Сода өнимлерин өндириў технологиясы


Download 0.65 Mb.
bet13/14
Sana18.12.2022
Hajmi0.65 Mb.
#1026832
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14
Bog'liq
8-лекция

26-Сүўрет. Электролизер.
Диафрагмалық ванналарда алыныўшы электролитикалық каустикалық сода (8 – 12 % NaOH) көп муғдардағы ас дузы ҳәм хлоратлар менен патасланған болады. Каустикалық соданы тазалаўдың бир қатар спецификалық усыллары бар, олардың ишинде экономикалық пайдалысы аммиаклы экстракция усылы болып табылады. NaOH – ниң муғдары 50 % - ке шекем пуўландырылған, каустик сода еритпеси, үзликсиз ҳәрекет етиўши экстракциялық коллонада 60 – 80 0С температурада ҳәм 60 атм басымда, 70 – 90 % - ли суйық аммиак пенен қарама-қарсы ағым принципи бойынша экстракцияланады. Бул шараятта ас дузы ҳәм хлоридлер каустикалық сода еритпесинен экстракцияланады, өйткени олар каустикалық соданың еритпесине қарағанда, аммиакта жақсы ерийди.
Ас дузын сынаплы катодлар менен электролизлеў. Ас дузын сынаплы катодлар менен электролизлеўдиң өзгешелиги соннан ибарат, оларда үлкен кернеўликке ийе болған, водород ионлары разрядланбайды. Натрийдиң ионлары сынаплы катодларда разрядланып, амальгаманы – NanHg пайда етеди. Сонлықтан, бул усылда натрийдиң амальгамасы ҳәм хлор пайда болады. Амальгаманы тарқатыў басқа үскенеде – тарқатқышта өткериледи, бунда күйдиргиш натрий, водород пайда болады ҳәм сынап ажыралып шығады:

Солай етип, сынаплы катоды 2 бар ванна еки бөлимнен ибарат болыўы тийис – электролизердиң өзи Э ҳәм тарқатқыш Р (разлагател) (27-сүўрет).
Электролизерге алдын – ала тазаланған ҳәм тойынған ас дузының еритпеси (305 – 310 г/л NaCl) келип түседи, ал төменги тәрепинен ваннаның қыялап исленген ултаны бойлап үзликсиз түрде жуқа қатламда сынап ағып турады.
Электролизердеги сынаптың 2 үстинде графиттен исленген анод 1 жайласады, ол жерде хлор ионлары разрядланады. Электролиз даўамында тарқатқышқа қарай ҳәрекет-ленген сынап, натрий менен тойынады ҳәм электролизерден шығыў ўақтына келип оның муғдары 0,2-0,3 %-ке жетеди.
Тарқатқышта натрий амальгамасы электролизердеги сыяқлы қыялап исленген ултан бойлап ҳәрекет етеди, бирақ қарама-қарсы тәрепке қарай. Оған амальгаманы тарқатыў ушын үзликсиз түрде суў берилип турылады. Тарқатқыштың ултанына жайластырылған графит бөлекшелери жәрдеминде тарқалыўы тезлеседи. Ажыралып шығыўшы сынап насос 3 жәрдеминде электролизерге сорып алынады. Пайдаланылмай қалған дуз еритпесиниң қалдық муғдары электролизерден арнаўлы бакке қуйылады, ол жерде зәрүр муғдардағы қатты ас дузы қосылғаннан кейин тағы электролизерге жибериледи.



27-Сүўрет. Сынап катодлы электролизер.

Сынаплы катодларда электролизлегенде каустикалық сода таза түринде, NaOH концентрациясы 570 – 760 г/л муғдарында алынады.



Download 0.65 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling