымша қәрежетлер менен дәраматлар. Оларды басқаша маржинал қәрежетлер деп атайды.
6.Жобаластырылатуғын қәрежетлер нормаларға, нормативлерге ҳәм лимитлерге муўапық белгили өндирис көлемине мөлшерленген қәрежетлер. Олар өзине тусер жоба қунын қурайды.
Жобаластырылмайтуғын қәрежетлер ҳақыйқый өзине тусер қуныныӊ калькуляциясын шығарғанда ғана анықланады.
2.3 Қадағалаў ҳәм регировкалаў исин әмелге асырыў мақсетинде қәрежетлерди классификациялаў.
Төмендегилери менен парқланады:

  1. Бир жөнге тусирилетуғын ҳәм тусирилмейтуғын қәрежетлер

  2. Нәтийжели ҳәм нәтийжели емес

  3. Нормалар (сметалар) ҳәм нормадан артық – кем шегиндеги қәрежетлер:

  4. Қадағаланатуғын ҳәм қадағаланбайтуғын қәрежетлер

Тәртиплестирилетуғын қәрежетлер – бул жуўапкершилик орайына бекитилген қәрежетлер олардыӊ муғдарын менеджер регулировкалаўы мумкин.Тутас алғанда кәрхана бойынша барлық қәрежетлер регилировкалы болып табылады, бирақ бәри басқарыўдыӊ төмен дәрежесинде регилировкаланыўы мумкин емес.
Белгили жуўапкершилик орайыныӊ менеджери тәсир жасай алмайтуғын қәрежетлер бул менеджер тәрепинен регилировкаланбайтуғын қәрежетлер деп аталады.
2. Нәтийжели қәрежетлер – өнимли емес қәрежетлер , нәтийжеде олардыӊ дәраматлар алынбаўы мумкин, өйткени өним жетелистирилмейди.Браклардан ҳәм ислемей турып қалыўдан көрилген зыян, материалдыӊ кемиси ҳәм басқалар буған киреди. Бул қәрежлерди ажыратып көрсетиў зәрурлиги соннан келип шығады, өзине тусер баҳаны жобаластырғанда ҳәм нормаға келтиргенде шығымларди киргибеў керек.
3. Нормалар ҳәм сметалар шегиндеги ҳәм нормалардан артық – кемис шегиндеги қәрежетлер категориясы бөлимшелер жумысыныӊ нәтийжелилиги жобалы ҳәм нормативли қәрежетлерди ҳақыйқый қәрежетлерди салыстыра отырып баҳалаў ушын ағымдағы есабатта қалланылады.
4. Қадағаланатуғын қәрежетлерге басқарыў субьектлери тәрепинен қадағаланатуғын қәрежетлер киреди. Қадағаланатуғын қарежетлерди әсиресе көп структуралы қәрхана ушын әҳмийетли. Қадағалатуғын регулировкаланатуғын қәрежетлерден өзиниӊ қурамы бойынша парқланады. Қадағалатуғын қәрежетлер мақсетли характерге ийе ҳәм бирар белгили қәрежетлер менен шеклениўи мумкин.
Қадағаланбайтуғын қәрежетлер – бул муғдары басқарыў себьектлерине байланыслы емес қәрежетлер.
3.Өндирис қәрежетлерин есаплаў бағдарлары
Қәрежетлер есабы төрт бағдар бойынша исленеди:

  1. Қәрежетлер турлери (экономикалық элементлер) бойынша:

  2. Олардыӊ пайда болыў орынлары бойынша :

  3. Жуўапкершилик орайлары бойынша:

  4. Қәрежетлер ийелери бойынша:

  1. Қәрежетлерди турлери (экономикалық элементлери) бойынша

есаплаў. Бул есаптын шөлкемлестириў қәрханаға өзине тусер баҳаныӊ структурасы есаплаўға имканият береди. Өзине тусер баҳа структурасын талқылаўдыӊ нәтийжесинде өны азайтыў резервлерин анықлаў имканияты пайда болады. Мәселен, егер өзине тусер баҳа структурасына материаллық қәрежетлер көбирек салыстырма салмаққа ийе болса , онда биринши гезекте шийки затты ҳәм материалларды унемлеў резервлерин излеў зәрур.
ПБУ 10/99 шөлкем қәрежетлерин экономикалық элементлердиӊ барлық коммерциялық шөлкемлери ушын бир путин қуралы белгилейди:

  1. Материаллық қәрежетлер

  2. Мийнет ҳақы қәрежетлери

  3. Социяллық итияжларға ажыратпалар

  4. Амортизазия

  5. Басқа да қәрежетлер.

Бул қәрежетлер қурамы басқарыў есабатында кеӊейтилиўи мумкин. Бирақ қәрежетлерди есаплаў ҳәм дурыс баҳалаў ушын сондай етип классификацияланыўы тийис, ҳәрбир дәслепки ҳужжет қәрежетлердиӊ белгили турин сәўлелендириўи шәрт.Есаплаў қолай , ықшам болыў ҳәм соӊынан ықшамлы талқылаў ушын ҳәрбир айқын шөлкемле қәрежетлердиӊ ҳәр бир тури ушын өз дизим соны болады.
2.Пайда болыў (келип шығыў) орынлары бойынша қәрежетлерди есаплаў. Қәрежетлердиӊ пайда болыў орны бул структуралық бөлимше, онда өндирислик ресурс қәрежетлерин қадағалаў ҳәм басқарыў ушын өндирис қәрежетлерин жобаластырыў, нормалаў ҳәм есаплаў шөлкемлестириледи.
Жумыс орны, участка, бригада, цех, қәрхана бөлими ҳәм тағы басқалар қәрежетлердиӊ пайда болыў орынлары болыўы мумкин.
Қәрежетлердиӊ хәрбир пайда болыў орнына өз дизим саны бериледи. Қәрежетлердиӊ пайда болыў орынлары қәрежетлер элементлерии ҳәм стативлары бойынша талқылап есаплаў объекти болып табылады. Қәрежетлердиӊ пайда болыў орынлары көбинесе тийқарғы қәрежетлердиӊ ҳәм қосымша қәрежетлердиӊ пайда болыў орынларына бөлинеди.Тийкарғы қәрежетлер дегенде тиккелей өним жетистириўши ҳәм сыртқа сатыўшы өрынлар тусиниледи.Қосымша (жәрдемши) қәрежетлердиӊ пайда болыў өрынлары – бул фирманыӊ озинде өним жетистириўши ямаса хызметлер көрсетиўши бөлимшелер.
Қәрежетлердиӊ пайда болыў орынларыныӊ ҳәрбири ушын өлшемлер бирликлери белгиленеди, бул бирликлер қәрежетлерди өлшеў базасы болып табылады ҳәм өнимниӊ өзине тусер баҳасын калькуляциялаўға имканият береди.
Пайда болыў орынлары бойынша қәрежетлерди есаплаў төмендегилерди тәмийинлеўге имкан береди:
Қәрхананыӊ ҳәм оныӊ бөлимшелериниӊ жумысыныӊ нәтийжелилигин тәсирли ҳәм ҳәр тәреплемели қадағалаў:
Наклад қәрежетлерди айырым өним турлери бойынша бөлистириў, бул өзине тусер баҳасын калькуляциялағанда зәрур.
3.Жуўапкерлилик орайлары бойынша кәрежетлерди есаплаў. Жуўапкерлилик орайлары бойынша есаплаўды шөлкемлестириў мақсетин қәрежетлер ҳәм дәраматлар ҳаққында мағлыўматларды ҳәрбир жуўапкерлилик бойынша топарлаўда ибарат бунда сметадан ямаса жобадан артық – кемди жуўапкерли шахсқа жуклеўге болады.Жуўапкерлилик орайларыныӊ төрт турин ажыратыўға болады:
- қәрежетлер орайы:
- дәраматлар орайы:
- пайда орайы:
- инвестициялар орайы.
Берилген ўәкиллер көлемине жукленген жуўапкершиликтиӊ аўыр – жеӊилине қарай олардыӊ басшыларыныӊ қаржы жуўапкершилиги усылайынша классификациялаў тийкары болып табылады.
Жуўапкершилик орайы – бул шөлкемниӊ структуралық бөлимшеси, оныӊ басшысы – қәрежетлерди , дәраматларды ҳәм инвестицияларды қадағалаўшы менеджер.
Қәрежетлер орайы – бул қәрежетлерди бақлаў қадағалаў ҳәм басқарыў және ресурсларды пайдаланыўды баҳалаў мақсетинде өндирис қәрежетлерин нормалаў, жобаластырыў ҳәм есаплаў имканиятына ийе шөлкемниӊ структуралық бөлимшеси.
Қәрежетлер орайыныӊ басшысы еӊ аз басқарыўда аз ўәкилликлерге ийе және басқа жуўапкершилик орайларыныӊ басшылары менен салыстырғанға қарағанда алынған нәтийже ушын аз жуўапкершиликке ийе. Ол тек жумсалган қәрежетлер ушын жуўап береди. Бул жағдайда есаплаў тизими жуўап береди. Бул жағдайда есаплаў тизими жуўапкершилик орайына киргенде қәрежетлерди өлшейди ҳәм белгилейди.
Қәрежетлер орайыныӊ жумыс нәтийжелери есапқа алынбайды, өйткени көпшилик жағдайда бул ямаса мумкин емес , ямаса керек емес. Қәрежетлер орайын дузгенде төмендеги шәртлер өрынланыўы тийис :

  • Ҳәрбир қәрежетлер орайы айырым жуўапкершилик саласы болыўы тийис:

  • Қәрежетлер орайы бирқыйлы қәрежетлерди келтирип шығаратуғын бир турли машиналарды ҳәм жумыс орынларын бирлестириўи тийис. Бул оларды есаплаўды ҳәм қәрежетлерди ийелери бойынша бөлистириў базасын таӊлаўды жеӊиллестиреди.

  • Барлық қәрежетлер турлери айрықша қыйыншылықсыз есаптан шығарылып қәрежетлер орайына киритилиўи тийис.

Қәрежетлер орайлары жудә улкен болыўы мумкин, мәселен тутас алғанда путкил завод жудә киши болыўы бир жумыс орны болыўы мумкин.
Ири қәрежетлер орайлары әдеўир кишилеринен қуралыўы мумкин.Деталластырыў дәрежеси менеджерлерин алдына қандай ўазыйпалардыӊ қойылыўына байланыслы болады.Қәрежетлер орайы улкен болған сайын менеджерлердиӊ жуўапкершилиги кушли, көп болады.
Қәрежетлер орайы төмендеги еки ўазыйпанын биреўин шешеди.

  1. Тийисли белгиленген қәрежетлер дәрежесинде максимум нәтийже алыў:

  2. Белгиленген нәтийжеге аз қәрежет пенен ерисиў.

Ол жағдайда да, бул жағдайда да қәрежетлер орайы басшыларына бул орайға ажыратылған ресурсларды қалайынша пайдаланыў ҳаққында шешимди өзинше шешиў имканияты бериледи. Бунда басшы өз шешими ушын жуўапкерли болады.
Қәрежетлер орайын дузгенде өнимниӊ сапасын кемитиў есабынан унемлеўге бармай турып оныӊ сапасы устинен қадағалаў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы мәселени шешиў зәрур.
Қәрежетлер орайларыныӊ жумысын жобаластырғанда ҳәм баҳаланғанда регилировкаланатуғын ҳәм регилировкаланбайтуғын қәрежетлерди классификациялаў зәрур.
Дәраматлар орайы – бул менеджери алынған дәраматлар ушын жуўап беретуғын , лекин жумсалған қәрежетлер ушын жуўапкерли болмайтуғын жуўапкерлилик орайы. Саўда шөлкеминиӊ көтере саўда орайы, баскада таратыў тараўы усындай орайлардыӊ мысалы болып табылады. Усындай орайдын ҳәм оныӊ менеджерлериниӊ жумысы алынған дәраматлар суммасы менен баҳаланады, сонлықтан бул жағдайда бөлимшелерден шығысында нәтийжелерди көрсетиў ўазыйпа болып табылады. Бул усы бөлимшеде шығынлар жоқ дегенди аӊлатпайды. Дәраматлар орайларыныӊ бәринде шыгынлар бар. Дәраматлар орайы сондай өтип классификацияланады, ҳәкимшилик менеджерге шығынлар ушын жуўапкершиликти жуклемейди.
Россия экономикасында шығынлар ҳәм дәраматлар орайлары әдеўир таралған. Бирақ қәрхананыӊ әдеўир нәтийжели ислеўи ушын еки шығынларды, яки дәраматларды басқарыўы шәрт, сонлықтанда экономикасы раўажланған еллерде пайда орайлары менен инвестициялар орайлары жийи ушырасады.
Пайда орайлары – бул басшысы бир ўақыттыӊ өзинде өз бөлимшесиниӊ шығыс қәрежетлери ушын да, дәраматлары ушында жуўап беретуғын бөлимше – Пайда орайы менеджери тутынылатуғын ресурслар саны ҳәм кутилетуғын тусим муғдары бойынша шешимлер қабыл етеди. Алынған пайда муғдары менеджер жумысын баҳалаў критерийи болып табылады. Сонлықтан басқарыў есабаты ўазыйпасы пайда орайына кирис болғанда қәрежетлер муғдары ҳаққында , бул орайдыӊ өзиндеги шығынлар ҳаққында , сондай ақ орайдан шығыс болғанда жумыс нәтийжелери ҳәққында менеджерлерге мағлыўмат бериўден ибарат. Орайдыӊ пайдасы ҳәрқыйлы усыллар менен белгилениўи мумкин. Бирқатар жағдайларда есаплаўларда тек тиккелей шығынлар қатнасады, басқа жағдайларда толық шығынлар пайдаланылады ямаса жанапай шығыс болған қәрежетлер бөлегине киритиледи.
Жумсалатуғын ресурслар параметрлерин, жетистирилетуғын өним муғдары ҳәм оныӊ баҳасын мақул мас келтириў жолы менен муксимум пайдаланыў пайда орайы жумысыныӊ мақсети болып табылады. Пайда орайларыныӊ менеджерлери өнимниӊ санасыныӊ тусиўине қызықпайды, өйткени бул баҳаға тәсир жасайды, демек дәраматлар ҳәм пайда азаяды. Сонлықтан өнимниӊ сапасы устинен қадағалаў бойынша арнаўлы қосымша илажлар талап етилмейди.
Бир қатар тасыс фирмалар өз бөлимшелериниӊ жумысын хошаметлеў мақсетинде жасалма пайда орайларын – сегментлер дузеди, олар өз өнимниӊ ҳәм хызметлериниӊ бир бөлегин компанияныӊ өзиндеги басқа структуралық бөлимшелерге сатады. Бөлимшелер өз ара есапласатуғын баҳалар трансферт баҳалар деп аталады. Компаниялардыӊ өзинде трансферт баҳалар базар баҳалары ролин атқарады.
Инвестициялар орайлары – бул ири сегментлер олардыӊ менеджерлери өз бөлимшелериниӊ шығыс қәрежетлерин ҳәм дәраматларын қадағалап қоймастан, оларға сарпланған инвестициялардыӊ нәтийжели пайдаланылыўы ушын да жуўап береди.
Инвестициялар орайларыныӊ басшылары басқа жуўапкерли орайлар басшыларына қарағанда көбирек басқарыў ўәкилликлерине ийе ҳәм қабыл ететуғын шешимлер ушын улкен жуўапкершиликке ийе.

  1. Шығын болған қәрежетлер ийелери бойынша есабат. Сатыў ушын арналған барлық өним, жумыс ҳәм хызмет турлери пайдаланылатуғын технологияға ҳәм товарлар характерине қарай шығын қәрежетлер ийелерин (калькуляция объектлери) бөлыўы мумкин:

  • Буйымлар:

  • Биртурли буйымлар топарлары:

  • Бир атамалы буйымлар сериялары:

  • Ярым фабрикалар:

  • Жеке ислеп шығарылатуғын буйымлар ямаса хызметлер – буйыртпалар:

  • Қурылыс объектлери:

  • Питкен қурылыс басқышлары:

  • Жумыслар ҳәм хызметлер турлери.

Айырым өним турлериниӊ өзине тусер баҳасын анықлаў ушын шығыс қәрежетлер топарларға бөлинеди ҳәм калькуляция статьялары бойынша есапланады.
Шығыс қәрежетлер статьялары дизимин шөлкем өзи белгилейди. Калькуляция статьялары бойынша шығынлар типовой топарларға санаат қәрханалары ушын төмендегише бөлистириўге болады:

  1. Шийки зат ҳәм материаллар.

  2. Қайтарылатуғын қалдықлар (есаплап шығарылады).

  3. Сатып алынатуғын буйымлар, басқа шөлкемлердиӊ ярим фабрикатларын ҳәм өндирислик характердеги хызметлери.

  4. Технологиялық мақсетлер ушын май ҳәм энергия

  5. Өндирис исшилериниӊ хызмет ҳанасы

  6. Социяллық итияжларға ажыратпалар.

  7. Өндиристи таярлаўға ҳәм өзлестириўге қәрежетлер

  8. Улыўма өндирислик қәрежетлер

  9. Улыўма хожалық қәрежетлери

  10. Брактан зыянлар

  11. Басқада өндирислик қәрежетлер

  12. Коммерциялық қәрежетлер (сатыў ушын қәрежетлер)

Егер қәрханада көлеми ҳәм модификациясы менен ажыралатуғын бир ҳәм сол материаллардан бир қыйлы өним ислеп таярланса, онда қәрхана шығын ийелериниӊ муғдарын азайтыўы, демек калькуляциялаў исин әпиўайыласстырыў мумкин. Басқаша айтқанда тиккелей калькуляциялаўдан алдын жәрдемши бөлимшелердиӊ шығынлары қәрханадан тыста сатыў ушын өним жетистириўши ҳәм хызметлер көрсетиўши тийкарғы бөлимшелер ортасында қайта бөлистирилиўи тийис.
Шығынларды қайта бөлистириў төмендеги усыллар менен орынланыўы мумкин:

  1. Тиккелей бөлистириў усылы:

  2. Қәдембе – қәдем бөлистириў усылы:

  3. Өз – ара бөлисиў усылы (еки тәрепли усыл)

Усылларды пайдаланыу мысалда қаралған
Мысал
Емлеўханада еки тийкарғы бөлимше – хирургия ҳәм терапия сондай ақ оларға хызмет көрсетиўши уш бөлимше – ҳәкимшилик кирхана ҳәм асхана бар. Бөлимшелер бойынша шығынлар 2.4 кестеде келтирип өтилген:
Жәрдемши бөлимшелердиӊ шығынларын тийкарғы бөлимшелер бойынша қайта бөлистириў талап етиледи Кесте 2.4
Бөлимшелер бойынша шығынлар, мыӊ сум

Бөлимше

Шығынлар

Хәкимшилик
Кирхана
Асхана
Хирургия
Терапия

900
225
475
1200
1000

Жуўмағы

3800


Тиккелей бөлистириў усылы
Әдеўир әпиўайы усыл. Хызмет көрсетиўши ҳәрбир бөлимше бойынша шығынлар басқа жәрдемши бөлимшелерге емес, ал тийкарғы бөлимшелерге тиккелей киритиледи. Тиккелей бөлистириў усылы жәрдемши бөлимшелер бир бирине хызмет көрсетпегенде қолланылады.
Усылға муўапық шығынлар бирер бөлистириў базасына теӊ дәрежеде бөлистириледи.Өндирислик бөлимшелердиӊ тусиминиӊ бир улесин улыўма суммада база етип аламыз. Шығынларды бөлистириў 2.5 кестеде орынланған
2.5 кесте
Тиккелей бөлистириў усылы менен қәрежетлерди қайта бөлистириў

Көрсеткишлер

Хирургия

Терапия

Жуўмағы

Тиккелей шығын қәрежетлер
Медициналық хызметлер көрсетиўден тусимде улес
Хәкимшилик шығын қәрежетлерин қайта бөлистириў
Кархана шығын қәрежетлерин бөлистириў
Асхана қәрежетлерин бөлистириў



1200

60%

540
135
285



1000

40%

360
90
190


2200

100%



900
225
475

Бөлистириўден кейин қәрежетлер жәми

2160

1640

3800

Қәденбе – қадем бөлистириў усылы
Өндирислик емес бөлимшелер бир бирине бир тәрепли тәртипте хызмет көрсеткен жағдайлар усыл қолланылады. Мәселен, кир жуўыў ханасы – асхана, ҳәкимшилик – кир жуўыў ханасы ҳәм асхана.Бөлистириўдиӊ улыўма тәртиби – хызмет көрсетиўши бөлимшелерден тийкарғы бөлимшелерге.
Шығын қәрежетлер бөлистириў базасына муўапық бөлистириледи. Есаплаўлар нәтийжелери 2.6 кестеде келтирип өтилген.
Қәдем 1.
Хәкимшилик қәрежетлери бөлистириледи. Бөлистириў ушын база ислеўшилердиӊ саны
Ислеўшилердиӊ саны бөлимшелер бойынша төмендегише:
Хәкимшилик -10, кир жуўыў ханасы -5, асхана -5, хирургия -20, терапия -30.
10/5/5/20/30
2/1/1/4/6
Қәдем 2.
Кир жуўыў ханасыныӊ қәрежетлери бөлистириледи.
Базалық бөлистириў бирлиги -1 кг жуўылған белья.
Бельяға талап:
Асхана -20 кг, хирургия -60кг , терапия 40кг,
20/60/40
1/3/2
Қәдем 3
Асхана қәрежетлерин бөлистиремиз.Асхана хирургиядан 100 адамға , терапиядан 200 адамға хызмет көрсетеди
100/200
1|2


Қәдембе – қәдем бөлистириў усылы менен қайта бөлистириў , мыӊ сум

Бөлимше

Қәрежетлер

Хәкимшилик

Аралық есапласыў

Кир жуўыў ханасы

Аралық есапласыў

Асхана

Улыўма қәрежетлер

Хәкимшилик

900

(900)

-

-

-

-

-

Кир жуўыў ханасы

225

75

300

(300)

-

-

-

Асхана

475

75

550

550

600

(600)

-

Хирургия

1200

300

1500

1500

1650

200

-

Терапия

1000

450

1450

1450

1550

400

1950

Жуўмағы

3800




3800




3800




3800

Өз – ара бөлистириў усылы (еки тәрепли усыл)


Ишки фирма хызметлери алмасылған жағдайларда усыл қолланылады. Хызмет көрсетиўши еки бөлимше болғанда ғана усылда қолда есаплаў техникасын қолланбай қолланыўға болады.
Кир жуўыў ханасын ҳәм асхананы хожалық блогына бирлестиремиз. Хожалық блогыныӊ қәрежетлери = 225+475=700 (мыӊ сум)
Хожалық блогы хәкимшиликке хызметлер көрсетеди ҳәм керисинше.
Бөлистириў базасы сыпатында тиккелей қәрежетлер пайдаланылады (қараӊ 2.7 кесте)
2.7 кесте
Қәрежетлерди бөлистириў базасын анықлаў

Хызметлер көрсетиўши бөлимшелер

Хызметлер көрсетилетуғын бөлимшелер




Хәкимшилик

Хожалық блоги

Хирургия

Терапия

Хожалық блогы:
-тиккелей қәрежетлер, мыӊ сум
-тиккелей қәрежетлер улеси суммада,
%

900

29,0


-


1200

38,7



1000

32,3


3100

100


Хәкимшилик
-тиккелей қәрежетлер мыӊ сум –тикклей қәрежетлер улеси улыўма суммада:

-


-

-
700
21,2

1200
41,4



1000
34,4



2900
100


2.7 кестесиниӊ мағлыўматларын пайдаланған ҳалда тенистириў системасын қалдырамыз :


АДМ = 900+0,29ХЗБ
ХЗБ = 700+0,242 АДМ
Бунда АДМ – хәкимшиликтиӊ дузетилген қәрежетлери , ХЗБ – хожалық блогиныӊ дузетилген қәрежетлери
Тизимди шешиў нәтийжеси:
АДМ = 1186 мыӊ сум:
ХЗБ = 987 мыӊ сум.
Дузетилген қәрежетлер тийкарғы бөлимшелер ортасында бөлистириледи (қараӊ 2.8 кесте)
Өзара бөлистириў усылы менен қәрежетлерди қайта бөлистириў , мыӊ сум

Хызмет көрсетиўши жәрдеми бөлимшелердиӊ қәрежетлерин бөлистириў




Жуўмағы


Хирургия

Терапия

Ҳәкимшилик
1186*0,414
1186*0,344
Хожалық блогы
9878*0,0387
987*0,323
Жәми бөлистирилген
Тиккелей қәрежетлер

491
-


382
-


873
1200

-
408


-
319


727
1000

-
-



-
-
1600
2200

Қәрежетлер жуўмағы

2073

1727

3800


Тема 3. Өнимниӊ жумыслардыӊ ҳәм хызметлердиӊ өзине тусер баҳасын калькуляциялаў тийкарлары

  1. Басқарыў есабаты тизиминде өнимниӊ жумыслардыӊ ҳәм хызметлердиӊ өзине тусер баҳасын қәлиплестириўге коз караслар Өзине тусер баҳа турлери.

Қаржы ҳәм басқарыў есабаты тизиминде өзине тусер баҳаны қәлиплестириўге көз қараслар ҳәр қыйлы.
Басқарыў есабатында өзине тусер баҳаны анықлаў тәртиби қатаӊ регламентленбейди, өйткени өзине тусер баҳа салық салыў мақсети ушын емес , ал басқарыў шешимлерин қабыл етиў ушын қәрежетлер муғдары ҳаққында менеджерлердиӊ барлық мағлыўматларға ийе болыўы ушын өзине тусер баҳа қәлиплеседи. Сонлықтан қандай өзине тусер баҳаны есаплаўдыӊ ҳәркыйлы усыллары пайдаланылыўы мумкин.
Басқарыў есабатында ҳәтте қәрежетлер қурамы ҳаққында режеде нәзерде тутылланған қәрежетлер өзине тусер баҳаға киритилиўи мумкин.
Қаржы есабаты тизиминде есапланылған өзине тусер баҳа ақырғы жуўмақта салық салыў ушын пайданы анықлаўға имкан береди, лекин усыныӊ менен бирге айырым буйымлардыӊ , жумыслардыӊ ҳәм хызметлердиӊ өзине тусер баҳасы орташа етип көрсетиледи ямаса улыўма көрсетилмейди, өйткени салық салыу мақсетин ушын қәрежетлердиӊ ҳәрбир ийеси бойына қәрежетлер ҳаққында анық мағлыўмат керек емес. Бирақ шөлкемге ҳәм оныӊ бөлимшелерине қәрежетлерди басқарыў ушын өзине тусер баха структурасы ҳаққында мағлыўматлар талап етиледи.
Ўатандарлық есабат әмелиятында өзине тусер баҳаға қандай қәрежетлердиӊ киритилиўине қарай өзине тусер баҳаныӊ төмендеги турлери ажыратып көрсетиледи:

  1. Өзине тусер цех баха (тиккелей материаллық қәрежетлер + тиккелей мийнет қәрежетлери + улыўма өндирисли қәрежетлер):

  2. Өндирислик өзине тусер баҳа (өзине тусер цех баха + ҳәким басқарыў қәрежетлери):

  3. Толық өзине тусер баҳа (өндирислик өзине тусер баҳа + коммерциялық қәрежетлер).

Усындай көз қарас қаржы есабатыӊ халық аралық стандартларына қарама – қарсы келеди, буларға муўапық өндирислик өзине тусер баҳаға тек өндирислик қәрежетлер (теккелей шығынлар + улыўма өндирислик шығынлар)
Жеке ҳәм орта тараўлық өзине тусер баҳаны ажыратыўға балады.
Жеке өзине тусер баҳа – бул өним жетистириў ҳәм ислеп шығарыў бойынша белгили бир қәрхананыӊ қәрежетлери.
Орта тараўлық өзине тусер баҳа – бул тараў қәрханалары бойынша жеке өзине тусер баҳадан орташа мөлшерленип есаплап шығылған тараў бойынша усы өнимге сарыпланған орташа қәрежетлер.
Жобалы ҳәм ҳақыйқый өзине тусер баха бар.
Қәрханада максимум рухсат етилген кәрежетлер жобалы өзине тусер баҳаға киритиледи.
Ҳақыйқый өзине тусер баха – бул өнимниӊ усы турин ислеп шығарыўға ҳақыйқый сарыпланған қаржылар муғдары.
Басқарыў есабаты тизиминде өнимниӊ жумыслардыӊ ҳәм хызметлердиӊ өзине тусер баҳасын кәлиплестириў себеплери.Өндирис қәрежетлерин есаплаўдыӊ ҳәм өзине тусер баҳа калькуляциясын шығарыўдыӊ тийкарғы усыллары (тизимлери).
Басқарыў есабатында , әдетте, қаржы есабатындағы принциплер сақланады:

  1. Өндирис қәрежетлериниӊ илимий тийкарланған классификациясы.

  2. Қәрежетлерди есаплаў объектиӊ, калькуляция объектин ҳәм есап бирликлерин анықлаў.

Көплеген жағдайларда есаплаў объектлери ҳәм калькуляция объектлери бир бирине туўры келмейди.
Қәрежетлерди есаплаў объекти – олардыӊ пайда болыў орны , бир қыйлы өнимлердиӊ турлери ҳәм топарлары.
Калькуляция объекти (қәрежетлер ийеси) – бул сатыў ушын арналған өним , жумыс ҳәм хызмет турлери.
Бир қатар жағдайда , мәселен, нефть,газ санаатында , сондай ақ буйыртпалар тизими ислейтуғын қәрханаларда олар бир бирине туўры келеди. Өндирислик процесс қайта бөлисилетуғын қәрханаларда олар бир бирине туўры келмейди.
Есап бирлигин таӊлаў өндирис өзгешеликлерине ҳәм ислеп шығарылатўғын өним өзгешелигине байланыслы. Төмендегилерди ажыратып көрсетиўге болады:

  • Натурал бирликлер:

  • Шәртли натурал бирликлер :

  • Ўақыт бирликлер:

  • Жумыс бирликлер :

Көп бирликлерди тийкарғысы сыпатында биреўин алады, усыныӊ менен бирге тийкарынан аралық есаплаўлар ушын шәртли – натурал бирликлерден пайдаланылады.

  1. Жанапай қәрежетлерди бөлистириў усылын таӊлаў.

Бул таӊлаў қәрхана тәрепинен өз бетинше әмелге асырылады, есап сиясатына жазылады ҳәм қаржы есап дәўиринде даўамында өзгертилмейди.
4.Өним жетистириўге ағымдағы қәрежетлерди ҳәм ири қаржыларды айырым есаплаў.
5. Қәрежетлерди есаплаў ҳәм калькуляциясын шығарыў усылын таӊлаў.
Қәрежетлерди есаплаў ҳәм калькуляциясын шығарыў дегенде өнимниӊ өзине тусер баҳасын белгилейтуғын өндирисли қәрежетлерди хужжетлестириў ҳәм көрсетиў, сондай – ақ өним бирлигине қәрежетлерди киритиў усылларыныӊ жәми тусиниледи.
Ўлыўма қабыл етилген классификация тоқ, лекин төмендегилер еӊ кеӊ таралғанлары:

  1. Қәрежетлерди есаплаўдыӊ толықлығына карай:

    1. Толық өзине тусер баханыӊ калькуляциясын шығарыў:

    2. Шекленген өзине тусер баҳаныӊ калькуляциясын шығарыў (директ – костинг тизими)

  2. Қәрежетлерди есаплаў ҳәм қадағалаў оперативлигине қарай:

    1. Нормативли қәрежетлерди есаплаў (нормативли есаплаў тизими, “стандарт-кост” тизими).

    2. Ҳәқыйқый қәрежетлерди есаплаў.

  3. Қәрежетлерди есаплаў объектине қарай:

    1. Қәрежетлерди есаплаўдыӊ ҳәм өзине тусер баҳаныӊ калькуляциясын шығарыўдыӊ процеспе – прцесс усылы.

    2. Өзине тусер баҳаны есаплаўдыӊ ҳәм калькуляциясын шығарыўдыӊ шекпе – шек усылы.

    3. Есаплаўдыӊ ҳәм өзине тусер баҳаныӊ калькуляциясыӊ шағырыўдыӊ буйыртпама – буйыртпа усылы.

3.”Өндирис қәрежетлерин есаплаў ҳәм “калькуляциясыӊ шығарыўдыў” тусиниклериниӊ айырмашылығы
Төмендеги анықламалар улыўма қабыл етилгенлер болып табылады.
Калькуляциясын шығарыў – калькуляцияны дузиў калькуляция – өним, жумыс, хызмет бирлигиниӊ өзине тусер баҳасын есаплап шығыў.
Қәрежетлерди есаплаў – қәрхананыӊ қәрежетлери ҳаққында мағлыўмат жыйнаўды, өндирислик қәрежетлер менен байланыслы хожалық операцияларын хужжетлестирип рәсмийлестириўди нәзерде тутады. Бул тусиниклердиӊ салыстырмалы дәрежеде бирдейлиги ҳаққында еки пикир бар:

  1. Қәрежетлер есабаты калькуляция менен теӊдей.

  2. Қәрежетлер есабы ҳәм калькуляция – бул ҳәрқыйлы тусиниклер.

Ўатандарлық есап әмелиятында биринши пикир басым келеди, ал усыныӊ менен бирге калькуляциялаў қәрежетлерди есаплаўдыӊ жуўмақлаўшы басқышы болып есапланады.
Сырт ел есаб әмелиятында еки көзқарас бар
Қәлеген жағдайда да қәрежетлер есабы калькуляцияға қарағанда биринши, лекин бул тусиниклер өз ара тығыз байланысқан ийе ҳәм өз ара байланыслы.
Мәселен: қәрежетлер есабатында жыйналған мағлыўмат өним, жумыс ямаса хызмет бирлигиниӊ өзине тусер баҳасын есаплаў ушын тйикар, база болып табылады, ал өзине тусер баҳанын калькуляциясын шығарыў өз гезегинде өндирислик есабат тизими ҳәм онын шөлкемлестириўи менен белгиленеди.
Калькуляциялаўды 3 басқышқа ажыратыўға болады:

  1. Путкил өнимниӊ өзине тусер баҳасын анықлаў

  2. Өнимниӊ ҳәрбир тури бойынша өзине тусер баҳасын анықлаў:

  3. Өним бирлигиниӊ өзине тусер баҳасын анықлаў.

Әмелиятта калькуляциялаў әдеўир қыйын ис болып табылады ҳәм қәрежетлерди өндирислик қәрежетлер есабаты менен гезеклеседи, бул тийкарғы қәрежетлерди бөлистириўден кейин жәрдемши цехлар өнимин калькуляциялаў ҳәм усыныӊ менен бирге өз ара көрсетилетуғын хызметлерди есапқа алыў зәрурлиги менен байланыслы:
4.Өндиристи басқарыўда калькуляцияныӊ роли
Бурын калькуляциялаў бир мақсетке – өзиӊ жетистирген таяр өним ҳәм ярым фабрикатлар аўысығын баҳалаў мақсетине ийе еди. Бул ўазыйпаны шешиў ишки өндирислик мақсетлер, сыртқы есабат ушын ҳәм пайданы анықлаў ушын зәрур.
Бурын бар калькуляция тизимлери көплеген басқарыў ўазыйпаларын шешиў ушын мағлыўмат бермеди.
Ҳәзирги калькуляция тизимлеринде дәстурий ўазыйпаларды, сондай – ақ төмендегидей ўазыйпаларды шешиў ушын мағлыўматлар бар:

  1. Өнимди буннан былай шығарыўдыӊ мақсетке муўапықлығы:

  2. Оптикал (мақул) баҳаны белгилеў:

  3. Шығарылатуғын өнимниӊ ассортиментин оптималластырыў:

  4. Ислеп турған техниканыӊ ҳәм технологияны жаӊалаўдыӊ мақсетке муўапықлығы:

  5. Тутас алғанда қәрхананыӊ ҳәм айырым бөлимшелердиӊ басқарыўшы хызметкерлеринин жумысыныӊ сапасын баҳалаў:

  6. Ҳақыйқый өзине тусер баҳаныӊ жобалы ямаса нормативли өзине тусер бахадан артық – кемин талқылаў:

  7. Жобаластырыў:

  8. Трансферт баҳа белгилеў.

5.Материаллық аўысықларды(запасларды) есаплаў
5.1 Материаллық – өндирислик запасларди (моз) баҳалаў “Материаллық – өндирислик запасларды (МӨЗ) есаплаў” 5/01 ПБУға муўапық бухгалтериялық есабатқа ҳақыйқый өзине тусер баҳасы бойынша қабыл етиледи.
Нызамларда нәзерде тутылған жағдайлардан басқа қосымша кун салығынан ҳәм өндирилетуғын басқа салықлардан тыс шөлкемниӊ ҳақыйқый сатып алыў қәрежетлерин суммасы МПЗ(МӨЗ) диӊ ҳақыйқый өзине тусер баҳасы деп тән алынады.
Төмендегилер мөзды сатып алыў ушын ҳақыйқый қәрежетлер бөлыўы мумкин:

  • Жеткерип буриўшиге шәртнамаға муўапық толенетуғын суммалар:

  • Сатып алыўға байланыслы мағлыўмат ҳәм мәслахат хызметлери ушы шөлкемлерге төленетуғын суммалар:

  • Бажыпуллар ҳәм басқа да төлемлер:

  • МӨЗди сатып алыўға жәрдемлескен қәтерени шөлкемге төленетуғын хошаметлеўлер:

  • Қаисызландырыў қәрежетлери менен қоса запасларды таярлаў ҳәм жеткерип бериў бойынша қәрежетлер:

  • Жеткерип бериўшилер тәрепинен берилген кредитлер (коммерциялық кредит) бойынша есапланыдған процентлер; МӨЗ ды сатып алыў ушын тартылған ҳәм оларды қабыл етип алыўға шекем бухгалтерияллық есапқа , есапқа киритилген қарыз қаржылар бойынша процентлер;

МӨЗды сатып алыўға тиккелей байланыслы басқада қәрежетлер.
МӨЗдыӊ ҳақыйқый өзине тусер баҳасы сондай ақ төмендегилер менен белгиленеди:

  1. Шөлкемниӊ куши менен оларды ислеп таярлағанда жетистириўге байланыслы ҳақыйқый қәрежетлер бойынша;

  2. Шөлкемниӊ шөлкемлестириўшилери (қатнасыўшылары) менен келисилген ақша қунына тийкарланған ҳалда шөлкемниӊ устав (склад) ири қаржысына аманат сыпатында киргизгенде, егер нызамда басқасы нәзерде тутылмаған болса;

  3. Миннетлемелерди ақшадан басқасы менен өрынлаўды (толеўди) нәзерде тутатуғын шәртнамалар бойынша, шөлкем тәрепинен тапсырылған ямаса тапсырылыўы тийис болған активлер қуны әдетте салыстырмасы шараятларда усыған уқсас активлердиӊ қунын белгилеўине тийкарланған ҳалда белгиленеди.

Бухгалтериялық есапка қабыллаў сәнесинде ағымдағы базар қунына тийкарланған ҳалда шөлкем тәрепинен шәртнама бойынша ямаса тегин алғанда.
МӨЗдыӊ ағымдағы базар қуны дегенде бул активлерди сатыўдыӊ нәтийжесинде алыныўы мумкин болған ақшалай қәржылар тусиниледи.
МӨЗ келип тускен барлық усылларда сондайақ бул активлерди жеткерип бериў ушын ҳәм оларды пайдаланыў ушын жарамлы ҳалатында келтириў ушын шөлкемниӊ ҳәқыйқый қәрежетлери олардыӊ ҳақыйқый өзине тусер баҳасына киритиледи.
5/01 ПБУ ға муўапық МӨЗды өндириске өткергенде ямаса басқа процессте олар (сатыў қуны бойынша есапқа алынатуғын товарлардан басқа) төмендеги усылардыӊ бири менен баҳаланады:

  1. Ҳәрбир бирликтиӊ өзине тусер баҳасы бойынша:

  2. Орташа өзине тусер бахасы бойынша:

  3. Ўақыт бойынша биринши сатып алынғанлардын (ФИФО) өзине тусер баҳасы бойынша:

МӨЗдыӊ ҳәрбир топары (тури) бойынша есабат жылы даўамында шөлкемниӊ есабат сиясатында тастыйықланатуғын баҳалаўдыӊ бир усылы қолланылады.
Биринши усыл шөлкем тәрепинен айрықша тәртипте пайдаланылатуғын МӨЗ (хасыл баҳалы металлар, хасыл баҳалы таслар ҳәм тағы басқалар ямаса қәдимгидей бир бирин алмастыралмайтуғын запасларға келгенде қолланылады
Материаллық ресурсларыӊ баҳалаўдыӊ екинши усылы ўатандарлық есап әмелиятына тән, дәстур нәрсе. Орташа өзине тусер баҳа запаслардыӊ улыўма өзине тусер баҳасын санына бөлинген тийинди сыпатында белгиленеди.
ФИФО усылы( Frist in frist out – FIFO) саны аӊлатады, бул байланыслы емес , бирақ материаллық байлықлардыӊ қандай тәртисы өндириске жиберилген, дәслеп оларды биринши сатып алынған партияныӊ баҳасы (өзине тусер баҳасы) бойынша, буннан кейин екинши партияныӊ баҳасы ҳәм тағыда басқа бойынша бир айдағы улыўма шығын алынбағанға шекем есаптан шығарады.
Есабат дәўириниӊ аҳырына МӨЗ яғный запаслардыӊ ҳәрбир бирлигиниӊ өзине тусер баҳасы, орташа өзине тусер баҳасы ямаса ўақыт бойынша биринши сатып алынған запаслардыӊ баҳасы бойынша өткерилгенде запасларды баҳалаўдыӊ қабыл етилген усылына қарап баҳаланады.
Өрташа өзине тусер баҳа ямаса ФИФО усыллары өрташа бир айлық ҳақыйқый өзине тусер баҳасына тийкарланып , яки материаллық байлықлардыӊ өзине тусер ҳақыйқый бахасын жиберген пайытта анықлаў жолы менен (жылжымалы баҳа) қолланылыўы мумкин. Туўры ақылға салып баҳалағанда айдыӊ басына материаллардыӊ муғдары ҳәм қуны ҳәм бир айда келип тускен барлық материаллар, ал жылжымалы баҳада айдыӊ басына келип тускен материаллар муғдары ҳәм қуны және жиберилген пайытқа шекем келип тускен барлық материаллар есапқа киритиледи.
Мысал
Дәслепки мағлыўматлар
Материалдыӊ бир айда колик тусиўи.

Сәне

Көрсеткиш

Бирликлер саны

Бирлик ушын баҳа сум

Сумма
Сум

1.04
9.04
16.04
20.04

Қалдық
Келип тусти
Келип тусти
Келип тусти
Келип тусти

15
25
15
30
20

7
10
12
13
15

70
250
180
380
300

Жуўмағы (келип тускени + қалдық

100

-

1190

70 материалдыӊ қәрежетин ҳәм складтағы қалдықты ФИФО ҳәм өрташа өзине тусер баҳа усыллары бойынша баҳалаў талап етиледи.



Шешим

  1. Өлшестирилген баҳа




Бирлик саны

Биреўиниӊ баҳасы, сум

Сумма
Сум

ФИФО усылы бойынша
-биринши партия
-екинши партия
-ушинши партия
-төртинши партия

10
25


15
20

7
10


12
13

70
250


180
260

Бир айғы жуўмақ

70

-

760

Орташа өзине тусер баха бойынша орташа өзине тусер баха




1190:100:11,9




Бир айғы жуўмақ

70




833

Майға материаллар қалдығы

Көрсеткиш

Бирликлер саны

Биреўиныӊ бахасы, сум

Сумма
Сум

ФИФО усылы бойынша партия қалдығы

10

13

130

-Бесинши партия

20

15

300

Орташа өзине тусер баха бойынша

30

-

430

қалдық

30

11,9

357

Өзгермели баҳа ушын


Былай дейик, ҳәм 21 апрельде 35 материалдан берилди баҳа жиберилгенге шекем барлық келип тускен материаллар бойынша белгилейди.

Апрель айында жумсалған материаллар

Көрсеткиш

Бирликлер саны

Бираеўиниӊ баҳасы, сум

Сумма
Сум

ФИФО усылы бойынша
-биринши жиюерилгенде

-екинши жиберилгенде



10
25


15
20

7
10


12
13

70
50


180
260

Бир айға жуўмақ

70




760

Орташа өзине тусер баҳасы бойынша:

  • Биринши жиберилгенде

  • Екинши жиберилгенде

35
35



320:35=9,14


370:45=12,67

320
443,4



Бир айға жуўмақ

70

-

763,4

Майға материаллар қалдығы



Көрсеткиш

Бирликлер саны

Биреўиниӊ баҳасы

Сумма
Сум

ФИФО усылы бойынша
-төртинши партияныӊ қалдығы
-бесинши партия

10
20



13
15



130
300



Жуўмағы










Орташа өзине тусер баха бойынша

Қалдық

30

14,22

426,6

Қаржы есабатында басқарыў есабатында пайдаланылатуғын жумсалған материаллық запаслары баҳалаў усылларынан тысқары сырт ел әмелиятында пайдаланылатуғын материаллық қәрежетлерди баҳалаў усылларын – ХИФО,ЛОФО, перманент қайта баҳалаў, өзгермейтуғын баҳалар, концер баҳасы, сатып алыў баҳасы, кун баҳасы, есап баҳасы бойынша баҳалаў усылларын пайдаланыўға болады.


ХИФО усылын пайдаланғанда жумсалған материалларды ямаса товарларды сатып алыў муддетине қарамастан еӊ жоқары сатып алыў баҳасы бойынша баҳалайды.
ЛОФО усылы, керисинше, сатып алыў муддетине қарамастан жумсалған товар материаллық байлықларды еӊ төмен баҳаны пайдаланыды нәзерде тутады. ХИФО ҳәм ЛОФО усылларын пайдаланғанда товар – материаллық байлықлардыӊ ҳақыйқый баҳасы менен есап баҳасы өртасындағы парқты шөлкемниӊ қаржы нәтийжелерине киргизип жибереды.
Пермамент қайта баҳалаў усылында жумсалған материалларды есаптан шығарыў сәнесине ағымдағы базар баҳалары бойынша баҳалайды. Материалларды баҳалаўдағы парқы тәмийнат хызметиниӊ жумысыныӊ нәтийжеси сыпатында қарайды.
Бир баҳалар бойынша баҳалағанда материаллар ағымдағы сатып алыў баҳаларына қарамастан алдын ала белгиленген баҳалар ҳәм тарифлер бойынша есапқа алынады. Материаллардыӊ қунынан өзине тусер ҳақыйқый баҳасынан артық – кеми есап дәўириниӊ ақырында бир баҳа бойынша есаптан шығарылады.
Концер баҳа – бул товар материаллық байлықларды корпорацияныӊ өзине сатыў баҳасы, сатып алыў баҳасы – сатып алыў пайытындағы ҳақыйқый баҳа, кун баҳа – товар-материаллық байлықлар сатып алыў куни сатып алынған баҳа.
Есап баҳасы – товар-материаллық байлықлардыӊ орташа салыстырмалы сатып алыў баҳасы сыпатында белгиленеди.
Сарыпланған материаллық запасларды баҳалаў усылын таӊлаў, хожалық жумысыныӊ айқын шараятларына байланыслы болады . Әдетте онша жоқары емес ретабелликте жумсалған материалларды еӊ төмен қунын тәмийинлейтуғын усылларын (ЛОФО ҳәм басқа) таӊлап алады. Жоқары рептабелликте жумсалған материалларды жоқары баҳалаў усыллары (ХИФО ҳәм басқа) пайдаланады.
Материаллық – өндирислик запасларды есаплаў ушын төмендеги счётлар пайдаланылады:
“Материаллар” (бухгалтериялық есаптан счётлардыӊ бир жобасында “Шийки зат ҳәм материаллар”, “Сатып алынатуғын ярым фабрикатлар ҳәм комплектлеўши буйымлар”, “Жанылғы” басқа да материаллар ҳәм басқа да субъчетлар нәзерде тутылған;
20 ”Тийкарғы өндирис”;
41 ”Товарлар”;
43 “Таяр өним”
Актив счётлар, дебет бойынша запаслардыӊ көбейиўи, кредит бойынша олардыӊ азайтыўы көрсетиледи.
Материаллардыӊ есабат сиясатына қарай материаллар есабаты есап баҳаларын есапланған ҳалда шөлкемлестириўи мумкин. Бул жағдайда 15”материаллық байлықларды ислеп таярлаў ҳәм сатып алыў” счёты пайдаланылады. Төмендегилер есап баҳалары бөлыўы мумкин:

  • Шәртнама баҳалар:

  • Алдынғы айдыӊ ямаса есабат дәўириниӊ муғлыўматлары бойынша ҳақыйқый өзине тусер баҳа;

  • Жобалы – есапласыў баҳалары;

  • Топарлардыӊ орташа баҳасы

Ҳақыйқый өзине тусер баҳа менен есап баҳа ортасындағы парқ “Материаллық байлықлар қунында артық – кеми” счётында артық – кем сыпатында есапланылады.

    1. Материаллар ҳәрекетин ҳужжетин рәсмийлестириў

Шөлкемке келип тускен материаллар өз ўақтында кирис етилиўи тийис. Қабыллағанда материаллар есап ямаса қоса жиберилген ҳужжетлерди көрсетилген ассортиментине, муғдарына ҳәм сапасына муўапықлығы пухта тексериледи.
Жеткерип бериўшиниӊ мағлыўматлары менен ҳақыйқый мағлыўматлар ортасында туўры келмеўшилик жоқ болса, онда кирис ордерин (форма №М-4) дузеди. Туўры келмеўшилик болса, сондай – ақ материаллардыӊ қойылған талапларға муўапық келмеген жағдайларда комиссия тәрепинен қабылланады, бул комиссия материалларды қабыллаў ҳақыйқый акт (форма № М – 7) таярлайды. Материалларды қабыллаў ҳаққында акт жеткерип бериўшиге гинә ҳәм даўа билдириў ушын тийкар бола алады. Бир ҳәм сол жеткерип буриўшиден келип тускен бирқыйлы массалық жуклерге кун даўамында бир неше рет бир кирис ордери таярланады.
Кирис өрдериниӊ орнына материаллар жеткерип бериўшиниӊ ҳужжетинде (счетында, нақларында ҳәм басқаларда) штапы қойылыўы мумкин, онда кирис ордериндегидей реквизитлер болады. Усындай штамп кирис ордери менен теӊ дәрежели болады.
Өндириске материал берилди дегенде өним ислеп таярлаў (жумысларды орынлаў, хызметлер көрсетиў) ушын , сондай – ақ шөлкемниӊ басқарыў илажлары ушын оларды складтан бериў тусиниледи. Складлардан материал жиберилетуғын биринши ҳужжетлерде төмендегилер көрсетиледи:
Материал атамасы;
Саны;
Баҳасы (есап баха);
Сумма;
Мақсети – ислеп таярлаў ушын складтан жиберилген материаллардыӊ номери (шифры) ҳәм (ямаса) буйыртпаныӊ (буйымныӊ, өнимниӊ) атамасы, ямаса қәрежетлердиӊ номери(шифры( ҳәм (яки) атамасы.
Складтан материаллар өндириске, әдетте, алдын ала белгиленген лимитлер тийкарында жиберилиўи тийис:
Төмендеги материалларды жибериў бойынша биринши ҳужжетлдерден есапланады:

  • Лимит – топлаў картасы (форма № М-8);

  • Талап – наклад (форма №М-11;

  • Сыртқа материаллар жибериў накладнойы (форма №М-15)

Лимит – топлаў карталары өним ислеп шығарыў (жумыслар орынлаў, хызметлер көрсетиў) ушын, сондай – ақ лимитлердиӊ сақланыўы устинен қадағалаў ушын системалы тутынылатуғын материалларды жибериў ушын арналған. Талап – накладной бир жола жибериў ушын, сондай – ақ белгиленген лимиттен зыят жибериў ушын пайдаланылады. Сатыў ушын материалларды жибергенде сыртқа материаллар жиберилетуғын накладнойлар жазылады.
Складта материаллардын хәрекетин есаплаў ушын материаллық жақтан жуўапкерли адамлар кирис ҳәм шығыс бойынша биринши хужжетлерлер тийкарында материалладыӊ ҳәрбир номенклатурлы материалларды есаплаў карточкасын (форма №М-7) толтырады. Операция исленген куни карточкаға жазыўлар жазылады.
5.Мийнетке ҳақы төлеў қәрежетлериниӊ есабы.
Мийнетке ҳақы төлеў бойынша есаплардыӊ бухгалтериялық есабы хызметкердиӊ жумыс орны бойынша толтырылатуғын биринши хужжетлердиӊ типовой формалары тйикарында әмелге асырылады. Томендегилер мийнетке ҳақы толеў бойынша есап-китаб ушын пайдаланылатуғын биринши хужжетлерге киреди:

  • Жумысқа қабыллаў ҳаққында буйрық:

  • Мийнет шәртнамасы:

  • Хызметкердиӊ жеке карточкасы:

  • Демалыс бериў ҳаққында буйрық:

  • Жумы ўақтын есаплаў ҳәм хызмет ҳақыны есаплаў табели.

Хызметкерлердиӊ мийнет миннетлемелерин орынлаўы шәрт болған ўақыт, сондай – ақ нызамларға муўапық жумыс ўақтына киретуғын басқа да ўақытлар жумыс ўақтын деп аталады.
Жумыс ўақтыныӊ даўамлылығыныӊ шекли нормалары хызметкерлердиӊ категориялары бойынша нызам тәртибинде белгиленеди. Мийнет кодексине муўўапық жумыс ўақтыныӊ даўамлылығы бизде ҳәптесине 40 саатты қурайды. Хызметкерлердиӊ айырым категориялары (муғалимлер, шыпакерлер, 1 ҳәм 2 топар майыплары ҳәм басқалар) ушын жумыс ўақтыныӊ қысқартылған даўамлылығы нәзерде тутылған.
Хызметкерлердиӊ ямаса ҳәкимшиликтиӊ басламасы менен ислеп берилген ўақытқа теӊ дәрежели ҳақы төленип толық емес жумыс ўақты белгилениўи мумкин. Узиликсиз өндирис типиндеги шөлкемлерде айырықша мийнет режими (вахта усылы) белгилениўи мумкин.
Шөлкемниӊ жумыс ўақты режими – бул белгили календарды дәўир даўамында жумыстыӊ бөлистирилиўи:

  • Еки кун демалыс менен бес кунлик жумыс ҳәптесине;

  • Бир кун демалыс менен алты кунли жумыс ҳәптеси;

  • Жылжы малы график бойынша дем алыс куниниӊ берилиўи менен жылжымалы (сменалы) жумыс ўақты режими.

Жумыс бериўши жумыс ўақтын арнаўлы есаплаў табелинде ҳәрбир хызметкердиӊ ҳақыйқый ислеп берген ўақтыныӊ есабын жургизиўи шәрт.
Шөлкемниӊ хызметкерлери төмендегише бөлинеди:
Жолланба хызметкерлер, олар менен мийнет шәртнамасы дузиледи;
Басқа да хызметкерлер, олар менен пухаралық – ҳуқық ҳежжети (кесип алып ислеў шәртнамасы, талапнамалар, авторлық шәртнама сапланып хызмет көрсетиў шәртнамасы: сақлаў шәртнамасы ҳәм басқалар) дузиледи.
Мийнетке ҳақы төлеў бойынша шөлкемниӊ миннетлемелери:
Хызмет ҳақы, демалыс пул, жәрдем пул,сыйлықлар;
Физикалық шахслардыӊ дәраматларынан салық;
Бир социаллық салық (2010 жылдан баслап бир социаллық салық мамлекетлик бюджеттес тыс қарларға қамсызлардырыў взнослары менен алмастырылады);
Судтыӊ шешимлерин орынлаў.
Хызмет ҳақы қарына төмендегилер киреди:

  • Тийкарғы хызмет ҳақы (айына мийнет ҳақынын минимал (аз) муғдарына төмен емес) – ислеп берилген ўақыт ҳәм орынланған жумыс ушын, бунда сыйлықлар, компенсациялық косымшалар, устемелер бериўши қосымшалар ҳәм хызметкердиӊ жеке мулкин пайдаланғаны ушын компенсациялар есапланылады;

Қосымша хызмет ҳақы – гезектеги демалыслар ҳәм оқыў демалыслар ушын төлем, жумыстан шығарылғанда жәрдем дем алыс пул;
Хошамет төлемлери – материаллық жәрдем, саўғалар;

  • Басқа да төлемлер (аўқат, турар жай, жанылғы ушын).

Мийнетке ҳақы төлеўдиӊ еӊ аз (минимал) муғдары мәмлекет тәрепинен белгиленеди ҳәм нормал мийнет шараятларында жай жумысларды орынланғанда квалификациялы емес хызметкерлердиӊ мйинет ҳақысыныӊ еӊ төмен шегарасын белгилейди.
Мийнетке ҳақы төлеў тизимлери:
Тарифли – ҳәрқыйлы категория хызметкерлеринин хызмет ҳақысынын дифференциялы тариф тизимин тийкарланған мийнетке ҳақы төлеў тизими (тариф ставкалар, окладлар, коэффицентлер);
Тарифсиз – хызметкердиӊ табысы жәмәәттыӊ ақырғы жумыс нәтийжелерине байланыслы болады және путкил жәмәәм тәрепинен ислеп табылған мийнет ҳақы қарында оныӊ улесин көрсетеди.
Бул тизимде бир оклад ямаса тариф ставкасы белгиленбейди, ал , әдетте, бул улес хызметкерге берилген, оныӊ мийнет қатнасы дәрежесин ямаса квалификациясын белгилейтуғын коэффициент тийкарында белгиленеди.
Мийнетке ҳақы төлеў форматлары:
Ўақытлы – мийнетке ҳақы төлеў формасы бунда табыс кеткен ўақытқа байланыслы (ҳақыйқый кеткен ўақытқа) , хызметкердиӊ маманлығы ҳәм мийнет шараятлары есапқа алынады.
Әпиўайы ўақытлы формасы (тариф ставкасы ислеп берилген ўақытқа кобейтиледи) ҳәм ўақытлы сыйлықлы формасы (тариф бойынша табыс суммасына сыйлық косылады) болады.
Сдельный – мийнетке ҳақы төлеў формасы, бунда табыс жетистирилген өнимлердиӊ сапасы, әпиўайы емеслиги ҳәм мийнет шараятлары есапқа алынып муғдарына байланыслы болады: Томендегилерге ажыратады:
Тиккелей сдельный (өним бирликлери расқенкасына көбейтиледи).
Сдельный прогрессивли (жобадан (нормадан) зыят өнимге артылылған расценкалар белгиленеди);
Сделлы – хошаметли (мийнетке тиккелей сдельный ҳақыдан басқа норманы орынлағаны ҳәм артығы менен орынланғаны ушын, сапасы ҳәм басқасы ушын сыйлықлар есапланылады);
-жанапай сдельный (жәрдемши жумысшылардыӊ мийнетине ҳақы төлеў хызмет корсетиўши тийкарғы жумысшылардыӊ мийнет нәтийжелерине байланыслы болады):
- аккордлы (улыўма табыс белгили өним көлеми ушын есапланылады).
Хызмет ҳақыдан услап қалыўлар жумыс бериўшиниӊ басламасы бойынша ҳәм хызметкердиӊ бийлиги бойынша шәртли услап қалыўларға бөлинеди.
Шәртли услап қалыўлар.

  • Физикалық шахслардыӊ дәраматларына салық:

(НДФЛ);
-орынлаў листлери (судтын шешилери) бойынша услап қалыўлар
Жумыс бериўшиниӊ басламасы бойынша услап қалыўлар:
Ислеп берилмеген “авансты қаплаў:
Материаллық зыянды қаплаў:
Артық есапланылған хызмет ҳақы
Хызметкердиӊ бийлиги бойынша услап қалыўлар

  • хызметкерге берилген кредитлер, қарызлар;

  • Профсоюз взнослари;

Алиментлер
Мийнетке ҳақы төлеў есапласыў есабы төмендеги басқышлардан ибарат:
Ҳәр бир хызметкердиӊ хызмет ҳақысы тийисли биринши ҳужжетлерге тийкарланып есапланады

  • Ҳәр бир хызметкердиӊ хызмет ҳақысын услап қалыўлар ҳәм есаплап шығарыўлар муғдары белгиленеди;

Услап қалыўлардан кейин ҳәрбир хызметкерге берилетуғын хызмет ҳақы суммасы белгиленеди:
Тутас алғанда шөлкем бойынша есапланылған суммалар ҳәм услап қалыўлар ҳаққында улыўма мағлыўматлар таярланады

  • Мийнет ҳақы қарынан есаплап шығылған мийнетли төлемлерди есаплаў жургизиледи.

Мийнетке ҳақы төлеў бойынша есаплаўлардыӊ синтетикалық есабы “Мийнетке ҳақы төлеў бойынша хызметкерлер менен есапласыўлар” счётында жургизиледи:
Кредит бойынша хызмет ҳақыны есаплай көрсетиледи:
Дебет бойынша хызмет ҳақыны есаплай көрсетиледи.
Кредит бойынша сальдо-бул шөлкемниӊ хызметкерлер алдында қарызы.
Салық кодексине муўапық жолланба хызметкерлерге хызмет ҳақыны төлеўин шөлкемлер бир социаллық салықта (ЕСН) төлеўшилер болып есапланады. Мамлекетли бюджеттен тыс қарларға – Пенсия қарына (ПФ), социяллық қамсизландырыў қарына (ФСС), Федераллық шәртли медициналық қамсызландырыў қарына (ФФОМС) ҳәм аймақлық шәртли медициналық қарына (ТФОМС) бир социаллық салық төлеўден қамсызландырыў взносларына отиў нәзерде тутылмақта.
Қарлар менен есапласыўларды есаплаў 69”Социаллық қамсызландырыў ҳәм тәмийинлеў бойынша есапласыўлар синтетикалық счётында әмелге асырылады:
Кредит бойына салықты есаплаў:
Дебет бойынша – салықты өткериў ҳәм пайдаланыў (мийнетке жарамсызлық шартлери бойынша есаплаў, социаллық жәрдем пул толеў, жолламалар бериў.
Тема 4 . “Директ – қостинг” тизими бойынша қәрежетлерди есаплаў, өнимниӊ, жумыслардыӊ ҳәм хызметлердиӊ өзине тусер баҳасыныӊ калькуляциясын шығарыў

  1. “Директ – қостинг” тизиминиӊ пайда болыў тарийхы.

Қәрежетлерди есаплаў ҳәм калькуляциялаў тизимлериниӊ бири сыпатында “директ – костинг” тизимин қәлеплестириў өним жетистириў қәрежетлериниӊ классификациясын жетилистириўден басланады. Бул идеяны раўажландыра өтырып америкалы экономист Дж Гаррисон уллы депрессия (улкен ) дәўиринде “директ – костинг” тәлийматын дөретти. Тизиминиӊ тийкарғы идеялары ол тәрепинен 1936 – жылы жәрияланды. Тизим 20 – әсирдиӊ 50 – жылларында кеӊ таралады.
Кризиске шекем таяр өним қалдықларды толық қәрежетлер бойынша анықланған өзине тусер баҳа бойынша баҳаланды. Депрессия сатылмай қалған өнимниӊ улкен запасларыныӊ топланыўына алып келди. Усыған байланыслы алынатуғын пайданыӊ баҳасы бурмаланды, өйткени сатылмай қалған өним барлық қәрежетлерди, соныӊ ишинде турақлы қәрежетлерди өз ишине алды. Өндирис колемин байланыслы болмаған турақлы қәрежетлер есапланылған пайданыӊ муғдарына әдеўир тәсир жасай отырып есабат дәўирлери ортасында қайта бөлистирилди.
Америкалы талқылаўшылардыӊ пикиринше есабат дәўиринде корген зыянныӊ нәтийжесин есаплаў керек еди. Усыған байланыслы сол ўақытта барлық қәрежетлерди жанапай қәрежетлерген өзгермели қәрежетлерге ҳәм жанапай қәрежетлерге теӊлестирилген турықлы қәрежетлерге қарар етилди, сонлықтанда оларды пайдасыз қәрежетлер деп атады. Усыныӊ менен бирге “директ – костинг” тизимин қолланыўдыӊ дәслепки басқышларында тек тиккелей қәрежетлер өзине тусер баҳаға киргизилди, ал жанапай қәрежетлер жанапай қәрежетлерге шығарылды. Кейин ала “директ – костинг” тизими қәрежетлерди есаплаўдыӊ ҳәм өзине тусер баҳаныӊ калькуляциясын шығарыўдыӊ сондай тизимине киритилди, оны пайдаланылғанда тек тиккелей өзгермели қәрежетлер ғана емес , ал жанапай тиккелей қәрежетлер де өзине тусер баҳа қурамына киритилди.

2.”Директ – костинг” тизиминиӊ мазмун – мағанасы ҳәм қолланылатуғын вариантлары.
Бул тизимде өзине тусер баҳа қурамында өним турлери бойынша өзгермели қәрежетлер есапланылады, ал турақлы қәрежет пайда болыў орынлары бойынша жыйналады, айырым счетта есапланылады ҳәм улыўма қаржы нәтийжесине шығарын тасланады.
Өзине тусер баҳа қурамына киритилетуғын қәрежетлер қурамына қарай тизимде пайдаланыўдыӊ бирнеше вариантлары бар. “Директ – костинг” тизимин пайдаланған жағдайда өнимниӊ өзине тусер баҳасында төлемдегилер есапқа алынады:

  1. Тиккелей материаллық қәрежетлер ( шийки зат ҳәм тийкарғы материаллар)

  2. Тиккелей мийнет қәрежетлери (тийкарғы жумысшылардыӊ мийнетине ҳақы төлеў).

  3. Улыўма өндирислик қәрежетлердиӊ өзгермели бөлеги.

  4. Ҳәкимлик – басқарыў қәрежетлериниӊ өзермели бөлеги.

  5. Коммерциялық қәрежетлердиӊ өзгермели бөлеги.

Өзгермели ҳәкимшилик – басқарыў ҳәм коммерциялық қәрежетлер бәрқулла киритиле бермейди ҳәм “директ – костинг” тизиминиӊ қолланылатуғын вариантын таӊлаўға байланыслы болады.
Запаслар, яғный складлардағы таяр өним қалдықлары да өзгермели қәрежетлер бойынша баҳаланады.
Турақлы қәрежетлер есабат жалында пайданыӊ ҳәм зыянныӊ муғдарын есаплағанда ғана есапқа алынады.
“Директ – костинг” тизимин әмелий пайдаланыў саны көрсетеди, бир қатар жағдайларда жанапай қәрежетлерди өзгермели ҳәм турақлы қәрежетлерге болыў шәртли болады ҳәм кабыл етилген руқсатнамалар есабат сиясатында сәўлелениўи тийис.
Төмендегилер “директ – костинг” тизиминиӊ қәрежетлерди есаплаўдыӊ дәстурий тизиминен парқ ететуғын тәреплеринен саналады:

  • Қәрежетлерди өзгермели ҳәм турақлы қәрежетлерге бөлыў;

  • Өзине тусер баҳаныӊ шекленген қәрежетлер бойынша калькуляциясын шығарыў;

  • Дәрамат ҳәм пайда муғдарын белгилегенде коп басқышлық.

3.Маржинал пайданы (дәраматты) анықлаў”Директ – костинг” тизиминде пайда ҳәм зыян ҳаққында есабатты таярлаў.
“Директ – костинг” тизимин пайдаланғанда пайда ҳәм зыян ҳаққында есабатын дузиў процесси еки басқышқа ийе:

  1. Сатыўдан тусим менен өнимниӊ өзине тусер баҳасы (өзгермели қәрежетлер) ортасындағы парқ сыпатында маржинал дәраматты (пайданы) анықлаў;

  2. Сап дәраматты ямаса пайданы маржинал дарамат пенен турақлы қәрежетлер ортасындағы парқ сыпатында анықлаў.

4.1 кестеде өзине тусер баҳасы калькуляциялаўдыӊ дәстурий тизимин ҳәм “директ – костинг” тизимин пайдаланғанда пайданы (зыянды) анықлаў көз қараслары салыстырылған. Кестеде көринип турғанындай – ақ еки усылларды пайдаланғанда қаржы нәтийжеси (пайда) бирдей болады. Бирақ бул жетистирилген барлық өним сатылған жағдайда ғана болады.
Қәрежетлерди есаплаўдыӊ ҳәм өзине тусер баҳасын калькуляциялаўдыӊ ҳәрқыйлы тизимлерин пайдаланғанда пайданы анықлаў

Өзине тусер баҳаны калькуляциялаўдыӊ дәстурий тизими

“Директ – костинг” тизими

600 мыӊ сумды жумсаўдан тускен тусим алыў
360 мыӊ сум өнимниӊ өндирислик өзине тусер баҳасы
Алыў 100 мыӊ сумлық ҳәкимшилик – басқарыў кәрежетлери
Алыў 60 мыӊ сумлық коммерциялық кәрежетлер

80 мыӊ сум пайда



600 мыӊ сумды жумсаўдан тускен тусим
1-басқыш
Алыў 300 мыӊ сум өзгермели өндирислик қәрежетлер
Алыў 20 мыӊ сум өзгермели ҳәкимшилик – басқарыў қәрежетлери

280 мыӊ сум маржинал дәрамат


2-басқыш
Алыў 60 мыӊ сум турақлы өндирислик қәрежетлер


Алыў 80 мыӊ сум турақлы ҳәкимшилик – басқарыў қәрежетлери

80 мыӊ сум пайда





  1. “Директ – костинг” тизимин пайдаланыў оныӊ артықмашлықлары ҳәм кемшиликлери.

Қаржы есабатыныӊ ҳалық аралық стандартларына муўапық “директ – костинг” тизими сыртқы есабатты таярлаў ҳәм салықларды есаплаў ушын пайдаланылыўы мумкин емес.
Бул тизим қәрхананыӊ өзинде техникалық – экономикалық талқылаўды жургизиў ҳәм оператив басқарыў шешимлерин қабыл етиў ушын қолланылады. Раўажланып атырған базар шараятларында ҳәкимшилик ҳәм менеджерлер басқарыўшылардыӊ мийнет ҳақысы, офис ушын ижара пул усаған көрсеткишлерге ҳәм басқа да көрсеткишлерге байланыслы өним жетистириў ҳәм хызметлер көрсетиў қәрханаға қаншаға айланатуғыны ҳаққында оператив мағлыўматқа ийе болыўы тийис.
Ҳәзирги ўақытта теорияда ҳәм әмелиятта сырт елде өзине тусер баҳаны ҳәм пайданы басқарыўда калькуляциясын дурыс шығарыўдыӊ төмендеги принципи қолланылады:
Өнимниӊ еӊ анық калькуляциясы коп санлы есаплаўлардан ҳәм бөлистириўлерден кейин қәрежетлердиӊ барлық турлерин әдеўир толық өз ишине алатуғыны емес, ал бул өнимди ислеп шығарыў менен тиккелей байланыслы қәрежетлердиӊ турлерин өз ишине алатуғыны еӊ анық барлық калькуляция.
“Директ – костинг” тизимин қоллана отырып, өндирис көлеми, қәрежетлер ҳәм тусимлер ортасындағы өз ара байланысты ҳәм ғәрезлиликти оператив уйрениўге болады. Усындай талқы ушын байымлар бойынша маржинал дәраматты анықлаған ҳалда өзгермели ҳәм турақлы қәрежетлердиӊ бөлистириўши есабатын жургизиў зәрур. “Директ – костинг” тизими ислеп шығыўға өтиў ушын көп пайда беретуғын байымаларды анықлаўға имкан береди.
“Директ – костинг” тизимин пайдаланғанда өзине тусер баҳа статьяларыныӊ саны қысқарады ҳәм оны нормаға келтириў, есаплаў ҳәм қадағалаў әпиўайыластырылады. Усыныӊ менен бирге тек өзгермели қәрежетлер ғана емес, ал турақлы қәрежетлер де қадағаланады, пайданыӊ муғдарына турақлы қәрежетлердиӊ тәсири айқын көрсетиледи.
“Директ – костинг” тизиминиӊ тийкарғы артықмашылығы соннан ибарат, алынған мағлыўмат тийкарында оператив басқарыў шешимлерин қабыллаўға ҳәм биринши гезекте баҳа сиясатын нәтийжели жургизиўге болады. Батыс есабатында баҳаныӊ узақ муддетли ҳәм қысқа муддетли шеги тусиниги бар.
Баҳаныӊ узақ муддетли төмен шеги толық өндирис қәрежетлерин минимал қаплаў ушын қандай баҳа қойыўға болатуғын, яғный толық ҳақыйқый өзине тусер баҳаға теӊ екенин көрсетеди.
Қысқа муддетли баҳа шеги – бул өзгермели қәрежетлерди ғана қаплайтуғын баҳа, яғный “директ-костинг” тизими бойынша есапланылған өзине тусер баҳаға теӊ.
“Директ- костинг” тизими бойынша есабат баҳалардыӊ демпинг сиясатын жургизиўге имканият береди.
Кәрханаларда өндирислик қуўатлықлар толық қуўатында ислемеў жағдайлары жий-жий болады, пайдаланылмаған өндирислик қуўатлықлар улсине туўры келетуғын турақлы қәрежетлер нәтийжесиз қәрежетлер орын алады. Бул жағдайда “директ – костинг” тизими бойынша жыйналған мағлыўмат қосымша буйыртпалар алыў ҳаққына дурыс шешим қабыллаўға имканият береди.
Өзгермели өзине тусер баҳа ҳаққында есабат мағлыўматларына ийе бола отырып төмендеги басқарыў шешимлерин қабыллаўға болады:

  • Мумкиншилик болса сортлы өним шығарыўды оптималластырыў;

  • Әдеттегисинен төмен баҳа бойынша қосымша буйыртпа қабыллаўдыӊ мақсетке муўапықлығы;

  • Вариант таӊлаў: комплект буйымларды өзинде жетистириў ямаса сырттан сатып алыў;

  • Ускенелерди таӊлаў ҳәм алмастырыў.



  1. “Директ-костинг” тизимин пайдаланылғанда есабат жазыўлары

Улыўма өндирислик қәрежетлер өзгермели характерге , ал ҳәкимшилик басқарыў(улыўма хожалық) қәрежетлери турақлы болғанда төменде тийкарғы есабат жазыўларды келтирип өтиледи:

  1. Өнимниӊ өзине тусер баҳасын шығарыу:

    1. Тиккелей қәрежетлерди шығарыў – Д20К10,70,69.

    2. Өзгермели улыўма өндирислик қәрежетлерди өзине тусер баҳаға киритиў – Д20К25

  2. Маржинал дәраматты анықлаў – Д90К20

  3. Пайданы анықлаў – Д90К26

Егер улыўма өндирислик ҳәм улыўма хожалық қәрежетлери өзгермели ҳәм турақлы қәрежетлерге бөлинсе , онда 25 ҳәм 26 счётларға субчетлар ашылады, мәселен 25/1 улыўма өндирисли өзгермели 25/2 – улыўма өндирислик турақлы.
Мысал
Дәслепки мағлыўматлар
Кәрханада “директ-костинг” қәрежетлерди есаплаў ҳәм өзине тусер баҳаны калькуляциялаў тизими пайдаланылады. Кәрхана өнимниӊ еки А ҳәм Б турин жетистиреди.
Б туриндеги өним жетистириўге тиккелей қәрежетлер 600 мыӊ сум, соныӊ ишинде тийкарғы жумысшылардыӊ мийнет ҳақысы 400 мыӊ сум.
Улыўма өндирислик қәрежетлер – 360 мыӊ. Улыўма өндирислик кәрежетлер шәртли турде өзгермели қәрежетлер деп қабыл етиледи.
Ҳәкимшилик – басқарыў (улыўма хожалық) қәрежетлери 480 мыӊ сум. Ҳәкимшилик басқарыў қәрежетлери шәртли турде турақлы деп қабыл етиледи.
Жетистирилген өнимнен 70% и – таяр өним , 30% таяр емес.
Таяр өнимнин көлеми: А – 400: Б – 600.
Барлық таяр өним сатылған.
Тусим – 1600 мыӊ сум.
Талап етиледи

  1. Таяр өнимнин баҳасын анықлаў.

  2. Таярланып болынбаған өнимди баҳалаў

  3. Пайданы табыў.

Шешим

    1. счетка өнимниӊ ҳәр туриниӊ өзине тусер баҳасын калькуляциялаў ушын еки субсчет 20/А ҳәм 20/Б субсчетлары ашылды. Субсчетларға тиккелей қәрежетлер киритиледи:

20/А субсчетына – 400 мыӊ сум:
20/Б субсчетына – 600 мыӊ сум

  1. Улыўма өндирислик қәрежетлер 25 субсчеттан есабат сиясатына муўапық тийкарғы жумысшылардыӊ хызмет ҳаққысыныӊ муғдарына пропорционал (теӊ) дәрежеде субсчетларға болистириледи:

-20/А субсчетына -120 мыӊ сум:
-20/Б субсчетына -240 мыӊ сум.
3. Субсчетларда жетистирилген өнимниӊ өзине тусер баҳасы анықланады:
20/А субсчетында – 520 мыӊ сум:
20/Б субсчетында – 840 мыӊ сум:
4.Таяр өнимниӊ өзине тусер баҳасы анықланады:
Таяр өнимниӊ өзине тусер баҳасы А=70х 520 мыӊ сум =364 мыӊ сум:
Таяр өнимниӊ өзине тусер баҳасы Б=70% 840 мыӊ сум=588 мыӊ сум
Жуўмағы 952 мыӊ сум.

  • Бир таяр өнимниӊ өзине тусер баҳасы А=364 мыӊ сум / 600 бирлиги

= 980 сум
5.Таяр емес өним баҳаланады
- таяр емес өним А:=30% 520 мыӊ сум = 156 мыӊ сум:
- таяр емес өним Б: =30% 840 мыӊ сум =522 мыӊ сум:
Жуўмағы: 408 мыӊ сум:

  1. Маржинал дәрамат анықланады:

1600 мыӊ сум – 952 мыӊ сум = 648 мыӊ сум.

  1. Улыўма хожалық қәрежетлери есаптан шығарылып қаржы нәтийжесине киритиледи:

=648 мыӊ сум – 480 мыӊ сум = 168 мыӊ сум.
Тапсырманы шешиў нәтийжелери 4.2 кестеде келтирип өтилген. Бул кестеде сондай ақ қәрежетлерди есаплаўдыӊ ҳәм өзине тусер баҳаны калькуляциялаўдыӊ дәстурий тизимин пайдаланыў шәрти менен усындай усылда есапланылып талап етилетуғын көрсеткишлер келтирип өтилген.
Жуўмақ.
“Директ – костинг “ тизими бойынша есапланылған пайда дәстурий көз қарастан есаплаған пайдада төмен болады. Бул соныӊ менен буйланыслы, барлық турақлы қәрежетлер “директ – костинг” тизими бойынша қаржы нәтийжеге киритиледи, ал дәстурий есабат тизимди пайдаланғанда турақлы қәрежетлердиӊ бир бөлеги запасларда қалады.
“Директ – костинг” тизими бойынша дәстурий тизим бойынша қәрежетлерди есаплаў ҳәм калькуляциялаў нәтийжелериниӊ салыстырмалы характеристикасы”

Көрсеткишлер

“директ – костинг”

Толық қәрежетлерди есаплаў тизими

ГП бирлигиниӊ өзине тусер баҳасы
А
Б
Запаслар баҳасы
Пайда

900
980
408
168

1190
553
552
312


Тема 5. Қәрежетлерди нормативли есаплаў ҳәм өнимниӊ, жумыслардыӊ ҳәм хызметлердиӊ өзине тусер баҳасыныӊ калькуляциясын шығарыў тизими “Стандарт – кост” тизими

  1. Өзине тусер баҳаныӊ калькуляциясын шығарыўдыӊ нормативли есабатыӊ пайдаланыўдыӊ тийкаоғы принциплери нормативли база.

Нормативли есабат – бухгалтериялық есабаттыӊ ўатандарлық тизими. Бизиӊ елимизде 30 – жылларда “стандарт – кости” тизими тийкарында машина қурылысы қәрханаларында пайда болды.
Буйымлардыӊ ҳәрбир тури бойынша қәрежетлерди ҳәм өзине тусер баҳаны калькуляциялаўдыӊ нормативлик усылында дәўирдиӊ басына ҳәрекеттеги нормалар бойынша есапланған нормативли калькуляция таярланады.
Норма – бул прогрессив технология мийнетти шөлкемлестириў шараятларында қәрежетлердиӊ ҳәм хожалық жумысы нәтийжелериниӊ кун бурын анық белгиленген саны ҳәм муғдары. Нормалар техникалық жақтан тийкарланған бөлыўы және өним жетистириў бойынша техникалық ҳәм технологиялық хужжетлерге муўапық белгилениўи шәрт. Нормалар дәўир даўамында өзгериўи, әдетте, өндиристиӊ өзлестирилиўине ресурсларды пайдаланыўдыӊ жақсыланыўы мумкин.
Нормативлик есабат тизими бойынша есабат нормалар ҳәм нормалардан шығып кетиўлер шегиндеги қәрежетлерге барлық қәрежетлердиӊ бөлистирилетуғындай етип шөлкемлестириледи. Анықланған шекинислер ҳақыйқый өзине тусер баҳасын анықлаўға ҳәм өнимниӊ, хызметлердиӊ өзине тусер баҳасын басқарыўға имкан береди.
Нормативли есабаттыӊ тийкарғы принциплери:

  1. Өнимниӊ ҳәрбир тури бойынша өзине тусер баҳаныӊ нормативли калькуляциясын дузиў. Бул принцип биринши техникалық, технологиялық, конструкторлық, қаржы ҳәм ҳәкимшилик мағлыўмат тийкарында есапланған нормативлик ҳәм смета (бюджет) көрсеткишлерди бар болған нормативли база қәрханада болған жағдайда әмелге асырылыўы мумкин.

Нормативли база төмендегилерди өз ишине алады:

  • Шийки зат ҳәм энергия қәрежетлери сметалары;

  • Мийнет қәрежетлери нормалары:

  • Хызмет корсетиў бойынша қәрежетлер нормалары:

  • Өндиристи басқарыў нормалары ҳәм басқада нормалар.

Нормативли база өним жетистириўге нормативлы қәрежетлер суммасы анықлаў, өндириске материаллар жибериўди, лимитлеў, мийнет ҳақы қорын, хызметкерлер санын есаплаў ушын ҳәм тағы басқа ушын хызмет етеди.
Әдетте, ўатандарлық қәрханаларда нормативли базаныӊ тек ғана айырым фрагментлери бар.

  1. Нормативли өзине тусер баҳаны дузетиў ушын ҳәрекеттеги нормаларыныӊ өзгериўлерин есабат дәўири даўамында есапқа алыў.

  2. Нормалар ҳәм нормалардан шегиниўлер шегинде қәрежетлерге бөле отырып, дәўир даўамында ҳақыйқый қәрежетлерди есаплаў.

  3. Пайда болыў орынлары бойынша нормалардан шегиниўлер себебин анықлаў ҳәм талқылаў.

  4. Шығарылған өнимниӊ ҳақыйқый өзине тусер баҳасын нормативли өзине тусер баҳа, нормалардан шегиниўлер ҳәм өзгериўлери суммасы сыпатында анықлаў.

Жоқарыда көрсетилген барлық принциплерди есапқа алған ҳалда әмелиятта толық көлеминде нормативли есаплаў усылын әмелге асырыў жеткиликли дәрежеде коп мийнет талап ететуғын процесс, лекин ол қадағалаў ҳәм толқылаў ушын пайдаланыўға болатуғын қәрежетлер ҳаққында толық мағлыўмат имканиятын береди.
Әмелде нормативли есаплаўдыӊ кем мийнет талап ететуғын модификациялары да қолланыўы мумкин:

  1. Тиккелей қәрежетлер нормаланыўы тийис.

  2. Нормалар өзгергенде тамамланбаған өндирис қалдықлары қайта есапланбайды, ал нормалардыӊ барлық өзгерислери ҳәм шегинислер таяр өнимниӊ өзине тусер баҳасына киритиледи.

  3. Нормалар азмаз өзгергенде дәўир даўамында олардыӊ есабаты шөлкемлестирилмейди, ал шегинислер менен бирге алып қаралады.

Бухгалтериялық жазыўлар ушын 40 счет “Өним ислеп шығарыў, жумыслар ҳәм хызметлер” пайдаланылады. Д40 бойынша шығарылған өнимниӊ ҳәм көрсетилген хызметлердиӊ ҳақыйқый өзине тусер баҳасы, көрсетилди, К40 бойынша жетистирилген өнимниӊ ҳәм көрсетилген хызметлердиӊ нормативли өзине тусер баҳасы көрсетиледи.
Шегинислерди есаплаў ушын счетлар жоқ, олар биринши мағлыўматта ҳужжетлестириледи. Есабат дәўиринен (ай, квартал) кейинги бири куни 40 счетта ҳақыйқый өзине тусер баҳаныӊ нормативли баҳадан шегиниси белгиленеди. Егер унем анықланса, онда сатылған өнимниӊ өзине тусер баҳасы тиркеледи. Егер артық анықланса, қосымша жазыў жазылады, буннан кейин қаржы нәтийжеси дузетиледи.
40 счет калькуляцияланғанда толық өзине тусер баҳа сыпатында да , шекленген калькуляция сыпатында да пайдаланылыўы мумкин 40 счеттыӊ өзгешелиги соннан ибарат, бул счетта шегинислер анықланады, ал бул шегинислер дәрҳал таяр өнимниӊ өзине тусер баҳасына өткериледи.Складтағы таяр өним калдықлары сондай ақ нормативли өзине тусер баҳа бойынша баҳаланады.

40 счетты (“Таяр өним ислеп шығарыў, жумыслар, хызметлер” пайдаланғандағы есабат жазыўлары схемасы



Хожалық операцияныӊ мазмуны

Дебет

Кредит

  1. Ҳақыйқый шығарылған ҳәм складка тапсырылған таяр өнимниӊ нормативли өзине тусер баҳасы есаптан шығарылған

43

40

  1. Тийкарғы, жәрдеми, хызмет көрсетиўши өндирислер цехларында ислеп таярланған таяр өнимниӊ өзине тусер ҳақыйқый баҳасы питкеннен кейин есаптан шығарылған

40

20,23,29

  1. Тапсырылған жумыслардан ямаса көрсетилген хызметлердиӊ нормативли өзине тусер баҳасы есаптан шығарылған

95(45)

43

  1. Ҳақыйқый өзине тусер баҳаныӊ (артық қәрежет, унем тиркеледи нормативли өзине тусер баҳадан шегинислер суммасы есаптан шығарылған









  1. Қәрежетлердин есаплаўдын өзине тусер баҳаны калькуляциялаўдыӊ “стандарт – кост” тизими

    1. “Стандарт – кост” тизиминиӊ пайда болыўы ҳәм мазмуни мағанасы

“Стандарт – кост” тизими қәрежетлерди жобаластырыў ҳәм қадағалаў ушын басқарыў қуралы болып табылады. Ол өзине тусер баҳаны есаплаўдыӊ ҳәм калькуляциялаўдын процессли ҳәм буйырпалы усылларында пайдаланылыўы мумкин. Егер шөлкем “стандарт – кост” тизмин қолланған жағдайда сатылған өнимниӊ өзине тусер баҳасын қәлиплестириўши барлық қәрежетлер ҳақыйқый қәрежетлер емес, ал нормативли (стандарт) қәрежетлер болып табылады. Тизим путкил жәҳәнде барлық ири компаниялар тәрепинен дерлик кеӊ пайдаланылады. Төмендегилер өны пайдаланыўдыӊ тийкарғы мақсетлери бөлып есапланады:

  • Қәрежетлерди басқарыў:

  • Баҳаларды белгилеў, баҳа сиясаты:

  • Бюджет жобаластырыў ҳәм қадағалаў.

“Стандарт – кост” тизими әсирдиӊ 20 – жылларыныӊ басында пайда болды ҳәм есабат тараўында потоклы өндиристиӊ логикалық жуўмақланыўы болды. Ол есаплаўдыӊ нормативли усылыныӊ прообразы болып есапланады. “Стандарт – кост” тизиминиӊ мәниси соннан ибарат, болған емес, ал болыўы тийис болғаны есапқа алынады, ҳәм усыныӊ менен бирге пайда болған шегинислер бөлек есапқа алынады.
Нормативли есабатта шегинислерди жай ҳужжетлестириў сыпатында емес, ал арнаўлы счетларда анықланған шегинислерди есаплаў “ стандарт- кости” тизиминиӊ тийкарғы мақсети болып табылады.
“Стандарт-кост” тизиминде материалларды, энергияны, мийнетти, хызмет ҳақыны ҳәм басқа да ресурсларды және өнимди ислеп таярлаўға байланыслы болған қәрежетлерди пайдаланыў бойынша тийкарланылған нормалар пайдаланады.Белгиленген нормаларды, әдетте, артық орынлап болмайды, норманы 80% орынлаў табылсы жумысты аӊлатады. Егер норма артығы менен орынланса, демек, ол қәте белгиленген.
“Стандарт – кост” тизиминиӊ артықмашлықлары төмендегилерден ибарат:

  1. Өндириске ҳәм өним сатыўға кутилетуғыӊ қәрежетлер ҳаққында мағлыўмат пенен менеджерлерди тәмийинлеў.

  2. Өним бирлигиниӊ алдын ала есапланылған өзине тусер баҳасы тийкарында баҳаны белгилеў.

  3. Шегинислерин ажыратып көретиў ҳәм олардыӊ пайда болыў себеплерин көрсетиў менен бирге дәраматлар ҳәм қәрежетлер ҳаққында есабат таярлаў.

Кутилетуғын қәрежетлер фирманыӊ өзинде ислеп шығылатуғын стандартлар тийкарында анықланады.
“Стандарт-кост” тизиминиӊ бирнеше вариантлары пайдаланылады:

  1. Қәрежетлер Д счетында (“Өндирис” жыйналады ҳәм таяр өнимниӊ стандарт баҳасы бойынша баҳаланады, питпеген өндирис сондай – ақ нормативлер бойынша баҳаланады.

  2. “Өндирис” счетында жыйналған қәрежетлер ҳақыйқый баҳасы бойынша баҳаланды, ал таяр өним бул ксчеттан нормативли (стандарт) баҳа бойынша есаптан шығарылады. Бул жағдайда тамамланбаған өним стандарт баҳасы бойынша баҳаланып, ҳақыйқый қәрежетлерден аяғына, буяғына шегинислер есапқа алынады.

“Стандарт- кост” тизими есаплы жумыслардыӊ көлемин қысқартыўға имканият береди, өйткени есап тыс принцип бойынша жургизиледи, яғный стандартлардан шығысыўлар есапқа алынады, шөлкем туралы ислеген сайын есабат процесине мийнет аз кетеди.
Анықланған шегинислер негатив факторлары тез сапластырыўға ҳәм пайданы арттырыўға имкан береди.
2.2. Стандартлар (нормалар) турлери

Стандартлардыӊ бәри төмендеги топарларға бөлинеди:


Есапқа алынатуғын баҳалар дәрежесине қарай:

  1. Идеал стандартлар материалларға әдеўир қолайлы баҳаларды, хызметлерге тарифлерди, мийнетке ҳақы төлеўге ставкаларды ҳәм басқаларды нәзерде тутады.

  2. Нормал стандартлар – есап дәўири даўамында орташа баҳалар бойынша есапланады.

  3. Айымдағы стандартлар – белгили есап дәўириниӊ кутилерли, әмелдеги баҳаларды тийкарында есапланылады.

  4. Базисли стандартлар – есап дәўириниӊ басында белгиленген баҳалар тийкарында белгиленеди ҳәм путкил даўир даўамында өзгермесиз болып есапланады.

Куўатлықты пайдаланыў дәрежесине қарай:
Теориялық стандартлар қәрхананыӊ мақсети болып табылады, өндирислик куўатлықты толық пайдаланыўға тийкарланған ҳәм браққа, тоқтап қалыўға ҳәм бузылыўға ўақыт сарплайды нәзерде тутпады.
2.Өткен, өрта орынлаў стандартлары келешекте нормалардыӊ орташа аўыр – жеӊил дәрежесин нәзерде тутады.
Ислеп шығарылатуғын өнимниӊ көлемине қарай :

  1. Теориялық стандартлар – қәрхананыӊ теориялық куўаты менен белгиленеди. Оларға яки ерисе алмайсаӊ, яки бир жолалы тәртипте ерисесен.

  2. Әмелий стандартлар – өним шығарыўдыӊ реал ерисилетуғын дәрежеси ушын белгиленеди ҳәм сөзсиз шығынларды есапқа алады.

  3. Нормал стандарт экономикалық цикл даўамында өндиристиӊ жоқары ҳәм төмен көлеминиӊ өрташа муғдарына тийкарланған ҳалда өним ислеп реал ерисилетуғын дәрежеси ушын есапланылады.

  4. Кутилетуғын стандартлар – өним жетистириўдиӊ ҳәм сатыўдыӊ белгиленген көлеми ушын айқын шараятларда есапланылады.

Нормаларды ҳәм нормативлерди (стандартларды) белгилеў ушын яки өткен дәўирлердиӊ жазыўлары пайдаланылыўы, яки инжтнерлик изертлеўлер өткерилиўи мумкин. Егер статистикалық мағлыўматлар пайдаланылса, онда өткен нәтийжесизликти есапқа алыў итималлығы бар. Егер инженерлик изертлеўлер жургизилсе , онда ҳәрбир операция устинен бақлаўлар әмелге асырылады, Нормаларды ҳәм нормативлери белгилеўдиӊ бул варианты әдеўир анық ҳәм кеӊ таралған. Бир қатар жағдайларда сондай ақ сынақ ҳәм кәте усылы пайдаланылады.
Өйткени стандартлар – бул белгили шараятларда хызметкердиӊ ерисиўи тийис болған мақсетлер, олар мийнетти мативациялаў ўазыйпасын атқарады. Егер стандартлар жудә қыйын ҳәм аўыр болса, хызметкерлер оларды тусине алмайды ҳәм оларға ерисиў мумкин емеслиги биле отырып аўыр нормативлерден төмен жумысты өрынлайды. Басқа тәрептен, егер стандартлар дым жаӊил болса , хызметкерлердиӊ потенциялы толық пайдаланылмайды. Мийнеттиӊ жоқары ҳәм орта нәтийжелилигинде орынланатуғын стандартлар, яғный кутилетуғын, бирақ қыйын ерисилетуғын стандартлар болып табылады.


2.3. “Нормативли қәрежетлер” тусиниги ҳәм оларды анықлаў тәртиби

Нормативли қәрежетлер толық есапланған алдын белгиленген қәрежетлер болып табылады, ол таяр өним бирлигине ажыралады. Нормативли қәрежетлер уш элементти өз ишине алады:





  1. Тиккелей материаллық қәрежетлер:

  2. Тиккелей мийнет қәрежетлери:

  3. Улыўма өндирислик қәрежетлер(опр).

Еки тусиник : нормативли қәрежетлери ҳәм бюджет қәрежетлери тусиниклери бар. Олар арасында принципиал айырмашылықлар жоқ.
Әмелиятта, әдетте, нормативли қәрежетлер өним бирлигине, ал бюджет қәрежетлери улыўма ислеп шығарыўға киреди.
Жетистирилетуғын өним бирлигин нормативли қәрежетлерди есаплағанда алты элементти есапқа алады:

  1. Шийки заттыӊ ҳәм тийкарғы материаллардыӊ нормативли баҳасы:

  2. Шийки заттыӊ ҳәм тийкарғы материаллардын нормативли муғдары:

  3. Тийкарғы жумысшылардыӊ нормативли жумыс ўақты:

  4. Тийкарғы жумысшылардыӊ мийнет ҳақысыныӊ нормативли ставкасы:

  5. Улыўма өндирислик қәрежетлердиӊ (УӨҚ) нормативли коэффициенти:

  6. Турақлы улыўма өндирислик қәрежетлердиӊ (ОПР) нормативли коэффиценти.

Download 0.83 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling