Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet9/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

33-статя. Жынаятлар жыйнағы
Усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң түрли статьяларында ямаса бир статьясының түрли бөлимлеринде нәзерде тутылған, жуўапкершиликке тартылытуғын еки ямаса бир неше жынайый қылмысты ислеў, егерде олардан бирде бири ушын шахс судланған болмаса, жынаятлар жыйнағы деп табылады.
Егер шахс ислеген қылмысында усы Кодекс Арнаўлы бөлими бир статьясының түрли бөлимлеринде нәзерде тутылған жынаятлардың белгилери бар болса, усы статьяның аўырлаў жаза белгиленген бөлими бойынша жуўапкершиликке тартылады.

34-статья. Рецидив жынаят
Шахстың алдын қасттан ислеген жынаяты ушын судланғаннан кейин қасттан жаңа жынаят ислеўи рецидив жынаят деп табылады.
Алдын ҳүким етилген жынаятына уқсас жынаят ислеген, усы Кодексте өз алдына көрсетилген жағдайларда болса, Арнаўлы бөлимниң басқа статьялары менен де ҳүким етилген шахстың қасттан жаңа жынаят ислеўи қәўипли рецидив жынаят деп табылады.
Бес жылдан кем болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин болған қасттан жаңа жынаят ислеў, яғный :
а) алдын оғада аўыр жынаяты ушын ямаса еки рет аўыр жынаяты ушын ҳүким етилип, олардың ҳәр бири ушын бес жылдан кем болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланған шахс тәрепинен оғада аўыр жынаят ислеўи;
б) алдын аўыр жынаяты ушын еки рет ҳүким етилген ямаса алдын -кейинлигине қарамастан, аўыр ямаса оғада аўыр жынаятлары ушын олардың ҳәр бирине бес жылдан кем болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланған шахстың аўыр жынаят ислеўи оғада қәўипли рецидив жынаят деп табылады.
Судтың ҳукми менен шахс оғада қәўипли рецидивист деп табылыўы мүмкин.
Шахсты оғада қәўипли рецидивист деп табыў ҳаққындағы мәселе көрилип атырған ўақытта оның басқа мәмлекетлер судының ҳүкимлери бойынша судланғанлығыда есапқа алыныўы мүмкин.
Шахсты оғада қәўипли рецидивист деп табыў ҳаққындағы мәселе көрилип атырған ўақытта оның он сегиз жасқа толғанға шекем ислеген жынаяты ушын судланғанлығы, сондай-ақ нызамда белгиленген тәртипте судланғанлық мүддетиниң өтип кеткенлиги ямаса алып тасланған судланғанлығы инабатқа алынбайды.
Усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң оғада қәўипли рецидивист тәрепинен исленген жынаятлар ушын жуўапкершиликти белгилейтуғын статьялары шахс усы жынаятты ислегенге шекем нызамда белгиленген тәртипте оғада қәўипли рецидивист деп табылған болса ғана қолланылады.



Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling