Сода өнимлерин өндириў технологиясы


Download 0.65 Mb.
bet2/14
Sana18.12.2022
Hajmi0.65 Mb.
#1026832
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   14
Bog'liq
8-лекция

Тәбийий сода. Сода әйемги дәўирлерден баслап-ақ адамларға белгили болды. Оның кремнезем менен қосып ериткенде шийшени пайда етиўши әҳмийетли қәсийети, Египетте бир неше мыңлаған жыллар алдын қолланылған. Кейин ала сода, сабын ислеп шығарыўда қолланыла баслады баслады. Бул мақсетлер ушын сода әйемги дәўирлерден баслап ҳәм XIX әсирдиң басларына шекем Египеттеги ҳәм басқа еллердеги содалы көллерден Na2CO3NaHCO32H2O қурамындағы трон түринде, ас дузы менен араласпасынан алынып келинди. Сол дәўирлерде ҳәм кейинде сода өсимликлердиң күлинен алынатуғын еди. Сонлықтан сода жүдә қымбат ҳәм сийрек гезлесетуғын зат болып есапланды.
Суўсыз-кальцинацияланған сода Na2CO3 молекулалық массасы 106, тығызлығы 2,5 г/см3 ҳәм ериў температурасы 853 0С болған ақ кристаллық порошок, суўда жақсы ерийди. Ҳаўадан углекислый газди ҳәм суў пуўларын жутып ол натрийдиң бикарбонатына NaHCO3 айланады.
Ас содасы NaHCO3 медицинада, азық-аўқат санаатында, өрт өширгишлерди толтырыў ушын ҳәм басқа мақсетлерде кеңнен қолланылмақта. 120 0С та NaHCO3 суўды ҳәм углекислый газди ажыратып шығарып, кальцинацияланған содаға айланады:



Кальцинацияланған содаға болған талаптың тез пәт пенен өсиўи тәбийий дереклер менен қанаатланбайтуғын болды, сонлықтан оны арзан ҳәм кең тарқалған шийки затлардан жасалма түрде алыў машқаласы пайда болды.
Бул нәрсе 1775-жылы Париж Академиясының соданы алыў усылын ислеп шығыў ушын, сол дәўирдиң есабында жүдә ири 1200 ливр муғдарындағы сыйлық жәриялаўына себеп болды. 1787-жылы конкурс нәтийжесинде Леблан тәрепинен исленген усыл қабыл етилди. XIX әсирдиң басларында сода өндириси санааты Францияда, ал кейин ала басқа еллерде жолға қойылды. 1806 – жылдың басларында Леблан усылы бойынша сода ислеп шығарыўшы заводлар пайда болды.
Леблан усылы бойынша, арзан ҳәм кең тарқалған шийки зат – ас дузына ислеў бериледи, ол күкирт кислотасы менен тәсирлесип натрий сульфатын пайда етеди:

Натрий сульфаты натрий сульфидине шекем қәлпине келтириледи:

Соңынан натрий сульфиди известняк пенен орын алмасыў реакциясына кирисип, соданы пайда етеди:

Алынған еритиндиден сода суў менен силтилендириледи (выщелачивается).
Сода өндирисиниң қосымша өними – хлорлы водород дәслеп түтин газлери менен биргеликте атмосфераға шығарып жиберилетуғын еди, бул қоршаған орталыққа зыян тийгизетуғын еди. Оның азғана муғдары суўға жуттырылатуғын еди, деген менен бунда алынатуғын дуз кислотасы өз қолланылыўын таба алмады. Өндиристиң екинши шығын-дысы кальций сульфиди болды.
Кейин ала, дуз кислотасынан ажыратып алатуғын хлорды ҳәр қыйлы материалларды реңсизлендириў ушын қолланыў мүмкин екенлиги анықланды.
Леблан усылының екинши бир шығындысы күкиртли кальцийден натрийдиң гипосульфидин алатуғын болды.
Әлбетте, Леблан усылы бойынша сода өндириси химия санаатының раўажланыў тарийхында үлкен роль ойнады. Бирақ 1863-жылға келип белгиялы инженер Сольве тәрепинен соданы алыўдың қолайлы жаңа усылы ислеп шығылды, бул усыл тез арада өндиристен Леблан усылын қысып шығарды.
Сода өндирисиниң аммиаклы усыл деп аталыўшы жаңа усылы жоқары сапалы, арзан өним бере баслады.
Сода ислеп шығарыўдың еки усылы – Леблан ҳәм Сольве усыллары ишинде ең әпиўайысы ҳәм пайдалысы Сольве усылы болды, бул усыл аммиаклы усыл ретинде көпшилик еллерде кең тарқалған.
ҒМДА еллери территориясында төмендеги сода заводлары бар:

Download 0.65 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling