Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


Download 404.5 Kb.
bet1/13
Sana23.02.2023
Hajmi404.5 Kb.
#1223905
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13
Bog'liq
Шыгыс Устурт естеликлери


ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМ МИНИСТРЛИГИ


БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ




ТАРИЙХ ФАКУЛЬТЕТИ


АРХЕОЛОГИЯ КАФЕДРАСЫ


В.Н. ЯГОДИННИҢ ҮСТИРТТИҢ ТҮСЛИК-ШЫҒЫС БӨЛИМИН ИЗЕРТЛЕЎДЕГИ ХЫЗМЕТЛЕРИ
атамасындағы питкериў қәнигелик жумысы







Орынлаған: «Тарийх» бакалавр тәлим бағдары IV-г курс студенти Бердибаев Бахтияр ___________________









Илимий: доцент. М. Туребеков
___________________



Питкериў қәнигелик жумысы Археология кафедрасынан дәслепки қорғаўдан өтти.
___________санлы баянлама «______» ______________2022-жыл
Кафедра баслығы:_____________________________Ж.Ҳәкимниязов
НӨКИС-2022
Мазмуны
Кирисиў……………………………………………………..…..…3
I-Бап. В.Н. Ягодинниң өмир жолы ҳәм шөлкемлестириўшилик хызметлери ҳаққында ………………………………………………………….7
1.1. В.Н. Ягодинниң өмир жолы ҳаққында………………...…………..7
1.2. В.Н. Ягодинниң шөлкемлестириўшилик хызметлери ҳаққында.14
II-Бап. В.Н. Ягодинниң Үстирттиң түслик шығыс бөлими естеликлерин изертлеўлери ………………………………………………….23
2.1. Топырақ-қала ҳәм Томар қала естеликлерин изертлеўлери…...23
2.2. Бограхан ҳәм Пульжай естеликлерин изертлеўлери……….…..28
2.3. В.Н.Ягодинниң Қубла Үстирт Шоманай әтирапы естеликлерин изертлеўлери......................................................................................................34
III-Бап. В.Н. Ягодинниң Үстирт көшпели қәўимлер естеликлерин изертлеўдеги хызметлери…………………………………………………….48
3.1. Үстирттеги көшпели қәўимлер ҳаққында археологиялық ҳәм этнографиялық мағыўматлар...........................................................................48
3.2. Үстирттеги Аран тәризли қурлысларды изертлеўлери................54
3.3.Үстирт аранларының хронологиясы ҳәм типологиясы. Арка Үстүрт топары....................................................................................................57
3.4. Бөлек жайласқан ушқырсыман қурлыслар.....................................69
Жуўмақлаў…………………………..……………………………….....71
Пайдаланған әдебиятлар……………………….…………………........77
Кирисиў
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев 2016-жыл 30-декабрь күни мәмлекетимиздиң жетекши илим-пән ўәкиллери менен ушырасыўында мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң заман талаплары дәрежесинде раўажланыўын илим пәнсиз көз алдымызға келтириў қыйын. Илим пән раўажланыўында фундаментал изертлеўлер баслы әҳмийетке ийе екенлигин, олар арқалы жаңа билимилер өзлестириледи ҳәм теориялар қәлиплестириледи, келеси әмелий изертлеўлер ҳәм инновациялық исленбелер ушын беккем тийкар жаратылады. Илим, тәлим ҳәм ислеп шығарыў интеграциясын және де жетилистириў әҳмийетин айрықша атап өткен еди1.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасы сайлаўшылары менен ушырасыўдағы сөйлеген сөзинде, «бул халық өтмиште де, ҳәзирги күнде де барлық машақатларға шыдам берип, ҳеш қашан ертеңги күнге исенимин жойытпай киятырғаны үлкен бир ибраттың көриниси саналады. «Егер Қарақалпақстанның картасына қарасаңыз, оның үлкен саҳралар – Қарақум ҳәм Қызылқумның арасында жайласқанын, әтирапындағы орынлар Барсакелмес, Қумбасқан, Қойқырылған, Қанлыкөл деген атлар менен аталғанын көремиз. Бул атамалар өтмиштеги аўыр апатшылықлардан дерек беретуғыны тәбийғый, әлбетте»-деп атап көрсеткен еди2.
Расында да халкымыз өзиниң басып өткен турмыслық тарийхы ҳаққында көплеген қалалар, қайталанбас материаллық мәденият үлгилери, мәдений ҳәм руўхый мийраслар қалдырған.

Өзбекстан Республикасы мәдений мийрас обьектлерине Орайлық Азияда ең бай мәмлекет. Бүгинги күни Республикасының Бухара, Самарқанд, Хийўа, Ташкент, Термез, Шахрисабз сыяқлы онлап қалалары ишки ҳәм шет еллик туризм орайларына айланған қалалар. Өзбекстанның усындай әййемги ҳәм орта әсирлерге тийисли ең көп мәдений мийрас обьектлери жайласқан аймақларының бирине Қарақалпақстан Республикасы жатады. Соның ушында үлкемизди айрым уақытлары уллы еки дәрья аралығында жайласқан Орта Азияның Египти депте атайды.


Президентимиз Шавкат Мирзиёев, «алдымызға қойған үлкен ӯазыйпаларды әмелге асырыӯда биз ушын күш-қүдирет дереги болған миллий идеяны раӯажландырыӯымыз керек. Атап айтқанда, миллий өзлигимизди аңлаӯ, элимиздиң әйемги ҳәм бай тарийхын үйрениӯ, бул бағдарда илимий-изертлеӯ жумысларын күшейтиӯ, гуманитарлық тараӯ илимпазларының жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуӯатлаӯымыз лазым.»1-деп көрсеткен еди.
Қарақалпақстанның өтмиштеги бай мәдений ҳәм тарийхый мийрасларын илимий жактан изертлеу жумыслары ярым әсирден аслам уакыттан, яғный ХХ әсирдиң биринши ярымынан баслап алып барылмакта. Әлбетте, бул жумыслар дәслепки уақытлары шет еллик қаниге алымлар тәрепинен алып барылған. Себеби, ол уақытлары бул тараў бойынша изертлеў алып баратуғын жергиликли кадрлар еле жоқ еди.
Әмиўдәрьяның төменги еки бойында жайласқан археологиялық естеликлерди дәслепки изертлеў жумыслары 1928-1929 жылларда Санкт Петербург университети профессоры, тарийх илимлериниң докторы А.Ю.Якубовскийдиң Қарақалпақстанға келиўи менен байланыслы. Ол Өзбекстан ҳәм Туркменстан Республикаларының археологиялық ҳәм архитектуралық естеликлерин изертлеў менен қатар Хожели қаласының архитектуралық естеликлерин естеликлеринде көрген.
А.Ю.Якубовскийден кейин отызыншы-қырқыншы жылларда Қарақалпақстанда Академик Я.Г.Гулямов болады. Усы дәўирлерде Қарақалпақстандағы әййемги ҳәм орта әсирлердеги тарийхый ҳәм мәдений естеликлер менен қызықсынған алымлардың көбейгенлиги мәлим. Солай болсада, сол дәўирлерде үлкемиз естеликлерин шын мәнисинде кең ҳәм ҳәр тәреплеме изертлеў жумыслары профессор С.П.Толстов шөлкемлестирген экспедициясы тәрепинен алып барылды. Бул экспедиция бурынғы аухамлық илимлер академиясының этнография институты қапталында 1936 жылы профессор С.П.Толстов тәрепинен Хорезм археологиялық экспедициясы деген ат пенен шөлкемлестиреди. Бул экспедиция заманның талабы менен ҳәм экспедиция баслығының устазының жолы менен 1945 жылдан баслап Хорезм археолого-этнографиялық экспедициясы болып қайта шөлкемлеседи. Нәтийжеде тарийхый ҳәм мәдений мийрасларымыз археологиялық, этнографиялық, антропологиялық, тарийхый бағдарда изертленеди
Усы уақытларға шекем Қарақалпақстан тарийхы Хийўа ханлығы дәўирлеринен басланып келинсе, С.П.Толстовтың экспедициясы өз илимий жумысларын баслағаннан кейин, елимиздиң тарийхы мың жыллап тағыда тереңлестирилди.
С.П.Толстов басшылық еткен Хорезм археолого-этнографиялық экспедициясының Қубла Арал бойларында, соның ишинде Қарақалпақстанаймағында узақ жыллар даўамында өз жумысын алып барыўы елимизге ҳәр тәреплеме унамлы тәсир жасады. Экспедиция ағзалары үлкемиздиң өтмиштеги тарийхын үйренди, елимиздиң академиялық тарийхы шығарылды. Соның менен бирге елимизге сол дәўирлерде жүдә зәрүрли болған кадрларды, соның ишинде тарийхшы кадрларды таярлаўда, олардың мектеплериниң жаратылыўына күшли тәсир жасады.
Профессор С.П.Толстов басшылық еткен Хорезм археолого-этнографиялық экспедициясының қурамында өткен әсирдиң қырқыншы жыллардан баслап қарақалпақ педагогикалық институттың тарийх факультетинде студентлери қатнаса баслады. Олардың арасынан С.Камалов, Р.Қосбергенов, В.Х.Шалекенов, Ж.Үббиниязов сықлы ең талантлылары жаслар усы экспедицияның, оның басшысы профессор С.П.Толстовтың тәсиринде илимге араласты. Нәтийжеде жергиликли жаслардан дәслепки тарийхшы илимпазлар шықты. Мине усы жасы үлкен алымлардың изи менен бул экспедиция қурамында қатнасқан жаслардың арасында А.В.Гудкова ҳәм В.Н.Ягодинлерде бар еди. Олардың археология илимине деген қызығыўшылығын сезген С.П.Толстов А.В.Гудкова ҳәм В.Н.Ягодинлерди Москваға аспирантураға алды ҳәм оларға өзи илимий басшы болды. Соның ақыбетинде өткен әсирдиң алпысыншы жылларының басларында А.В.Гудкова ҳәм В.Н.Ягодинлер археология бойынша дәслепки илим кандидатлары деген дәреже алыўға ериседи. Олардың изин ала профессор С.П.Толстовтың, академик Я.Г.Гулямовтың ҳәм профессор Гинзбургтиң қоллап қуўат лаўы менен Қарақалпақстаннан Т.К.Ходжайов, М.Мамбетуллаев, Е.Бижановлар өзлериниң кандидатлық диссертацияларын табыслы жақлап шығады. Нәтийжеде илимниң жаңа тараўы болған археология бойынша үлкемизде археология мектеби қәлиплесиўине тийкар болады.
Биз питкериў жумысымызды Қарақалпақстан археологиясының дәслепки ғарлығашлары арасынан, елимиздиң жетекши археологи болып жетилискен, тарийх илимлериниң докторы В.Н.Ягодинниң Үстирттиң түслик-шығыс бөлимин изертлеўдеги хызметлерине бағышлаўды мақул көрдик. Сол арқалы илимниң қыйын ҳәм қызықлы тараўы болған археология илиминиң Қарақалпақстанда қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў жолларына шолыў жасаў, онда археологларымыздың машақатлы мийнетлерин үйрениў, сол арқалы өтмиштеги бай мәдений ҳәм тарийхый мийрасларымызды еледе кеңирек түсиниўге ҳәрекет еттик. Бул усы бағдардағы, анығырағы қарақалпақ археологлары ҳаққындағы дәслепки жумыслардан бири болып есапланады1.

Download 404.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling