ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ
ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ
2023 жыл
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ
УЛЫЎМА БӨЛИМ
БИРИНШИ БӨЛИМ. УЛЫЎМА ҚАҒЫЙДАЛАР.
I БАП. ЖЫНАЯТ КОДЕКСИНИҢ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ ҲӘМ ПРИНЦИПЛЕРИ
1-статья. Өзбекстан Республикасының жынаят хаққындағы нызамшылығы
Өзбекстан Республикасының жынаят хаққындағы нызамшылығы Конституция ҳәм халық аралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына тийкарланған болып, усы Кодекстен ибарат.
2-статья. Кодекстиң ўазыйпалары
Жынаят кодексиниң ўазыйпалары шахсты, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин, мулкти, тәбийий орталықты, тынышлықты, инсаният қаўипсизлигин жынайый қол қатыўлардан қорғаў, сондай-ақ жынаятлардың алдын алыў, пуқараларды республика Конституциясы ҳәм нызамларына бойсыныў руўхында тәрбиялаўдан ибарат.
Бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын Кодекс жуўапкершилик тийкарлары ҳәм принциплерин, қандай жәмийетлик қәўипли қылмыстың жынаят екенлигин анықлайды, жәмйетлик қәўипли қылмыслар ислеген шахсларға қолланылыўы мүмкин болған жаза ҳәм басқа ҳуқықый тәсир шараларын белгилейди.
3-статья. Кодекстиң принциплери
Жынаят кодекси нызамлылық, пуқаралардың нызам алдында теңлиги, демократизм, инсанийлық, әдиллик, айып ушын жуўапкершилик, жуўапкершиликтиң сөзсиз болатуғынлығы принциплерине тийкарланады.
4-статья. Нызамлылық принципи
Исленген қылмыстың жынайыйлығы, жазаға ылайықлығы ҳәм басқа ҳуқықый ақыбетлери тек Жынаят кодекси менен белгиленеди.
Ҳеш ким суд ҳукмисиз, жынаят ислеўде айыплы деп табылыўы ҳәм нызамға қылап түрде жазаға тартылыўы мүмкин емес. Жынаят ислеўде айыплы деп табылған шахс нызамда белгиленген ҳуқықлардан пайдаланады ҳәм миннетлемелерди орынлайды.
5-статья. Пуқаралардың нызам алдында теңлиги принципи
Жынаят ислеген шахслар жынсы, рассасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, исеними, жеке ҳәм жәмийетлик дәрежесине қарамастан, бирдей ҳуқық ҳәм миннетлемелерге ийе болып, нызам алдында тең.
Do'stlaringiz bilan baham: |