Ташкент информациялық технологиялар
Download 30 Kb.
|
А.Мамбетганиев сын пикир
Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы информатика ҳәм информациялық технологиялар факультетиниң IV-курс студенти А.Мамбетганиевтиң «Теңлемелерди итерация усылы менен шешиўдиң параллел алгаритиминиң қурамалығын табың» темасы бойын питкериў қәнийгелик жумысына П И К И Р А.Мамбетганиевтиң питкериў қәнийгелик жумысының тийкарғы нәтийжеси теңлемелерди интерация усылы менен шешиўдиң параллел алгоритмниң қурамлығын табыў. Параллел алгоритмниң қурамалығын табыў ушын теңлемелерди интерация усылы менен шешиўдиң математикалық модели қурылған ҳәм оның сәйкес алгоритми дүзилген. Дүзилген алгоритмниң структурасы функциядан, нәтийжелерди жазыў процедурасынан, қурамалы ҳәрекетлерден ҳәм шәрти кейнинде келетуғын ҳәрекетлерден турады. Алгоритмниң стуктурасындағы усы бөлеклер параллеллестирилген. Усының менен бир қатарда көп процессорлы системаның макроконвейерли есаплаў усылда параллеллестириўде есапқа алынған.Көп процессорлы системаның праллеллестириўге қатнасын өзгениўши арқалы билдирген.Дүзилген алгоритмлерге Турбо Паскаль тилинде программалар жазылған ҳәм нәтийжелери тәжирийбе арқалы алынған. Улыўма айтқанда, А.Мамбетганиевтиң питкериў қәнийгелик жумысын жүдә жақсы орынланған. Орынланған жумыс теориялық ҳәм практикалық жақтан пайдалы ҳәм питкериў қәнийгелик жумысына қойылған талапларға толық жуўап береди. Усыларды есапқа алып , А.Мамбетганиевтиң питкериў қәнийгелик жумысына «жақсы» баҳа қойыўға болады деп ойлайман. Илимий басшы: доц.Нурекеев.Т Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы информациялық технологиялар факультетиниң IV-курс студенти А.Мамбетганиевтиң «Теңлемелерди итерация усылы менен шешиўдиң параллел алгаритиминиң қурамалығын табың» темасы бойын питкериў қәнийгелик жумысына С Ы Н А.Мамбетганиевтиң питкериў қәнийгелик жумысының тийкарғы нәтийжеси теңлемелерди интерация усылы менен шешиўдиң параллел алгоритмниң қурамлығын табыўға арналған. I-бапта теңлемелерди итерация усылы менен шешиў мәселелери қаралған ҳәм оның математикалық модели қурылған. §1.1 Теңлемелерди санлы усыллары қаралған, атап айтқанда, графикалық усыл ҳәм Нютон усылы қаралған. §1.2 Теңлемелерди итерация усылы менен шешиўде математикалық модели қурылған ҳәм оған сәйкес алгоритм дүзилген. Усы алгоритмге Турбо Паскаль тилинде программа жақсы жазылған. II-бапта теңлемелерди итерация усылы менен шешиўдиң параллелл алгоритми қурамалығы анықланған. §2.1теңлемелерди итерациялық усыл менен шешиў, алгоритмниң қурамалығы табылған. §2.2 теңлемелерди итерациялық усыл менен шешиўдиң параллел алгоритминиң қурамалығы анықланған. Барлық дүзилген алгоритмлерге Турбо Паскаль тилинде программалар жазылған ҳәм нәтийжелери қосымшада көрсетилген. Жуўмақлап айтқанда, А.Мамбетганиевтиң питкериў қәнийгелик жумысы жүдә жақсы орынланған ҳәм оған қойылған талапларға толық жуўап береди. Сонлықтан А.Мамбетганиевтиң орынланған питкериў қәнийгелик жумысына «жақсы» баҳа қойыўға болады деп есаплайман. Сын бериўши математика факультети деканының оқыў ислери бойынша орынбасары: доц.М.Бердимуратов Download 30 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling