Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet12/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

411-статья. Физикалық яки руўхый мәжбүрлеў ямаса қорқытыў
Физикалық ямаса руўхый мәжбүрлеў яки сондай мәжбүрлеўди қоллаў менен қорқытыў нәтийжесинде усы Кодекс пенен қорғалатуғын ҳуқық ҳәм мәплерге зыян келтирилиўи, егер бундай мәжбүрлеў ямаса қорқытыў ақыбетинде шахс өз ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) басқара алмаған болса, жынаят есапланбайды.
Усы Кодекс пенен қорғалатуғын ҳуқық ҳәм мәплерге физикалық ямаса руўхый мәжбүрлеў ямаса сондай мәжбүрлеўди қоллаў менен қорқытыў нәтийжесинде зыян келтирилгенлиги ушын жынайый жуўапкершилик ҳаққындағы мәселе, егер бундай мәжбүрлеў ямаса қорқытыў ақыбетинде шахс өз ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) басқарыў имканиятын сақлап қалған болса, усы Кодекс 38-статьясының қағыйдалары инабатқа алған ҳалда шешиледи.


ТӨРТИНШИ БӨЛИМ. ЖАЗА ҲӘМ ОНЫ ТАЙЫНЛАЎ

Х БАП. ЖАЗА ТҮСИНИГИ , МАҚСЕТЛЕРИ ҲӘМ ТҮРЛЕРИ

42-статья. Жаза түсиниги ҳәм мақсетлери
Жаза жынаят ислеўде айыплы деп табылған шахсқа мәмлекет атынан судтың ҳукми менен қолланылатуғын ҳәм судланыўшыны нызамда нәзерде тутылған белгили бир ҳуқық ҳәм еркинликлерден айырыў ямаса оларды шеклеўден ибарат мәжбүрлеў шарасы.
Жаза судланыўшыны әдеп-икрамлылық жақтан дүзетиў, оның жынайый искерлигин даўам еттириўине тосқынлық етиў ҳәмде судланған шахстың, сондай-ақ басқа шахслардың жынаят ислеўиниң алдын алыў мақсетинде қолланылады.

43-статья. Жаза системасы
Жынаят ислеўде айыплы деп табылған шахсларға төмендеги тийкарғы жазалар қолланылыўы мүмкин:
а) жәрийма
б) белгили ҳуқықтан айырыў ;
б1) мәжбурий жәмийетлик жумыслары ;
в) мийнет пенен дүзетиў жумыслары ;
г) хызмети бойынша шеклеў;
д1) еркинликти шеклеў;
е) интизамлық бөлимге жибериў
ж) еркинен айырыў ;
з) өмирлик еркинен айырыў.
Судланыўшыға тийкарғы жазалардан тысқары әскерий ямаса арнаўлы атақтан айырыў тәризиндеги қосымша жаза да қолланылыўы мүмкин.
Хызмет бойынша шеклеў ямаса интызамлық бөлимге жибериў жазасы тек әскерий ҳызметкерлерге қолланылады.
Белгили ҳуқықтан айырыў тек тийкарғы жаза түринде емес, бәлким қосымша жаза сыпатында да қолланылыўы мүмкин.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling