Сода өнимлерин өндириў технологиясы


Download 0.65 Mb.
bet6/14
Sana18.12.2022
Hajmi0.65 Mb.
#1026832
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   14
Bog'liq
8-лекция

Аммиакли усылда сода өндириў технологиясы. Соданы аммиаклы усылда алыў процесси төмендегише өтеди (24-сүўрет). Ас дузының еритпеси ҳаўаны жуўыўшы фильтрлерге 1 келип түседи, усы жерде ваккум-фильтрде 6 NaHCO3 шөкпесин фильтрлеў ўақтында ажыралып шығатуғын аз муғдардағы аммиакты жутады. Соңынан еритпе абсорбердиң үстиңги бөлимине, төрт секциядан ибарат газди жуўыў колоннасына 2 жибериледи, бул жерде карбонизация процессинде пайдаланылмай қалған, аўысық муғдардағы СО2 жутылады. Буннан кейин еритпе өз-өзинен сырқылып ағып төменде жайласқан абсорберге 3 өтеди, ол жерде аммиак пенен тойынады. Абсорбер – барботажлы ҳәрекет етиўши үскене болып табылады. Онда газлердиң суйықлықларға жутылыўы әмелге асады.


Абсорбердиң шойын бочка-царга түриндеги, алты секциясының ҳәр биринде, арнаўлы қурылма болып, оның жәрдеминде газ ағымының майда көбикшелерге бөлшеклениўи (шашыраў) әмелге асады, усының ақыбетинде газлердиң суйықлық пенен тәсирлесиў бети артады.
Аммиаклы–шеребе абсорберден суў менен суўытылыўшы холодильник 4 арқалы өтип, ол жерден үзликсиз түрде карбонизациялық (шөктириўши) колоннаның 5 жоқарғы тәрепине бериледи, оның бийиклиги 23,3 м, ени 2,3 м. Оның жоқарғы бөлими 26-30 майда шойын бочка-царгалардан ибарат, олардың ишинде сорыўшы қурылмалар – барботажлы түрде ҳәрекет етиўши пассетлер бар (25-сүўрет). Пассетлердиң дүзилиси төмендегише: дөңес тарелка 1, оның ортасында газ өтип турыў ушын саңлақлар 2 бар, саңлақтың үсти, шетлери тисли қалпақшалар 3 менен жабылған. Ҳәр бир бочка-царга өз-ара трубкалар 4 арқалы байланысқан. Тарелкалар колоннадан газдиң өтиў жолын узайтыў ушын ҳәм газлердиң суйықлық пенен араласыўына ҳәм тәсирлесиўине жақсы шараятлар жаратыўға арналған.

24-Сүўрет. Аммиакли усылда сода өндириў схемасы.



Карбонизациялық колоннаның төменги бөлими (24-сүўреттеги) жети суўытқыш-лардан (холодильник) ибарат, оның труба-лары бойлап суў жүреди, ал трубалардың арасындағы қуўыс бойлап жоқарыдан түсиўши дуз еритпеси ҳәрекет етеди. Еритпеге қарама-қарсы бағытта төменнен жоқарыға, колоннаның суўытыўшы бөли-мине, 2,5 атм басым астында, 50-55 % СО2 – ден ибарат газ бериледи.



Download 0.65 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling