Қатты ҳалаттағы күйдиргиш натрийди алыў. NaOH-тиң муғдары 92 – 93 % болған қатты күйдиргиш натрий, силтили суўларды алдын-ала (45%) пуўландырыў нәтийжесинде алынады ҳәм соңынан шойыннан исленген еритиў қазанларында, 500 – 560 0С та ашық жалында еритиў арқалы ямаса ваккум пуўландырыўшы үскенелерде алынады.
Тексериў ушын сораўлар
1. Соданың халық хожалығындағы әҳмийети қандай?
2. Сода алыўдың усыларын айтын?
3. Аммиакли усылда сода алыўдың өндирислик басқышларын айтып бериң?
4. Каустикалық соданың алыныўы ҳәм қолланылыўы?
5. Ас дузының электролизи өнимлери?
6. Электролизердиң ислеў принципи?
Do'stlaringiz bilan baham: |