Beruniy inter-district economic court
Download 79 Kb.
|
1 2
Bog'liqХКК-1027-рад этилган (2)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Қ А Р А Р Е Т Т И
- Судья Қ.О.Хожамуратов
Суд арза бериўши ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасының Салық кодекси (кейинги орынларда – СК) 138-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, камерал салық тексериўи салық төлеўши (салық агенти) тәрепинен усынылған салық есабатын, финанслық есабатын, сондай-ақ салық төлеўшиниң искерлиги ҳаққында салық органында бар болған басқа ҳүжжетлер ҳәмде мағлыўматларды анализ қылыў тийкарында салық органы тәрепинен өткериледи. Камерал салық тексериўи салық органы баслығының (баслық орынбасарының) буйрығы тийкарында өткериледи. СК 138-статьясының төртинши ҳәм бесинши бөлимлерине көре, камерал салық тексериўи барысында салық органы салық төлеўшиден (салық агентинен, үшинши шахстан) есапқа алыў ҳүжжетлерин, усынылған салық есабатына ҳәм есапқа алыў ҳүжжетлерине тийисли түсиндириўлерди, сондай-ақ салық ҳәмде жыйымларды есаплап шығарыў ҳәм төлеў менен байланыслы басқа мағлыўматты усы Кодексте нәзерде тутылған тәртипте сорап алыўы мүмкин. Соралған ҳүжжетлер ҳәм түсиндириўлер салық органына тийисли сораў алынған күннен баслап бес күн ишинде усынылыўы керек. СК 111-статьясының биринши бөлимине тийкар салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банктеги есап бетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыў ҳаққындағы қарар салық органының баслығы (баслық орынбасары) тәрепинен он күннен көп болмаған мүддетке қабыл қылыныўы мүмкин. Салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банктеги есап бетлери бойынша операцияларды он күннен артық мүддетке тоқтатып турыў ҳаққындағы қарар салық органының илтимаснамасына тийкар суд тәрепинен қабыл қылыныўы мүмкин. Бунда салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банк есап бетлери бойынша операциялары суд тәрепинен қарар қабыл қылынғанға шекем тоқтатып турылады. СК 111-статьясы үшинши бөлиминиң 2-бәндине көре, салық төлеўши (салық агенти) тәрепинен салық органының камерал салық тексериўи нәтийжелери бойынша талапнамасына түсиндириўлер ҳәм (яки) дүзетиўлер белгиленген мүддетте усынылмағанда, сондай-ақ салық төлеўши тәрепинен салық органы талап қылған ҳүжжетлер усынылмаса, юридикалық шахслар ҳәм жеке исбилерменлердиң банктеги есап бетлери бойынша операцияларын тоқтатып турыў салық органы тәрепинен усы салық төлеўшилердиң (салық агентлериниң) салық миннетлемелериниң орынланыўын тәмийинлеў ушын қолланылыўы мүмкин. ЭПКниң 217-статьясына тийкар банклердеги есап бетлери бойынша операцияларын тоқтатып қойыў, нызамда нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары, ҳуқықый тәсир шараларына киреди. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, камерал салық тексериўин өткериў барысында арза бериўши тәрепинен жуўапкердиң жеке кабинетине тийисли ҳүжжетлерди алыў ҳаққында 2023-жыл 2-февраль күни 20/1-10581-санлы сораўнама жиберилген. Жуўапкер тәрепинен сораўнамада көрсетилген ҳүжжетлер усынылмағанлығы себепли арза бериўши судқа арза менен мүрәжат етиўге мәжбүр болған. Бирақ, жуўапкер тәрепинен бүгинги күнде арза талабы толық сапластырылған. Булар истеги салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банклердеги есап бетлери бойынша операцияларын тоқтатып турыў ҳаққындағы қарары, хабарнама ҳәм мағлыўматнама менен тастыйықланады. Сонлықтан, суд арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Сондай-ақ, ЭПК 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Бирақ, арза бериўши ҳәм жуўапкер Өзбекстан Республикасыны «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамы 9-статьясы биринши бѳлиминиң 19-бәндине муўапық мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилген. Сондай-ақ, ис электрон түрде қәлиплестирилген жағдайда, тәреплерден почта қәрежети де ѳндирилмейди. Сол себепли, суд тәреплерден мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетин ѳндирмеўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118 ҳәм 222-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И : Арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күнлик мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар үстинен усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына он күн мүддет ишинде апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Қ.О.Хожамуратов Download 79 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
1 2
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling