Сода өнимлерин өндириў технологиясы


Каустикалық соданы өндириўдиң усыллары ҳаққында улыўма түсиник


Download 0.65 Mb.
bet8/14
Sana18.12.2022
Hajmi0.65 Mb.
#1026832
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   14
Bog'liq
8-лекция

Каустикалық соданы өндириўдиң усыллары ҳаққында улыўма түсиник. Кальцинацияланған содаға ҳәк сүтин тәсирлестириў арқалы силти түриндеги каустикалық соданы алыў көптен берли әмелге асырылмақта. Оны санаатлық түрде 1844 жылы Англия да алып баслаған. Дәслеп каустикалық сода тек ғана силтилер түринде, кейин ала күйдиргиш натрий қатты түрде алына баслады.
Санаатта каустикалық сода химиялық усылда известкалы ҳәм ферритли, кальцина-цияланған содадан алыныў усылы ҳәм электрохимиялық усыл – ас дузының суўлы еритпелерин электролизлеў усылында алынады.
Известкалы усыл – ең ески усыл. Ол Na2CO3 еритпеси менен известтиң тәсирлесиўне тийкарланған.

Кальций карбонатынан ажыратып алғаннан кейин 90-120 г/л NaOH муғдарындағы силти суўы алынады.
Ферритли усыл – кальцинацияланған соданы темир окиси менен қыздырыў арқалы натрий ферритин алыўға тийкарланған:

Ферритке суў тәсирлестиргенде еритпеге күйдиргиш натрий өтеди:

400 г/л шекем NaOH тутқан силти пуўландырғанда қатты каустикке айланыўы мүмкин.
Электрохимиялық усыл – ас дузының электролизине тийкарланған.
Күйдиргиш натрийди алыўдың электрохимиялық усылы ҳәзирги ўақытта жүдә кең тарқалған. Бул усыл химиялық усыл менен каустикти ислеп шығарыўда сарпланатуғын әдеўир муғдардағы кальцинацияланған соданы үнемлеў имканын береди. Биз төменде күйдиргиш натрийди алыўдың электрохимиялық усылын толығырақ қарап шығамыз.
Электролиздиң физика-химиялық тийкарлары. Турақлы электр тоги тәсиринде өтетуғын химиялық процесслер - электрохимиялық процесслер деп аталады.
Ҳәзирги ўақытта электрохимиялық процесслер химия санаатында кеңнен қолланы-лып атыр. Фторды, қыйын ерийтуғын металларды өндириў усаған тек ғана электр тогин пайдаланыў жәрдеминде әмелге асырыў мүмкин болған бир қатар өндирис тараўлары мәлим.
Электролит арқалы өтетуғын электр заряды муғдары менен электродларда ажыралып шығатуғын зат арасындағы мәлим бир қатнасты анықлап беретуғын Фарадейдиң еки нызамы Электрохимиялық өндиристиң тийкары болып есапланады.

Download 0.65 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling