Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


Бограхан ҳәм Пульжай естеликлерин изертлеўлери


Download 404.5 Kb.
bet5/13
Sana23.02.2023
Hajmi404.5 Kb.
#1223905
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13
Bog'liq
Шыгыс Устурт естеликлери

2.2. Бограхан ҳәм Пульжай естеликлерин изертлеўлери
Бограхан естелиги Қоңырат қаласынан 10 км арқа-батыс тәрепте қазирги «Жаңа талап» колхозы аймағында жайласқан. Естелик биринши рет 1946-жылы СССР илимлер академиясының ХАЭЭ тәрепинен археологиялық картаға түсирилди. 1959-жылы экспедиция хызметкерлери тәрепинен естеликке илимий баянлама жазылды, ҳәм естеликтиң салынған, пайдаланған ўақтын XI-XII әсирлер деп белгилейди1.
Мадиминя қаласының жайласқан орнын (Бограхан) Я.Гуломов Қоңырат қаласынан 10 км арқа-батыста жайласқан. Бограхан қаласы қаробаханасы менен теңлестиреди. Бограхан қала қарабаханасы ямаса хованд XIX әсир хроникаларында ҳәким ата Бақырғаний мақбарасы менен Қоңырат ортасындағы қала қарабаханасы сыпатында тез-тез көрсетилип өтилген. Мунис Огаҳийдиң пикирлерине қарағанда қала қарабаханасы ҳақыйқый аты Хованд деп аталған. Бирақ ол Бограхан аты менен белгили2.
Қала үлкен тегисликте Мачан көлге жақын жерде жайласқан. Соның ушын да сол көл тасқыны пайда болғанда тез-тез оны суў басып турған. Қала арк, шархистан ҳәм үлкен рабадтан ибарат. Қаланың улыўма планы жақсы сақланып қалған. Шахристан арк менен биргеликте 35000 кв метрден үлкен майданды ийелейди. Мәдений қатламның шахристан ишиндеги қалыңлығы 3,5 м -ге жетеди. Мәдений қатлам Гөне Үргенштеги сыяқлы IX-XIV әсирлерге тийисли археологиялық материалларға бай. Арктен қубла-шығыста XI-XII әсирдеги үлкен имарат излери сақланып қалған. Бул минаралы Жоме мешити болса керек делинген. минараның фундаменти 2 м бәлентликте сақланып қалған.
Рабад майданы шахристан майданынан 4-5 есе үлкен. Бирнеше суў алыўлардың нәтийжесинде рабадтың үлкен бөлеги батпақлыққа айланып, қамыслық болып кеткен.
Археологиялық рекогноцировка көрсетиўи бойынша Бограханнан дәрьяның төменги алабында Х әсирде қала болған. Солай етип Бограханды Х әсирдеги Мадминия деп атаўға көплеген дәлил таўылмақта.
Қала харобалары 992-жылда Моверенаҳрды басып алған Қараханийлерден шыққан Бограхан атына қойылған. Бограханның Хорезмге ҳеш қандай байланысы болмағанлығы себепли, биз бәлким ҳәким ата Бақырғаний ҳаққындағы әпсана менен байланыслы деп ойлаймыз. Әпсанада Бограхан ҳәким ата Бақырғаныйда ҳүрмет еткен ҳәм Бақырғаный оның қызына үйленгенлиги айтылады. Бограхан қаласы қарабаханасынан 200-250 м қубла-батыста қубладан арқаға қарай дәрья тармағының ярым қурығын өзеги созылып жатады. Жергиликли халық оны Қара көл деп атайды ҳәм Әмиўдәрьяның алдыңғы өзеги деп есаплайды. Бул өзек ҳаққында әпсана бар:
Узақ өтмиште сол дәрьяда Бограхан порт қаласы болған, дәрья барған сайын батысқа қарай аға баслаған ҳәм Пулжай қаласы районын басып кетиў қәўпин туўдырған. Пул жай ҳәкими өз жерлерин жасалма төбешик пенен орап алыўды қарар қылады, төбешикке «ақ қашы» аты бериледи. Ҳақыйқатында да Бограханнан 3,5-4 км батыста топырақтан үйилген қашы излери қубладан-арқаға қарай созылған. Төбешиктиң бәлентлиги 1,5-4 м. ге жақын. «Ақ қашы» төбешилиги адамлардың айтыўына қарағанда Шоманайдан Арал теңизине шекем созылған. Бул қашыда М.Туребековтың басшылығында 1999-жылы археологиялық қазыў жумыслары апарылды. Нәтийжеде оның топырақтан үйилгенлиги анықланды1.
Бограхан естелиги Қоңырат қаласынан 10 км арқа-батыс тәрепте қазирги «Жаңа талап» колхозы аймағында жайласқан. Естелик биринши рет 1946-жылы СССР илимлер академиясының ХАЭЭ тәрепинен археологиялық картаға түсирилди. 1959-жылы экспедиция хызметкерлери тәрепинен естеликке илимий баянлама жазылды, ҳәм естеликтиң салынған, пайдаланған ўақтын XI-XII әсирлер деп белгилейди2. 1960-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалының тарийх тил ҳәм әдебият институтының хызметкерлери естеликтиң топографиялық көринисин сызып алады, шурф қойып, үстинен материаллық мәденият қалдықларын жыйнап жаңа илимий мағлыўматлар табады3.
Қаланың улыўма майданы 60 гектардан артық болып, ол цитательден, шахристаннан ҳәм рабадтан турады. Цитотель шахристанның арқа-батыс тәрепинде жайласқан. Соңғы ўақытлары туўры мүйешли көринистеги еки мүйешиндеги шығыс ҳәм қубла тәрептеги дөңгелек башнялардың (қараўылхана) қалдықлары сақланып дөмпешик түринде көринип тур. Дийўалларының жақсы сақланған жерлериниң бийиклиги 3-4 м, дийўалларының көпшилик бөлимлерин жаўын-суўлары жуўып кеткен ҳәм қалдықлары қашы формасында көринип тур. Қала дәрўазасы арқа дийўалда салынған. Қала ишиниң көпшилик бөлеклеринде қурылыс жай орынлары бар. Арқа батыс дийўалдың ортаңғы ишки бөлиминде гүлалшылық өндирисиниң қалдықлары сақланған1.
Пулжай естелиги Қоңырат қаласыныӊ батысында (арка) 45 км. жайласкан. Үстирттиң жан баўырында орналасқан қала корған еки бөлимнен турады. 1946–жылы Хорезм археология экспедициясы естеликте болып, табылмалар ҳәм план сызылмаларын алған. Бирақ археологиялық қазыў жумысларын алып бармаған. 1960 – жылы В. Н. Ягодин басшылығында Нөкис археологлары бул жерде разведка-бақлаў характериндеги қазыў жумысларын алып барды.
Өзбекстанның көрнекли археологы академик Я. Ғ. Ғуламов ҳәм В. Н. Ягодин бул естеликти яғный Пулжай естелигин 922 – жылы Ибн – Фадлан жазған Гид (Джит) естелиги менен байланыстырады2.
Пулжай естелиги үш бөлимнен турады. Дәслеп майданы 70х75 м. болған корған салынған, корғаннын төрт мүйеши ҳәм дийўаллары бойлап минарлар бар. Корғанныӊ ишинде ески жай орынлар төбешиклер ҳәм жаўын менен жуўылған дийўал калдыклары сакланған. Бул жерде В. Н. Ягодинниң 1960 – жылы ҳәм М-Ш. Қдырниязовтыӊ 2004 – жылғы қазыў жумыслары бул корғанныӊ IX–XI әсирлерде салынып XIII – әсир басына дейин пайдаланғанлығын көрсетеди.
Пулжай. Пулжай естелиги Конырат қаласыныӊ батысында (арка) 45 км. жайласкан. Үстирттин жан бауырындағы «жоқарғы қала» (қорған) ҳәм «төменги қаладан» - еки бөлимнен турады. 1946 – жылы Хорезм археология экспедициясы естеликте болды, табылмалар ҳәм план сызылмаларын алған. Бирақ археологиялық қазыў жумысларын алып бармаған.
Пульжай етелиги ҳақкында академик Я.Ғ.Ғуламов өзиниң «Хорезмниң суўғарыў тарийхы» деп аталған китабында мағлыўмат береди. Илимпаз бул жерде урыстан кейинги жыллары болып мағлыўматлар топлаған. Кейинги изертлеў Өзбекистан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими ашылғаннан соң 1960– жылы В. Н. Ягодин басшылығында Қарақалпақстанлы археологлар тәрепинен разведка-бақлаў характериндеги казыў жумысларын алып барды. 2002 – жылы усы жерде Ташкентли археолог Сергей Баратов басшылығында халық аралық экспедиция жумыс иследи. Оныӊ қурамында С. Баратовтан баска К. Абдуллаев ҳәм Гереманиялы илимпазлар т.б. археологиялық изертлеў жумысларын алып барған1.
Бирақ Пульжай естелигин илмий жақтан турақлы, статционар жол менен изертлеген ҚМУ илимпазлары болды. 2004 – жылы Қарақалпақ мамлекетлик Университетиниң профессоры М.-Ш. Қдырниязов өз шәкиртлери С.Т. Сайпов, А,Ж. Искандерова, Б.Қ. Турғанов пенен бирликте археологиялық изертлеў жумысларын алып барды. Бул изертлеўлер нәтийжесинде бурынғы естелик ҳаққындағы пикирлер жаңа материаллар менен толықтырылды. Атап айтканда естеликтиң уш состав бөлектен туратуғынлығы тастыйықланды.2 Естеликте бурын айтылмаған, изертленбеген жаңа объектилер: кәрўан-сарай, мешит, мавзолей, гербиш куйдириў заводлары, турақ-жайлар т.б. қурлыс орынлары ашылды3.
Өзбекистанның көрнекли археологы академик Я. Г. Гулямов ҳәм В. Н. Ягодин бул естеликти ягный Пулжай естелигин 922 – жылы Ибн – Фадлан жазған Гид (Джит) естелиги менен байланыстырады4.
Пулжай естелиги үш бөлимнен турады. Дәслеп майданы 70х75 м. болған қорған салынған, қорғанның төрт мүйеши ҳәм дийўаллары бойлап минарлар бар. Қорғанның ишинде ески жай орынлар төбешиклер ҳәм жаўын менен жуўылған дийўал қалдыклары сақланған. Бул жерде М.-Ш. Қкдырниязовтыӊ 2004 –2016- жыллардағы қазыў жумыслары бул қорғанның В.Н.Ягодин тәрепинен айтылған IX – XI әсирлерде салынып XIII – әсир басына дейин пайдаланғанлығын тастыйқлады. Соның менен қатар жаңа пикирлерди пайда етти.1
Пульжайдың “төменги қаласы” жасаў жайлары, жәмийетлик орынларынан көп муғдарда сырлы, сырсыз кулал ыдыслары сынықлары табылған. Олар XIII-XIV әсирлер гүлал өнимлерине тийисли. Биз бул табылмалардыв төменги бөлимде сөз етемиз. Олардың арасында кашин түриндеги тостаған, шырақ, гүзе, архитектуралық деталлар, моншақ т.б. бул қала турғынлары керамика өндириси жетискенликлеринен көп пайдаланғанын көрсетеди.
Естеликти қазыў ўақтында көплеген материаллық маденият үлгилери менен қатар керамика өнимлери көплеп ушрасты. Олардың қатарында ертедеги орта әсирге тийисли қолдан, үй шәриятында таярланған керамика үлгилери, қызыл реңли, сур-кул реңли сырланбаған ыдыслар, сырланған қызыл реңли ылайдан жасалған өним үлгилери, кашин түриндеги көплеген гүлалшылық затлары табылған. Олардан басқа Волга бойы қалаларынан алып келинген керамика, ираний, қытайша селадон т.б. сырттан әкелинген өним түрлери бул жерде ушрасқан. Оларды бизиң магистрлик диссертациямызда пайдаланыў Үстирт қырлары керамикасы ҳақкындағы мағлыўматларды толықтырады. Алтын Орда яғный XIII – XIV – әсирлерге тийисли дийўал менен коршалмаған майданы 100 гектардан аслам шашыранды жайласкан қала конысының орны анық билинеди. Бул жердеги қазыў жумыслары ҳәм табылған материаллар қаланыӊ саўда өнерментшилик орайы болғанлығын көрсетеди. Атап айтканда қала атирапында гүлалшылық, темиршилик өнимлериниң улгилери көплеп ушырасады. Қаланын батыс тарепинде үлкен кабиристанлыктыӊ орны анықланған. Қабиристанлық материаллары да IX – XIV - әсирлерге туўра келеди. Улыума алғанда Пулжай естелиги Үстиртти Хорезм менен тутастыратуғын саўда кәрўан жолында жайласып хорезмшахлар ҳәм Алтын Орда дәўиринде саўда-өнерментшиликке хызмет ететуғын қала болған деген пикир туўады. Онда керамика өнимлери көп пайдаланылған.

Download 404.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling