Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Хүрлиман» ансамблин Халық ансамбли атағына Қарақалпақстан Республикасы мәденият ҳәм спорт министрлигине усыныў ҳаққында


Download 49 Kb.
Sana13.02.2023
Hajmi49 Kb.
#1192917
Bog'liq
Хурлиман заслужинный атакка усыныс





Қарақалпақстан Республикасы мәденият ҳам спорт министри Қ.Турдиевқа

УСЫНЫС

Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти ғәрезсизлигимиздиң дәслепки күнлеринен баслап-ақ болажақ қәнигелерге терең ҳәм беккем билим бериўди қәлиплестириў, миллий ғәрезсизлик идеяларына садық, Ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаўды өз алдына баслы мақсет етип қойды.


Өзбекстанда кадрлар таярлаў системасының қәлиплесиўи ҳәм хызмет көрсетиўдиң тийкарғы принциплериниң бири келешек жасларды Ўатанға садық, жоқары адамгершилик, руўхый-ағартыўшылық жумысларында ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыў руўхында тәрбиялаў болып есапланады. Ҳәр бир жас әўладты кәмил инсан етип тәрбиялаў дегенде – бул руўхый жетик, мәдений, тарийхый мийрасларымызды қәдирлейтуғын, физикалық жақтан күшли, билимли ҳәм заманагөй билимге ийе болған пидайы инсанларды кәмалға келтириўди түсинемиз. Буның ушын студентлердиң оқыўы менен бирге олардың бос ўақытларын мазмунлы ҳәм пайдалы өткериў ушын барлық имканиятлар жаратылған.
Мине усындай жәмәәтлерден бири Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қасында шөлкемлестирилген студентлердиң «Ҳүрлиман» ансамбли болып табылады. «Ҳүрлиман» ансамбли 43 жылдан берли студентлердиң ең жақын досты, университеттиң мақтанышы болып киятыр.
Ансамбльдиң тийкарғы қатнасыўшылар қурамы университет студентлери болып табылады.
Ансамбль ағзалары хореографиялық, этнографиялық, қосықшылық ҳәм басқа жөнелислерде жумыс алып барады.
Ансамблде тәжирийбели, атақлы устазлар, қосықшылар, балетмейстрлер, композиторлар, режиссёрлар биргеликте ислесип келмекте. Олардан республикада белгили композитор Н. Мухамматдинов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, композитор Қ.Заретдинов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Б.Мурадов, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен жаслар устазы, балетмейстр З. Пирлепесова, режиссёр А. Елмуратов ҳәм басқаларды атап өтсек болады. Мине усындай устазлар басшылығында университеттиң «Ҳүрлиман» ансамбль жәмәәти өзлериниң ҳәр тәреплеме раўажланған жас әўладты тәрбиялаўға, Ўатанымыздың өтмиши ҳәм нурлы келешегине ҳүрмет пенен қараўды беккемлеўге бағышланған бағдарламалары менен Қарақалпақстан Республикасында болып өтетуғын Ғәрезсизлик, Наўрыз ҳәм басқа да белгиленетуғын байрам илажларында «Ҳүрлиман» ансамбли жети-сегиз номери менен қатнасып келмекте. Сондай-ақ, профессор-оқытыўшылардың, студентлердиң, техникалық-хызметкерлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериўде де «Ҳүрлиман» ансамблиниң хызмети үлкен. Университет жәмәәти «Ҳүрлиман» ансамбли қатнасыўында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети республикамыз жоқары оқыў орынлары арасында ҳәр жылы өткерилетуғын көрик-таңлаўлардың жеңимпазы болып келмекте. Мәселен, 1996-жылы Ташкент қаласында өткерилген «Өзбекстан-ўатаным мениң» қосықлар байрамында «Ҳүрлиман» ансамбли «Ҳүр Өзбекстан» (А.Мадаминов сөзи, С.Палўанов намасы) қосығы менен қатнасып, сыйлы екинши орынды, 1999-жылы Самарқанд қаласында «Мен бир перзентимен Өзбекстанның» (М.Исмайлов сөзи, Н.Қаллибеков намасы) қосығы менен үшинши орынды, 2000-жылы Ташкент қаласында «Әзиз ўатаным» (Ш.Пайзуллаева сөзи, Қ.Заретдинов намасы) қосығы менен биринши орынды, 2001-жылы Ташкент қаласында «Халық ушын» (Б.Генжемуратов сөзи, Қ.Заретдинов намасы) хор жәмәәти екинши орынды, 2002-жылы Ташкент қаласында «Ана ўатан» (Г.Даўлетова сөзи, Н.Қалимбетов намасы) қосығы менен сыйлы екинши орынларды ийеледи. Сондай-ақ 2003-жылы жоқары оқыў орынлары арасында «Ўзбекистон-таним ва жоним» (А.Султанов сөзи, Қ.Хилалов намасы) қосығы менен биринши орынды ийелеп, жуўмақлаўшы басқышқа жол алды ҳәм онда сыйлы биринши орынды ийеледи. Университет жәмәәти «Ҳүрлиман» ансамбли 2010-жыл 9-10-июль күнлери Ташкент қаласы Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясында жоқары оқыў орынлары арасында болып өткен «Ягонасан муқаддас Ватан» республика көрик-таңлаўында қатнасып биринши орынды ийеледи ҳәм сол жылдың 12-август күни Ташкент қаласындағы Түркистан сарайында болып өткен «Ягонасан муқаддас Ватан» көрик-таңлаўының жуўмақлаўшы басқышына қатнасты. Университет жәмәәти усы көрик-таңлаўда 2011-жылда да сыйлы екинши орынды ийелеп, сол жылдың 5-август күни Түркистан сарайында өткерилген жуўмақлаўшы басқышына қатнасыў бахтына миясар болды ҳәм Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. Сондай-ақ, 2012-жыл 7-июль күни Ташкент қаласында Өзбекстан мәмлекетлик миллий университети мәденият сарайында жоқары оқыў орынлары арасында өткерилген «Ягонасан, муқаддас Ватан» республика көрик таңлаўында «Мениң әзиз Ўатаным, муқаддес Ўатан» вокал хориографиялық композициясы (Т.Қаллиев, Ш.Пахратдинова сөзи, Қ.Заретдинов музыкасы) қосығы менен биринши орынды ийеледи ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги тәрепинен таңлаўдың жумақлаўшы басқышына қатнасыў ушын усыныс берилди.
Бүгинги күнде «Ҳүрлиман» ансамбли репертуарында халқымыз сүйип тамашалайтуғын елиўден артық миллий ҳәм басқа халықлардың аяқ ойынлары жеке атқарылатуғын ҳәм хор қосықлары бар.
«Ҳүрлиман» ансамбли 40 жылдан артық бай тәжирийбеге ийе. Ансамбльге 1968-жылы тийкар салынған болса, усы күнге шекем белгили мәденият хызметкерлери басшылық етти ҳәм биргеликте хызмет көрсетти. Олар Сапарбай Палванов, Сония Давлаткелдиева, Жамийла Ахундова, Зияда Шамуратова, нураный устаз Абдикерим Тлеубергенов ҳәм басқалар.
35 жылдан артық дәўир ишинде Орынгул Мурадова басшылығында «Ҳүрлиман» ансамбли профессионал тәрептен кең жәмәәтшилик нәзерине түсти.
«Ҳүрлиман» ансамбли 1984-жылы Болгарияда, кейинги жылларда Чехословакия ҳәм Германия мәмлекетлеринде өткерилген фестивалларда, 1985-жылы Москва қаласында болып өткен Дүнья жаслары ҳәм студентлери фестивалында, 1988-жылы Польша мәмлекетинде өткерилген Евроазия жаслары фестивалына қатнасты. 1995-96-жыллары Түркия мәмлекетинде өткерилген түркий тиллес халықлардың аўызеки халық дөретпелери (студент-жаслардың фольклор ансамбльлери) фестивалына да қатнасыў бахтына миясар болды. Ансамбль ағзалары өзлериниң миллий дәстүрлерине бай аяқ ойынлары, хош ҳаўаз студент-жаслардың атқарыўындағы жағымлы миллий қосықлары менен елге танылып үлгерди. «Ҳүрлиман» ансамбли Өзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларында өз концерт бағдарламалары менен қатнасып келмекте. 2006-жыл май айында «Эгали юрт эркин бермас» ураны астында бир ҳәпте даўамында Ферғана ўалаятының барлық жоқары оқыў орынларында өз концерт бағдарламалары менен қатнасты.
Ансамбльдиң тийкарғы мақсети студент-жаслар санасына ғәрезсизлигимиз берген бахыт-ығбалы, Ўатанға меҳир-муҳаббат сезимлерин сиңдириў ҳәм улығлаўдан ибарат. Бул ўазыйпаны «Ҳүрлиман» ансамбли әмелге асырмақта деп айта аламыз. Сонлықтан да Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Ҳүрлиман» ансамбли жәмәәтиниң республикамыздағы ўлыўмахалықлық байрамы күнлери, университет хызметкерлери ҳәм студентлери арасында мәдений тәрбиялық жумысларды өткериўдеги белсене хызметлерин ҳәм жетискенликлерин есапқа алып быйыл Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги тәрепинен «Халық ансамбли» деген атағы берилди. Бул билдирилген исеним ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўдан жигерленип, ансамбль жаңа репертуарлар үстинде жумыс алып барады.
Бүгинги күндеги мийнетлери нәтийжесинде «Ҳүрлиман» халық ансамбли алдағы ўақытлары да жаңадан-жаңа табысларға ерисетуғынлығына исенимимиз кәмил.
Жоқарыда атап өткен хызметлерин есапқа алған ҳалда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты «Хүрлиман» халық ансамблин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықлаўға усыныс етеди.
ҚМУ ректоры проф. А.Т.Матчанов
Download 49 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling