Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


В.Н.Ягодинниң Қубла Үстирт Шоманай әтирапы естеликлерин изертлеўлери


Download 404.5 Kb.
bet6/13
Sana23.02.2023
Hajmi404.5 Kb.
#1223905
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13
Bog'liq
Шыгыс Устурт естеликлери

2.3. В.Н.Ягодинниң Қубла Үстирт Шоманай әтирапы естеликлерин изертлеўлери.
Шоманай районы аймағында орта әсир қала мәденияты естеликлери ушрасады. Олардың қатарында антик дәўирден қалиплескен Үлкен ҳәм Киши Айбуйир қала (XI-XII-әсирлерге дейин), Кетенлер, Моншақлы, Қалалық ҳәм т.б. ауыл қонысы, жайлар орны бар.
Үлкен Айбүйирқала Шоманайдан 41 км арқа-батыста жайласқан. Жергиликли халық арасында Жампыққала аты менен мәлим. Хорезм археология-этнография экспедициясы хызметкерлери тәрепинен естеликтиң улыўма көриниси сүўретке түсирилген, планы сызылған, бирақ археологик қазыў ислери алып барылмаған. Археолог Е.Б.Бижанов қысқа ўақыт археологиялық бақлаўда қазыў ислерин алып барып, алынған материаллар тийкарында естеликтиң дәслепки тарийхы ҳаққында илимий мағлыўматларды жәриялаўға урынды, бирақ қателиклер жиберген. Оның қысқа шешимлери, изертлеулери онша дууры емес. Тек ғана М.М.Мамбетуллаевтың көп жыллар дауамында усы жерде алып барған археологиялық қазыулары естеликтиң хронологиялық сәнесине анықлықлар киргизди. Атап айтқанда естелик антик дәўир менен қатар ерте орта әсирде де пайдаланған1. Оның изертлеўлерине өз ўақтында Ғ.Х. Хожаниязов, М.-Ш. Қдырниязов, О.Ж. Юсупов, Н.Ю. Юсупов, С.А. Уталиевлер қатнасқан (ХХ-әсирдиң 80-90 жыллары).
Естелик туўры мүйешликке жақын формада қурылған болып, шығыстан батысқа қарап созылған. Қаланың улыўма майданы 10 га. Естелик әййемги қорғаныў дийўалы менен қоршап алынып, дийўал естеликтиң 3 тәрепинде сақланып қалған. Шығыс дийўал узынлығы 120 м, арқа бөлиминдеги дийўал 412 м, батыс дийўал болса 260 м. Шығыс ҳәм батыс дийўалдың төменги бөлиминде пахса дийўал бар болып, оның бийиклиги 6,1 м. Арқа ҳәм батыс тәрептеги дийўалда айлана бурж жайласқан болып, дийўалдың алды тәрепке өсип шығыўшы 5-6 м, олар ортасындағы аралық 48-53 м. Естеликтиң батыс дийўалы ортасында дәрўаза жайласқан болып, дәрўаза алды қурамалы лабиринт пенен беккемленген. Естелик қорғаныў дийўалы дүзилисин үйрениў ислери 6,5 м майданда алып барылған. Бизге шекем сақланған дийўал бийиклиги 1 м, сыртқы дийўалдан 3,92 м узақлықта қосымша дийўал қурылған. Оның бийиклиги 1,2 м кеңлиги 1 м. Дийўал тас плита ҳәм қам гербиштен тикленген (40х42х9х3 см). Қорғаныў дийўалы ҳәм қосымша дийўал ортасы топырақлар менен толтырылған. Батыс ҳәм арқа тәрептеги дийўалларда изертлеў ислери алып барылды, нәтийжеде бир-бирин тәкирарлайтуғын дийўал ҳәм қосымша дийўал үйренилди. Естелик қорғаныў дийўалының төменги бөлими пахсадан тикленген. Естеликте алып барылған археологик қазыў ислери нәтийжесинде алынған материалларға қарап естеликтиң қорғаныў дийўалы III қурылыс дәўирден ибарат екенлиги анықланды. Улыума жуумақ төмендегише.
I - қурылыс дәўиринде қорғаныў дийўалы пахсадан қурылған.
II-дәўирде пахса дийўалға қам гербиштен қосымша дийўал қурылған, нәтийжеде оның бийиклиги ҳәм қалыңлығы асып барған.
III - қурылыс дәўиринде қала қорғаныў дийўалы пахса дийўал менен қоршалады, ярым айлана буржлар қәлиплеседи.
Кетенлер қаласы. Бул археологиялық естелик дәслеп Хорезм экспедициясы, кейин В.Н. Ягодин тәрепинен ХХ-әсирдиң 60-жыллары изертленген. Бирақ бақлаў жумысынан басқа турақлы археологиялық қазыўлар алып барылмаған. Естеликтен табылған айрым сырлы плита ҳәм онын жазыўлары Х. Е. Есбергенов тәрепинен мақала болып жәрияланды.
В.Н. Ягодин изертлеуи бойынша Кетенлер қаласы XIII-XIV–әсирдиң курылған. Бул ушын қойылған шурф қазыулары мағлыўматлар береди1.
Кетенлер майданы 5 га жақын. Тууры муйешли болып созыңқы турде қурылған. Оның туслик-батыс ҳәм туслик шығыс дийўаллары 5 м бийкликте сақланған, бирақ соңгы уақытлары ыдраған. Түслик бөлимде минар орны билинеди. Ол пахса блокларынан тикленген. Естелик сыртында ор-қәндек қалдығы жақсы билинеди. Қаланың туслик батысында орта әсирге тийсли канал орны болған.
Естелик устиндеги тегисликте өз ўақтында көп санлы гүлал ыдыс үлгилери табылған.
Каланың мәдений қатламларын анықлаў ушын койылған 3 х 1 м. көлемдеги шурф 25 м. қалыңлықтағы мәдений қатламды анықлаган. Олардағы жоқарыда көрсетилген бир дәўирге тийсли. Яғный алтын орда заманы менен характерленеди. Керамика өнимлери арасында: сур иреңли суу гузелери доңгелек кесимдаги услағышына ийе, коникалық формадағы, жалпақ тегисли жиекли шанақ, сайқаллап безетилген. Олардан басқа жалпақ тегисли венчик-жийекли хум улгилери ушрасқан2. Бул өнимлер XIII-XIV –әсирлерге тийсли.
Қорған сыртындағы орынларда көп сандағы пискен гербиш бөлеклери анықланған. Олар усы жердеги әййемги қурлыс жайларына тийсли болған. Олардың қалдығы бийк төбешилер түринде де белгили болған.
Қала әтрапында Үлкен канал аққан, ол егиншилик рустакин сууғарыўда пайдаланылады. Кетенлер де Үлкен қурлысларда болған. Бул жөнинде жақсы сақланған майоликалық плиталарда дерек береди. Олар бирюза иреңли, глазурь астына рельефли ҳәм нагыс бояу менен тусирилген безеулерге ийе. Бул ҳаққында сол жердеги коллектор жаптың ултанында табылған керамикалық тахтайша-плитада парсы жазыуында қосық қатарлары дерек береди. Онда:
Биз бул дуньядан кеттик, кеўлимизди өзимиз бенен,
Тиришилигимизде кеўлимизде өзимиз бенен еди,
Неде болса әжел қолынан кеттик,
Әттең бул дуньяны ғәлет пәмлемеппиз…
Улыума Кетен қала Алтын Орда дауириниң Үлкен рустак орайы болған.Бул қала Я.Г. Ғуламов, В.Н. Ягодин тәрепинен локализацияланбаған.

Download 404.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling