Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet10/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

УШИНШИ БӨЛИМ
ҚЫЛМЫСТЫҢ ЖЫНАЙЫЙЛЫҒЫН БИЙКАРЛАЙТУҒЫН ЖАҒДАЙЛАР

IХ БАП. ҚЫЛМЫСТЫҢ ЖЫНАЙЫЙЛЫҒЫН БИЙКАРЛАЙТУҒЫН ЖАҒДАЙЛАР ТҮСИНИГИ ҲӘМ ТҮРЛЕРИ

35-статья. Қылмыстың жынайыйлығын бийкарлайтуғын жағдайлар түсиниги
Қылмыста усы Кодексте нәзерде тутылған белгилер рәсмий тәрептен бар болса да, бирақ ол жәмийетлик қәўипли, нызамға қарсы ямаса айыплы болмаса, қылмыстың жынайыйлығын бийкарлайтуғын жағдайлар деп табылады.
Төмендеги жағдайлар, яғный кем әҳмийетли қылмыслар; зәрүрли қорғаныў; ақырғы зәрүрлик; жәмийетлик қәўипли қылмыс ислеген шахсты услаў ўақтында зыян келтириў; буйрықты ямаса басқа ўазыйпаны орынлаў; кәсип ямаса хожалық искерлиги менен байланыслы тийкарлы тәўекелшилик; физикалық ямаса руўый мәжбүрлеў ямаса қорқытыў ақыбетинде жынаят ислеў жынаятты бийкарлайтуғын жағдайлар деп есапланады.
36 -статья. Кем әҳмийетли қылмыслар
Егер усы Кодексте жынаят ретинде нәзерде тутылған қылмыстың белгилери бар болса да, өзиниң кем әҳмийетлилиги себепли жәмийетлик қәўипли болмаған ҳәрекет ямаса ҳәрекетизлик жынаят деп табылмайды.

37-статья. Зәрүрли қорғаныў
Зәрүрли қорғаныў жағдайында исленген, яғный қорғаныўшы ямаса басқа адамның шахсын яки ҳуқықларын, жәмийеттиң ямаса мәмлекеттиң мәплерин нызамға қарсы қол қатыўлардан қол қатыўшыға зыян келтирилген жағдайда қорғаў ўақтында исленген ҳәрекет, егер зәрүрли қорғаныў шегарасынан шетке шықпаған болса, жынаят деп табылмайды.
Қол қатыўдың сыпаты ҳәм қәўиплилик дәрежесине пүткиллей муўапық келмейтуғын қорғаныў, зәрүрли қорғаныў шегарасынан шетке шығыў деп табылады.
Басқа шахсларға ямаса ҳәкимият органларына жәрдем сорап өтиниш етиў ямаса қол қатыўдан басқаша тәризде қутылыў имканияты бар ямаса жоқлығына қарамастан, зәрүрли қорғаныўды қоллаў ҳуқықына ийе.
Зыян келтириў мәқсетинде қасттан ҳүжим етиў қәлеўин қозғаўтыў зәрүрли қорғаныў деп табылмайды.


38-статья. Ақырғы зәрүрлик
Ақырғы зәрүрлик жағдайында, яғный шахстың ямаса басқа пуқаралардың шахсына ямаса ҳуқықларына, жәмийеттиң ямаса мәмлекеттиң мәплерине қәўип туўдырыўшы қәўипти қайтарыў ушын нызам менен қорғалатуғын ҳуқық ҳәм мәплерге зыян келтирген жағдайда исленген қылмыс, егер, усы қәўипти сол жағдайда басқа шаралар менен қайтарыўдың илажи болмаса ҳәм де келтирилген зыян алды алынған зыянға қарағанда кемрек болса, жынаят деп табылмайды.
Шахстың ақырғы зәрүрлик жағдайында ислеген қылмысы, егер, ақырғы зәрүрлик шегарасынан шетке шықпаған болса, нызамлы деп табылады.
Егер басқа қураллар арқалы қәўиптиң алдын алыў мүмкин болса ямаса келтирилген зыян алды алынған зыяннан асып кетсе, нызам менен қорғаўланатуғын ҳуқық ҳәм мәплерге бундай зыян келтириў ақырғы зәрүрлик шегарасынан шетке шығыў деп табылады.
Ақырғы зәрүрлик жағдайында исленген қылмыстың нызамлылығын баҳалаўда алды алыныўы керек болған қәўиптиң сыпаты ҳәм қәўиплилик дәрежеси, сондай қәўиптиң ҳақыйқатында да бар екинлиги ямаса жоқлығы ҳәм жүз берген ўақтыниң жақынлығы, қәўипти қайтарыўшы шахста бар болған имканиятлары, пайда болған жағдайдағы руўхый жағдайы ҳәм истиң басқа жағдайлары есапқа алынады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling