Сода өнимлерин өндириў технологиясы
Еллер 1996-жылғы талап
Download 0.65 Mb.
|
8-лекция
- Bu sahifa navigatsiya:
- Тутыныўшы
- Сода алыўдың усыллары. Ҳәзирги ўақытта кальцинацияланған сода төмендеги усылларда алынады
Кальцинацияланған содаға болған талап АҚШ та жан басына жылына 35 кг қурайды, ал Пакистанда ҳәм басқада төмен раўажланған еллерде жан басына жылына 1,0-1,5 кг ды қурайды. Өзбекстан Республикасында кальцинацияланған содаға талап төмендегише:
Ескертиў: *) “Өзқурылысматериаллары” ның талабы шийше заводларындағы жобаластырылған өндиристи кеңейтиў есапқа алып көрсетилген. Дүнья жүзи бойынша ислеп шығарылған кальцинацияланған соданың 52 % ти шийше ислеп шығарыў санаатында, 17 % ти химия санаатында, 9 % ти жуўышы затлар өндирисинде ҳәм 22 % ти басқа өндирислерге жумсалады. Сода алыўдың усыллары. Ҳәзирги ўақытта кальцинацияланған сода төмендеги усылларда алынады:Аммиаклы усылда (Сольве усылы); Тәбийий содадан; Натрий гидроксидин карбонизациялаў; Нефелинлерди комплексли қайта ислеў. Аммиаклы усыл Аммиаклы усыл жақын ўақытларға шекем кальцинацияланған сода өндирисиниң монополиялық усылы болып келди, 100 % сода усы усылда ислеп шығарылды, ҳәзирги ўақытта оның үлесине дүньяжүзлик ислеп шығарылған соданың 60 % ти туўра келеди. Бул усылдың артықмашлығы: шийки заттың (ас дузы ҳәм ҳәк тасы) кен тарқалғанлығы, алыў қолайлылығы, запасының көплиги ҳәм арзанлығы; ҳәк тасын (известняк) өртеўден басқа, тийкарғы реакциялар жоқары болмаған температураларда (100 0С қа шекемги) ҳәм атмосфералық басымда өтеди; технологиялық процеслердиң турақлылығы; таяр өнимниң жоқары сапалылығы; кальцинацияланған соданың өзине түсер баҳасының салыстырмалы түрде арзанлығы. Бул усылдың кемшиликлери: шийки заттың пайдаланыў дәрежесиниң төменлиги (натрийдиң барлығы болып екиден үш бөлеги пайдаланылады, ал кальций ҳәм хлор улыўма пайдаланылмайды); пайдаланыўды, шығарып таслаўды ямаса узақ мүддет сақлаўды талап ететуғын, қатты ҳәм суйық шығындылардың көплиги; энергетикалык ресурслардың көп сарпланыўы; салыстырма капитал сарпланыўының жоқарылығы, усыған байланыслы қурылған заводлардың өзин-өзи қаплаўы узақ мүддетке созылады. 2. Соданы тәбийий содалардан өндириў. Кальцинацияланған соданы қурамында сода тутқан тәбийий шийки затлардан алыў – сода санаатының салыстырмалы түрде жаңа тараўы болып табылады. Бул усыл ерте дәўирлерден баслап белгили. Мысалы, әййемги Египтте соданы тәбийий көллердиң қура-мында сода тутқан рапасынан алды. 1938-жылы АҚШ та Na2CO3NaHCO32H2O қура-мындағы трон түриндеги шийки заттың бай кәни ашылғаннан кейин ғана бул тәбийий шийки затты қайта ислеў технологиясына тийкар салынды. 1947-жылы ФМК америка фирмасы трон кәнин ис жүзинде пайдалана баслады. 1960-жылы тәбийий троннан 720 мың тонна, 1980-жылы 6,8 млн. тонна, ал 2000-жылы 10 млн. тоннадан артық сода алынды. Троннан тысқары, АҚШ та соданы Сёрлс көлиниң (Калифорния штаты) рапасынан алады (23-сүўрет). Тәбийий шийки затлардан сода алыў, оны аммиаклы усылда өндириўге қарағанда анағурлым пайдалы. 1 т сода ушын салыстырма қарежет сарпланыўы 1980-жылы төмен-дегише болды: Тәбийий содаға – 300 доллар. Аммиаклы содаға – 546 доллар. Жумысшы күш жумсалыўы сәйкес түрде 1,1 ҳәм 1,88 адам/саатына, энергия сарпланыўы 6,3 ҳәм 14,2 кДж/т. ФМК фирмасы тәрепинен тронды жер астында силтилендириў процесси ислеп шығылды, ол сода өндирисине сарпланатуғын қәрежетлерди және 20 – 25 % ке қысқартыў имканиятын береди. 23-Сүўрет. Сёрлс содалы көли (Калифорния штаты). Троннан кальцинацияланған сода тийкарғы еки усылда алынады: сесквикарбонатлы ҳәм моногидратлы. 3.Нефелинлерди комплексли қайта ислеў. Нефелинлерди комплексли қайта ислеў арқалы глинозем, поташ, кальцинациялан-ған сода, цемент ҳәм басқа бир қатар өнимлер алынады. Нефелинлерди комплексли қайта ислеў тек Россияда ғана ислетиледи. Нефелинлердиң улыўма химиялық формуласы (Na,K)2OAl2O32SiO2. 4. Натрийдиң гидроксидин карбонизациялаў. Ҳәзирги ўақытта каустикалық соданы электролиз усылы менен өндириў жылына 40 млн. тоннаға жетти. Ас дузының электролизиниң тийкарғы өними хлор болған жағдайда, яғный электролизлик өндирис хлорға болған талапты қанаатландырыў ушын жолға қойылған болса, онда каустикалық соданың аўысық муғдары болыўы мүмкин. Усы каустикалық соданы карбонизациялаў жолы менен кальцинацияланған содаға айландырыў мүмкин. Басқа жағдайларда бул процесс пайдалы емес, өйткени қымбат турыўшы өним – каустикалық содадан – қосымша қәрежет жумсаў жолы менен бирқанша арзан турыўшы өним – кальцинацияланған сода алынады. Бул процесстиң утымлы тәрепи алынатуғын кальцинацияланған соданың жоқары сапалылығы болып есапланады. Биз бапта сода өндирисиниң аммиаклы усылы менен кеңирек танысып шығамыз. Download 0.65 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling