Экономика тараўындағы жынаятлар
Download 122.95 Kb.
|
эконом. жынаятлар курс жумысы
Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети Юридика факултети КУРС ЖУМЫСЫ Тема: Экономика тараўындағы жынаятлар Таярлаған: 202-топар студенти Базарбаев Б. Қабыллаған: Утемуратова С. Нөкис-2023 Тема: Экономика тараўындағы жынаятлар Мазмуны: I. Кирисиў……………………………………………………………….3 II. Тыйкарғы бөлим………………………………………………..8 Өзгелер мүлкин талан-тараж қылыў менен байланыслы жинаятлар………………………………….8 Экономика тийкарларына қарсы жынаятлар………………………………………………………12 Хожалық искерлиги тараўындағы жынаятлар……………………………………………………….17 Жазаны либералластырыў туўрысындағы нызамды экономика тараўындағы жинаятларға қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында пленумнан үзинди…………………………………………..21 III. Жуўмақлаўшы бөлим………………………………………..26 IV. Пайдаланылған әдебиятлар……………………………..27 Кирисиў Экономика тараўындағы жынаятлар ҳәм басқа ҳуқуқбузарлықлар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған базар реформаларына үлкен қәўип туўдырады, базар економикасына тән болған жеке меншикчиликтиң, басқа түрдеги мүлкшилик мунасәбетлердиң қәлиплесиўине ҳәм раўажланыўына тосқынлық етеди. Экономикалық жинаятлар — миллий економикаға, оның тармақлары ямаса тараўларына зыян жеткизетуғын ямаса зыян жеткизиўи мүмкин болған ҳәм жынаят нызамында нәзерде тутылған социаллық қәўипли қылмыс (ҳәрекет ямаса ҳәрекетсизлик). Бундай жынаятлардың ислениўи нәтийжесинде жәмийет, жәмиетлик бирлеспелери ямаса айырым пуқараларға материаллық зыян жеткизиледи, жәмиеттиң економикалық негизлерине ҳүжим етиледи. Эконлмикалық жынаятларға: 1) өзгелер мүлкин талан-тараж қылыў ; 2) өзгелер мүлкин талан-тараж қылыў менен байланыслы болмаған жинаятлар; 3) економика тийкарларына қарсы жынаятлар ; 4) хожалық искерлиги саласындағы жынаятлар киреди. Материаллық байлықлар ҳәм мийнет өними болған байлықларды бөлистириў тараўындағы социал мунасәбетлерге зыян жеткизиўши жынаятлардан ең қәўиплиси өзгелер мүлкин талан-тараж қылыў есапланады. Өзгелер мүлкин өзлестириў усылына көре, Өзбекстан Республикасы ЖКде талан-тараж қылыўдың : қарақшылық, алдаўшылық, талаўшылық, өзлестириў (растрата), жалатайлық, урлықшылық сыяқлы формалары ажыратылған (164—169 -статиялар). Талан-тараждың материаллық мəниси, пул баҳасына ийе болған ҳәм өзгелер мүлки есапланған пул, қымбат баҳалы қағазлар ҳәм басқалар болып табылады. Өзгелер мүлкин талан-тараж қылыў менен байланыслы болмаған жынаятларға алдаў ямаса исенимди кери мақсетте пайдаланыў жолы менен мүлкшилик зыян жеткизиў, жынаят жолы менен табылған мүлкти алыў ямаса өткериў, мүлкти қорғаўға ҳүждансыз мунасәбетте болыў, мүлкти билип турып жоқ қылыў ямаса оған зыян жеткизиў, информацияластырыў қағыйдаларын бузыў сыяқлы қылмыслар киреди (Өзбекстан Рес-публикасининг ЖК, 170—174-статьялар ). Економика тийкарларына қарсы жынаятлар түрине ӨзР мәплерине қайшы түрде келисимлер дүзиў, жасалма пул ямаса қымбатлы қағазлар соғыў, оларды өткериў, валюта менен нызамға қайшы түрде мәмиле етиў, сырт ел валютасын жасырыў, жалған исбилерменлик, жалған банкротлық, банкротлықты жасырыў, бажыхана туўрысындағы нызамларды бузыў, реңли металлар, олардың бөлекларин таярлаў, алыў, олардан пайдаланыў ҳәм де оларды сатыў қағыйдаларын бузыў сыяқлылар киреди. Ҳожалық искерлиги тараўындағы жынаятлар болса сапасыз өним шығарыў ямаса сатыў, етил спиртли, алкоголлы өним ҳәм темеки өнимлерин нызамға қайшы түрде ямаса мәмилеге киргизиў, саўда ямаса дәлдалшылық искерлиги менен нызамға қайшы түрде шуғылланыў, саўда ямаса ҳизмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў искерлиги менен лицензиясыз шуғылланыў, нызамға қайшы түрде информация топлаў, оны жарыялаў ямаса одан пайдаланыў, бәсекичиликти абыройсызлантырыў сыяқлылардан ибарат. Економикалық жынаятлар ушын жуўапкерлик мәселесинде «Жынаятлы жазалардың либераллаштирилиўы мунасәбети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят, Жынаят процессуал ҳәм Басқарыў жуўапкерлик туўрысындағы кодекслариге өзгертиўлер ҳәм қосымшалар киргизиў туўрысы -да»ғы ӨзР нызамы (2001 й. 18 окт.) на тийкарланып көбирек економикалық тәсир илажларын қоллаў нәзерде тутылған. Усы нызамда азатлықтан айырыў жазасы орнына көбирек жәрийма жазасын қоллаў белгиленген. Буннан тысқары, Економикалық жынаятларға жаза белгилеўде жазаны аўырластырыўши жағдайларға бөлек итибар берилген. Соның менен бирге, жеткизилген зыянның ҳәм одан келип шыққан ақыбеттиң өзгешелигиде есапқа алыныўы белгиленген. Жоқарыдағы нызамға қарай, ЖКне зыян көриўши менен жарасыў мунасәбети менен жынаятлы жуўапкерликтен азат етиўди нәзерде тутатуғын 66 -статья киргизилди. Бул статьяға Економикалық жынаятлардан бир қаншасы киритилген болып, оған көре шахс бул түрдеги қылмысларды 1-рет ислеген, өз айбын тән алған, жеткизилген зыянды қаплаған ҳәм жәбирлениўши менен жарасқан болса, жынаятлы жазадан азат етилиўи нәзерде тутылған. Download 122.95 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling