Сода өнимлерин өндириў технологиясы
Download 0.65 Mb.
|
8-лекция
- Bu sahifa navigatsiya:
- Сода өнимлериниң характеристикасы ҳәм алыныў усыллары
8 – лекция | СОДА ӨНИМЛЕРИН ӨНДИРИЎ ТЕХНОЛОГИЯСЫ Жобасы:
2. Кальцинацияланған соданы синтезлеўдиң аммиакли усылы. 3. Каустикалық сода өндириў усыллары. 4. Электрохимиялық усылда каустикалық сода ҳәм хлор өндириси. Силтилик қәсийетке ийе болған сода өнимлерине кальцинацияланған сода ямаса суўсыз натрий карбонаты Na2CO3, кристаллық сода Na2CO310Н2О, натрийдиң бикарбо-наты ямаса ас содасы NaHCO3 ҳәм каустикалық сода ямаса күйдиргиш натрий NaOH жатады. Халық хожалығында кальцинацияланған соданың әҳмийети жүдә үлкен, ол көплеген өндирислердиң талапларын қанаатландырып отырады. Сода өнимлериниң ишинде буннан кейинги әҳмийетли орынды каустикалық сода ийелейди, ол кальцинацияланған содаға салыстырғанда бирқанша киши көлемде пайдала-нылады. Ҳәзирги ўақытта бул еки түрдеги сода өнимлери қара ҳәм реңли металлар өндири-синде, көмир, нефть, анилин-бояўлар, целлюлоза-қағаз, сабын, шийше ҳәм санааттың басқа да тараўларында қолланылады. Солай етип, сода өнимлери қара металлар өндирисинде – шойыннан күкирт ҳәм фосфорды ажыратып алыў ушын; коксохимиялық өндиристе фенолларды бөлип алыў ушын; аўыл хожалығында от-жемлердиң жуғымлылығын арттырыў ҳ.т.б. ушын хызмет қылады. Сода өнимлериниң әдеўир бөлеги жасалма ҳәм синтетикалық полимер материаллар өндирисине сарпланады. Сода ислеп шығарыў санаатының интенсив раўажланыўы химия санаатының басқа тараўларындағы техниканың раўажланыўына үлкен тәсирин тийгизди. Сода өндирисинде конструкцияланған ҳәм қолланылған бир қатар үскенелер ҳәм машинлар, сәйкес өзгерис-лер киргизилип санааттың басқа тараўларында да қолланылмақта. Мәселен, соданың кальцинацияланыўы әмелге асатуғын айланбалы печь, ҳәзирги ўақытта тоқымашылық материаллары өндирисинде кеңнен қолланылмақта. Сода өнимлериниң характеристикасы ҳәм алыныў усыллары Download 0.65 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling