Beruniy inter-district economic court


Download 79 Kb.
bet1/2
Sana07.04.2023
Hajmi79 Kb.
#1340238
  1   2
Bog'liq
ХКК-1027-рад этилган (2)





BERUNIY TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI


230200, Beruniy tumani, Beruniy kuchasi, r/u






BERUNIY INTER-DISTRICT
ECONOMIC COURT


230200, Beruniy, Beruniy street, wn/h

Tel: 55-102-40-63 е-mail: i.beruniy@sud.uz




Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР

Беруний районы 2023-жыл 25-март 4-2302-2302/1027-санлы ис


Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси Д.Мамбетсалиевтиң хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили К.Ерназарова (2022-жыл 16-май күнги 23-21611-санлы исеним хат)ның қатнасында, арза бериўши Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының жуўапкер «AMUDARYO MAXSUS QURILISH» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң банклердеги есап бетлери бойынша операцияларын он күннен көп мүддетке тоқтатып турыў ҳаққындағы арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти Беруний районлық мәмлекетлик салық инспекциясының имаратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди




А Н Ы Қ Л А Д Ы :

Арза бериўши Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы (кейинги орынларда – арза бериўши) экономикалық судқа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «AMUDARYO MAXSUS QURILISH» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (кейинги орынларда – жуўапкер)ниң банклердеги есап бетлери бойынша операцияларын он күннен көп мүддетке тоқтатып турыўды сораған.


Арза бериўши ўәкили суд мәжилисинде камерал салық тексериўи барысында жуўапкерге тийисли ҳүжжетлерди алыў ҳаққында сораўнама жиберилгенлигин, бирақ жуўапкер тәрепинен белгиленген мүддетлерде ҳүжжетлер берилмегенлигин, бирақ бүгинги күнде кемшилик сапластырылғанлығын билдирип, арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.

Download 79 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling