Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


I-Бап. В.Н. Ягодинниң өмир жолы ҳәм шөлкемлестириўшилик хызметлери ҳаққында


Download 404.5 Kb.
bet2/13
Sana23.02.2023
Hajmi404.5 Kb.
#1223905
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13
Bog'liq
Шыгыс Устурт естеликлери

I-Бап. В.Н. Ягодинниң өмир жолы ҳәм шөлкемлестириўшилик хызметлери ҳаққында
В.Н. Ягодинниң өмир жолы ҳаққында
В.Н.Ягодин 1932-жылы 5-февральда Россияның Оренбург областы Бузулук қаласында туўылған. Ата-анасы 1938-жылы жумыс бабында Қарақалпақстанға көшип келеди. Ол усы ўақыттан баслап бүгинги күнге шекем Нөкис қаласында жасайды, Қарақалпақстан оның тийкарғы Ўатанына айланған.
Ягодинлер шаңарағы қаланың орайындағы жайлардың бирине жайласады, қоңсы қобалар менен босласып-ағайинлесип кетеди. Жети жасқа келген соң сол ўақытлардағы (жақынға шекемде солай болып келген) пайтахт қаланың орайлық мектеби болған Пушкин атындағы Нөкис қалалық орта мектептиң биринши классына оқыўға барады. Усы мектепте ол он жыл даўамында билим алады.
1950- жылы орта мектепти табыслы питкерип шыққаннан кейин ол ҳәмме жаслар сыяқлы жоқары билим алыўға умтылады. Оның шеги Россия Федаративлик Республикасының сол ўақытлары Иванова қаласындағы бирден бир жоқары оқыў орыны болған, кейин ала университетке айланған, педагогикалық институтқа иштен оқыўға түседи ҳәм ол усы институттың тарийх факультетинде бес жыл даўамында оқыйды.
Студентлик дәўиринде институттың жәмийетлик жумысларына белсене қатнасады, факультетте дийўалы газеталар шығарады, ҳәттеки қосықта жазады. Қысқы ҳәм жазғы каникуль уақытлары Нөкиске келип турады. Мине усындай каникуллардың биринде Қарақалпақстан аймағында Москвалы тарийхшы алымлардың әййемги қалаларды қазып изертлеп атырғанлығы ҳаққында хабар менен танысады. Экспедицияға профессор С.П.Толстов басшылық ететуғынлығын, экспедицияның Хорезм археолого-этнографиялық экспедициясы деп аталатуғынлығын анықлайды. Бул экспедицияның илимий изертлеў жумыслары, олардың ажайы ашылыўлары ҳаққындағы мағлыўматлар болажақ тарийхшыда қызығыўшылық туўдырады.
Профессор С.П.Толстов басқарған Хорезм археологиялық экспедициясының сол уақыттағы аўхам бойынша ислеп атырған ең үлкен археологиялық экспедициялардың бири екенлигин, олардың ашылыўлар дүнья жүзине мәлим болып атырғанлығын институттың тарийхшы муғәллимлериниң лекцияларынанда еситеди. Каникуль уақтында ҳәм институт партасында Хорезм экспедициясы ҳаққында еситкен мағлыўматлар оның археология пәнине, дала экспедицияларына тартады. Мине усы қызығыўшылықлар оны экспедиция ағзаларына, соң оның баслығы профессор С.П.Толстов пенен ушырасыўына алып келеди. Атақлы алым менен болған дәслепки дийдарласыў ҳәм оның менен гүрриңлесиў оған үлкен тәсир жасайды. Усы ушырасыўдан соң ол экспедицияға қатнасыўыға рухсат алады. Солай етип В.Н.Ягодин 1952 жылдан баслап С.П.Толстовтың археологиялық экспедицияларына қатнаса баслайды.
Әлбетте археологиялық экспедицияға қатнасыўға келисим алынғанг менен экспедиция мәўсимине оның каникуллары туўра келе бермейди. Соның ушын бул мәселени шешиў институт басшылары менен сөйлесиўди талап етеди. Буған болажақ тарийхшының қызығыўшылығын сезген С.П.Толстовтың араласыўына туўра келеди. Нәтийжеде айрым пәнлерден болатуғын имтиханларды ертерек, болмаса сессиядан кейин тапсырылады. Буған ректорат рухсат береди. Солай етип барлық қыйншылықлар шешилгеннен кейин В.Ягодинниң археологиялық экспедицияға қатнасыўына жол ашылады.
Бул дәўирлери профессор С.П.Толстовтың археологиялық экспедициясы тек СССР көлеминде ғана емес, жоқарыда атап өткенимиздей, ал дүньяда ең үлкен экспедициялардың бири еди. Экспедицияның қурамында СССР илимлер академиясы этнография институты илимпазлары менен Ломоносов атындағы Москва университетиниң оқытыўшлыры ҳәм студентлеринен басқа аўхамның көплеген қалалварындағы жоқары оқыў орынларынан (соның ишинде Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтынан), илим изертлеў институтларынан жоқары қәнийгели архитектор алымлар, топырақтаныўшылар, топографлар, сондай ақ, художниклер, киношылар қатнасқан.
Соның менен бирге С.П.Толстовтың экспедициясы дүнья илиминде ҳәм техналогиясында ең жетискенликлерди археологиялық изертлеўлер жумысларында қолланып атырған еди. Айрықша атап кететуғын жағдай, бул жаңалықлардың көпшилигин С.П.Толстов СССР да бириншилерден болып өзиниң жумысларында пайдаланған. Мәселен, С.П.Толстов Үстирт кеңислигин, Қызыл қум менен Қара қум аралығын, елатлы пунктлердиң араларын, дәрья, канал ҳәм үлкен жаплардың бойларын АН-2 самолетында ушып жүрип бақлаған, сүўретке алған, қысқасы археологиялық естеликлерди анықлаўда самолеттан пайдаланған.
Аспаннан бақлаўлар еки басқышта үйренилген. Дәслепкиси сол түсирилген сүўретлер лабороторияларда үйренилип, картадан естеликлердиң кардинатлары анықланған. Екинши басқышта картаға түсирилген естеликлер автомашинада жүрип анықланған. Солай етип бирнеше онлап жаңа, бурын илимде белгисиз естеликлерди ашыўға ерискен. Археологиялық естеликлерди изертлеўде С.П.Толстовтың самолеттан пайдаланыў методы тек СССРда емес, ал дүньяда бириншилерден болып есапланады.
Сол дәўирдеги усындай заман жетискенликлерин ҳәм оларды әмелий исте пайдаланыў жолларын, археологиялық қазыў менен бирге алып барыўдың В.Н.Ягодин гүўасы болған. Оның студентлик дәўирде С.П.Толстов экспедициясында көргенлери алдағы ўақытлары өз алдына ислеген уақытлары әмелий исте пайдаланыўында үлкен жәрдем береди. Ол Үстирт кеңислигиндеги естеликлерди, Миздахкан комплексин, Хайуан қала ҳәм Куюк қала естеликлерин изертлеген уақытларда сол С.П.Толстов экспедициясында үйренгенлерин әмелий исте пайдаланады.
В.Н.Ягодинниң сол дәўирлерде С.П.Толстовтан, оның экспедициясынан үйренген усылларының қатарына археологиялық естеликлерди комплексли изертлеў методы болып есапланады. С.П.Толстовтың бул метода бурынғы аухамда бириншилерден экспедицияда пайдаланылған усыл болып табылады. Бунда археологлар менен бирге илимниң басқа көплеген тараўларынан алымлар қатнастырылады. Мине усындай жетискенликлерди көрген В.Н.Ягодинниң археология илимине деген қызығыўшылығы тағыда күшейеди. Ол бул бағдарда этнограф Х.Есбергенов, антрополог Т.Қ.Ходжайов пенен бирге ислеседи .
1955- университетти жоқары баҳалар менен табыслы тамамлаған жас қәнийге Нөкиске қайтып келип археологияға жақын жумыс излейди. Сол уақытлары Өзбекстан илимлер академиясының Қарақалпақстан комплексли илим изертлнеў институты қурамындағы үлкетаныў мүзей усы бағдарда жумыс жүргизер еди. Соның менен бирге С.П.Толстов экспедициясы бул музейдиң экспозициялық залларын археологиялық материаллар менен тәмийнлер еди. Бул болажақ алым ушын қолайлы жағдай болып усы үлкетаныў музейине илимий хызметкер болып жумысқа өтеди.
1959 жылы Нөкисте Өзбекстан Республикасы илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалы шөлкемлестирилип, оның қурамында Н.Дауқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институты ашылады. В.Н.Ягодин усы институттың этнография ҳәм археология секторына жумысқа келеди.
1963-жылы СССР илимлер академиясының этнография институтында кандидатлық диссертациясын, 2004-жылы Ломоносов атындағы Москва университетинде докторлық диссертациясын жақлайды.
1964-1968 жыллар аралығында Өзбекстан илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалы Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институтының аға илимий хызметкери лаўазымында жумыс ислейди. 1969-1990 жыллар аралығында Өзбекстан илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалы Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институты археология бөлиминиң менгериўшиси хызметин атқарады.
1991 Өзбекстан Республикасының өз ғәрессзлигин жәриялаўы, Қарақалпақстан Республикасы өз суверинитетин алыўы менен елде көплеген өзгерислер жүз береди. Солардың қатарында илим тараўында да жаңалықлар болады. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалы ендигиден былай Қарақалпақстан бөлими деп аталады. Ал 1992-жылға келип Өзбекстан илимлер Академиясы Қарақалпақстан болими қапталында жаңадан тарийх, археология ҳәм этнография институты ашылады. Бул жаңадан ашылған институтқа академик С.К.Камалов директор болып сайланады, В.Н.Ягодин оның илимий жақтан орынбасары болып белгиленеди. Арадан бир еки жыл өткен соң В.Н.Ягодин усы институттың директоры болып сайланады ҳәм өмириниң ақырына шекем усы лаўазымда ислейди. Бирақ оны сум әжел 2016-жылы июнь айында арамыздан алып кетеди.
В.Н.Ягодин археолог алым ретинде Қарақалпақстан Республикасының арқа районлары территориясында жайласқан, соның менен бирге Үстирит кеңислигинде жайласқан археологиялық естеликлерде илимий жумыслар алып барды ҳәм алып бармақта. Соның менен бирге қоңсылас Туркменстан Республикасының Ташаўыз областы, Қазахстан Республикасы, сондай ақ Хорезм областлары территориясында жүргизилген археологиялық изертлеўлерге қатнасты.
В.Н.Ягодин халықаралық археологиялық изертлеўлердиңде қатнасыўшысы. Өткен әсирдиң жетписинши ҳәм сексенинши жылларда ол СССР-Афганистан, Сидней-Иордания халықаралық археологиялық экспедицияларда иследи .
В.Н.Ягодин 1958-1959 жыллардан баслап Әмиўдәрьяның төменги бойы археологиясына, Кердер проблемасына бағдарланған илимий жумыслар ХХ-әсирдиң орталарына шекем джаўам еттириледи. Соған байланыслы Төк қала, Қорғанша қала, Ҳайуан қала, Куюк қала, Бограхан сыяқлы онлаған қалаларда археологшиялық изертлеў жумысларын алып барады. Алып барылған бул изертлеўлердиң жуўмақлары Кердер мәселесиниң локализациясы (1963), Қубла Арал бойы Әмиўдәрьяның оң тәрепи дельтасындағы изертлеўлер (1963), Кердерлер антропологиясы ҳәм мәденияты (1973), Ҳайўан қала ҳәм орта әсирлердеги Кердер (1981) атамалардағы илимий мақалалар ҳәм топламлар түринде жарық көрди.
Хожели қаласының әййемги ҳәм орта әсирлердеги бөлеги болған Миздаҳкан ҳәртәреплеме изертленип, онда әййемги оссуариялық ҳәм ерте мусулман қойымшылығы ашылды. Изертлеўлер жуўмағы Орайлық Азияда белгили антрополог алым Т.К.Ходжайов пенен бирликте Әййемги Миздахкан Некрополи (1970) атлы монография болып баспадан шықты.
В.Н.Ягодин өткен әсирдиң жетпис ҳәм сексенинши жылларда Қарақалпақстан Республикасының академиялық баслымда жарық көрген тарийхының авторларының ҳәм редколлегия ағзаларының бири сыпатында белгили.
1970 жылдан баслап В.Н.Ягодинниң басшылығында қарақалпақ археологлары Арал-Каспий аралығындағы Үстирт кеңислигинде археологиялық изертлеў жумысларын алып барыў мақсетинде комплексли программа ислеп шығады. Бул программа бойынша изертлеўлер 1991 жылға шекем даўам еттирилип бул жумысқа археология бөлиминиң сол уақытлардыағы барлық илимий хызметкерлери қатнасады (В.Н.Ягодин, Е.Бижанов, М.Мамбетуллаев, Ю.П.Манылов, Н.Юсупов, Ғ.Хожаниязов, М.Ш.Кдырниязов, А.Авизова, О.Юсупов, Н.Багдасарова ҳәм т. б.).
В.Н.Ягодин Үстиртте тийкарынан әйййемги ҳәм орта әсирлердеги көшпели қәўимлерге тийисли естеликлер менен шуғылланады. Онлап әййемги сак-массагет қәўимлерине тийисли естеликлерди ашады.
Көшпелилер менен қатар Үстирттиң тас дәўири бойынша, әйемги ҳәм орта әсирлердеги қала-қорғанлар, карўан сарайлар, лиңлер сыяқлы естеликлер бойыншада бирнешше бағдарда жумыслар жүргизиледи. Үстирттиң тас дәўириндеги естеликлерди изертлеў жумыслары Е.Бижанов басшылығында, әййемги қалалар М.Мамбетуллаев басшылығында, орта әсир қалалары, карўан сарайлары, диңлери Ю.П.Манылов басшылығында алып барылды.
1971-жылдан баслап В.Н.Ягодинниң қатнасыўында алып барылған изертлеўлер нәтийжесинде Үстирттиң Қартпай қум, Алан, Барлыбай, Чурук, Барсакелмес әтирапларында, Жарынқудық, Айдабол территорияларында палеолит, мезолит ҳәм неолит дәўирлерине тийисли, бурын илимде белгисиз, онлап жаңа археологиялық естеликлер ашылды. Каспии-Арал аралығында тас дәўирлеринде қәлиплескен мәдениятлар, олардың бизиң тарийхымыздағы орыны, отырықшы ҳәм көшпели халықлардың өз ара қатнаслары мәселесиндеги ролин толықтыратуғын көп мағлыўматлар топланды. Усы В.Н.Ягодин менен бирликте алып барылған изертлеўлердиң жуўмағы Е.Бижановтың 1996-жылы Өзбекстан Илимлер Академиясының Археология Институты қапталындағы арнаўлы қәнийгелестирилген Кеңесте «Каменный век Устюрта» атамасында жақлаған докторлық диссертациясына тийкар болады.
Үстирт территориясында узақ уақытлар даўамында алып барған изертлеўлер нәтийжесинде топланған археологиялық дереклер Қубла Арал бойының, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасының тарийхын толықтырып қоймастан, оны және бир неше мың жылларға тереңлестирди, Арал бойының биринши рет адамлар тәрепинен өзлестирилиўи мәселесин шешиўге мүмкиншилик берди. В.Н.Ягодинниң илмий қызығыўшылығы жүдә кең болып, ол Қарақалпақстан территориясында қола дәўиринен баслап орта әсирлерге шекемги археология мәселелери бойынша q60-тан аслам илмий мийнетлер менен мақалалар жазды ҳәм жәриялады. «Антропология и культура Кердера» (Ташкент, 1973), «Древняя и средневековая культура Юго-Восточного Устюрта» (Ташкент,1978), «Археологические исследования в Каракалпакии» (Ташкент,1981), «Археология Приаралья» Выпуск. I-VI (Ташкент, 1982 1984, Нөкис,2003) атлы монографиялар менен илимий топламлардың авторы.

Download 404.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling