Буйрықты орынламаў
Әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятлар түрлери
Download 124.32 Kb.
|
курс 2
Әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятлар түрлери.
Әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятларды түрлерге бөлиниўи тийкарына жынайый қол-қатыўдың обйекти қойылған. Усыған көре, көрип шығылып атырған жынаятларды төмендегише системаластырыў мүмкин: Бойсыныў ҳәм әскерий шәнға әмел етиў тәртибине қарсы жынаятлар: бойсынбаслық (ЖК 279-ст), буйрықты орынламаў (ЖК 280-ст), баслыққа қарсылық көрсетиў яки оны хызмет ўазыйпаларын бузыўға мәжбүр қылыў (ЖК 281-ст), баслықты қорқытыў (ЖК 282-ст), денеге зыян жеткизиў (ЖК 283-ст), бойсыныўшының өз баслығын яки баслықтың өзине бойсыныўшыны ақыретлеў (ЖК 284-ст), бир-бирине қарам болмаған әскерий хызметшилер ортасындағы өз-ара қатнасықларға тийисли устав қағыйдаларын бузыў (ЖК 285-ст), марадйорлық (ЖК 286-ст). Әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы қарсы жынаятлар: әскерий бөлим яки хызмет орнын өзбасымшалық пенен таслап кетиў (ЖК 287-ст), дезертирлик (ЖК 288-ст), шөгип атырғар әскерий кеманы таслап кетиў (ЖК 289-ст), өзиниң бирар бир ағзасын майып қылыў жолы менен яки басқа усылда әскерий хызметтен мойын таўлаў (ЖК 290-ст), қараўыл хызметин өтеў қағыйдаларын бузыў (ЖК 291-ст), ишки хызметти өтеў яки гарнизонда патруллик қылыў қағыйдаларын бузыў (ЖК 292-ст), жаўынгерлик нәўбетшилигин өтеў қағыйдаларын бузыў (ЖК 293-ст), чегара хызметин өтеў қағыйдаларын бузыў (ЖК 294-ст). Әскерий мүлкти сақлаў яки одан пайдаланыў тәртибине қарсы жынаятлар, әскерий мүлкти қурыдан-куры сарыплаў, жоғатыў яки бузыў (ЖК 295-ст), әскерий мүлкти жоқ қылыў яки оған зыян жеткизиў (ЖК 296-ст), әтирапдағылар ушын үлкен қаўип дереги болған қурал-жарақ, сондай-ақ мадда ҳәм затлар менен қатнасықта болыў қағыйдаларын бузыў (ЖК 297-ст), машиналарды басқарыў яки олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў (ЖК 298-ст), ушыў яки ушыўға тайарлық көриў қағыйдаларын бузыў (ЖК 299-ст), кемени басқарыў қағыйдаларын бузыў (ЖК 300-ст). Әскерий лаўазымлық жынаяты: ҳәкимиятты өз мақсетинде пайдаланыў, ҳәкимиядан сыртқа шығыў яки ҳәрекетсизлиги (ЖК 301-ст), хызметке немқурайлық пенен қараў (ЖК 302-ст). Download 124.32 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling