Сода өнимлерин өндириў технологиясы


Кальцинацияланған соданы синтезлеўдиң аммиакли усылы


Download 0.65 Mb.
bet5/14
Sana18.12.2022
Hajmi0.65 Mb.
#1026832
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   14
Bog'liq
8-лекция

Кальцинацияланған соданы синтезлеўдиң аммиакли усылы

Сода өндирисиниң аммиаклы усылында баслы шийки зат ас дузы NaCl болып табылады. Бул усылдың тийкарына NaCl-ниң аммоний бикарбонаты менен NH4HCO3 алмасыў реакциясы нәтийжесинде пайда болатуғын натрий бикарбонатының суўда кем ериўшеңлиги жатады.



Бул усыл төмендеги өндирислик басқышлардан турады:

  1. NaCl еритпесин таярлаў.

  2. Алынған еритпени газ тәризли аммиак пенен тойындырыў.

  3. Аммиаклы еритпени углекислый газ бенен тойындырыў.

  4. Алынған натрий бикарбонатын еритпеден ажыратып алыў.

  5. Аммиакты еритпеден ажыратып алыў ҳәм оны өндирислик циклге қайтарыў.

  6. Натрийдиң бикарбонатын кальцинацияланған содаға айландырыў ҳәм ажыралып шығатуғын углекислый газди өндирис циклине қайтарыў.

Газ тәризли аммиакты ҳәм углекислый газди алыў қосымша процесслер болып есапланады.


Сода өндириси ушын қолланылатуғын ас дузының еритпеси концентрацияланған (305-310 г/л NaCl) болыўы тийис.
Аммиаклы-сoда процессиниң негизине төмендеги тийкарғы реакциялар жатады:

Ас дузының еритпесин аммиак ҳәм углекислый газ бенен тойындырғанда қыйын ериўшең NaHCO3 шөкпеге түседи (1), ол фильтрленгеннен кейин кальцинация печьлеринде қыздырылады (2).
Аммиаклы шеребени тойындырыў ушын зәрүр болған углекислый газ, известнякти жағыў арқалы (3), сондай-ақ, кальцинациялаў процессинде алынады. Кальций оксиди суў менен тәсирлесип кальцийдиң гидроксидин пайда етеди (4)
Аммиаклы дузлы еритпени углекислый газ бенен тойындырыў карбонизация деп аталады. Сода өндирисинде қолланылатуғын аммиак аммоний хлоридинен сөндирилген ҳәк Са(ОН)2 тәсири жәрдеминде регенерацияланады (5)
Сонлықтанда, аммиаклы усылда сода алыў туйықланған процесс болып есапланады. Айланып жүриўши аммиак аз-азлап ысырап болады. Оның сарпланыўы бир тонна таяр өнимге 10 кг ға шекем жетеди. Өндиристиң шығындысы кальций хлориди – СаСl2 болып есапланады.
Кальцинацияланған сода өндирисиниң технологиялық схемасы төмендеги тийкарғы басқышлардан ибарат: абсорбция, карбонизация, фильтрация, кальцинация, дистилляция ҳ.т.б.
Аммиаклы сода процессиниң теориясын жаратыўда белгили рус илимпазы, профессор П.П.Федотьевтиң хызмети айырықша.

дузлар системасындағы фазалық тең-салмақлықты үйрениўде алынған мағлыўмат-лардан келип шығып, ол ас дузының концентрациясы жоқары болған сайын аммиактың пайдаланыў коэффициенти жоқары болатуғынлығын дәлиллеп берди. Ол қатты ҳалаттағы NaHCO3 ниң шығымы температураның жоқарылаўы менен артып баратуғынлығын тапты, мәселен 32 0С та 84 % - ке жетеди (әмелде 70 – 72 %). Бирақ температураның жоқарылаўы менен аммиактың пайдаланыў коэффициенти пәсейеди. Әдетте карбонизация 28-30 0С та өткериледи, бул жағдайда NaHCO3 ири кристаллық шөкпени пайда етеди.
Карбонизациялаў реакциясы қайтымлы реакция:

Бул реакция жыллылық бөлип шығарыў менен жүретуғын болғанлықтан, аммиаклы-дузлы еритпени углекислый газ бенен тойындырыў суўытыў арқалы алып барылады.

Download 0.65 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling