Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


В.Н. Ягодинниң шөлкемлестириўшилик хызметлери ҳаққында


Download 404.5 Kb.
bet3/13
Sana23.02.2023
Hajmi404.5 Kb.
#1223905
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13
Bog'liq
Шыгыс Устурт естеликлери

1.2. В.Н. Ягодинниң шөлкемлестириўшилик хызметлери ҳаққында
В.Н.Ягодин археолог алым болыўы менен бирге илимди шөлкемлестириўши ретинде де белгили. В.Н.Ягодин Өзбекстан илимлер академиясынын Каракалпакстан бөлиминин тарийх, археология ҳәм этнография институтының археология бөлимине 1990 жылдың басына шекем басшылық етти. Мине усы дәўир ишинде ол археология бөлимин жергиликли кадрлар менен тәмийнлеў мәселеси менен шуғылланды. Нөкис мәмлектлик педагогикалық институтының тарийх факультетинде оқып атырған студентлерден айрымлары кердер мәдениятының орайлық қалаларының бири болған Қорғанша қаланы қазыў жумысларына қатнастырды. Бул бирнеше жыл даўам еттирилди. Солардың ишинен археология илимине қызығады деген жасларды педагогикалық институтты питкергеннен кейин археология бөлимине жумысқа тартты. Солардың ишинен биразы Москва университетине, СССР илимлер академиясы археология институтына, оның Санкт Петербург қаласындағы бөлимине ҳәм Самарқанд қаласындағы археология институтына қайта таярлаў курсларына жиберилди. Нәтийжеде он-онбес жыл ишинде жергиликли кадрлардан бирқатар қаниге археолог алымлар жетисип шықты ҳәм олар бүгинги күни Өзбекстан Республикасы илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде, Бердах атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ҳәм басқада илимий орайларда мийнет етип атырыпты1.
Археология лабороторияларын ҳәртәреплеме үскенелеў, материаллық базасын беккемлеў, бөлимди техника, әспаб-үскенелер менен тәмийнлеў сыяқлы жумыслар менен шуғылланды. Археология бөлиминде жетписинши жыллары бир автомашина, бир трактор болса, сексенинши жылларға келип олардың ҳәрқайсысының санын еки-екиден заманагой техникаға жеткериўге ериседи.
Археология бөлиминиң ески жайы бузылып 1970-1981 жыллар оның орынына археология бөлиминиң жаңа имаратын салыўға ерисилди.
Қарақалпақ тарийхшы-археологларының үлкен устазы профессор С.П.Толстовтың үй китапханасын Өзбекстан илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими китапханасына алып келиўде де В.Н.Ягодинниң хызметлери айрықша болды.
1995 жылдан баслап Австралияның Сидней университети археолог алымлары менен бирге ислесиў бойынша шәртнама дузилди. Мине соннан берли он бир жыл даўамында Қарақалпақстан-Австралия халықаралық археологиялық экспедиция ағзалары дала изертлеў жумысларын өмиринин ақырына дейин алып барды.
В.Н.Ягодинниң басламасы менен Беруний районы аймағында халықаралық археологиялық экспедициясының базасы шөлкемлестирилди. Нәтийжеде бул жерде жылдың қәлеген ўақтында археолог қәнийгелердиң излениў жумысын алып барыўға жағдай туўғызылған.
1992- жылы Өзбекстан илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими қапталындағы Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институты тийкарында академик С.К.Камаловтың басламасы менен Тарийх, археология ҳәм этнография институты шөлкемлестииледи. Тазадан ашылған институттың директоры болып академик С.К.Камалов, оның орынбасары болып В.Н.Ягодин белгиленеди. Кейин ала усы институттың директоры болады1.
Соның менен бирге Өзбекстан илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Тарийх, археология ҳәм этнография институты қапталында шөлкемлестирилген тарий бойынша кандидатлық жақлаў бойынша арнаўлы қәнийгелестирилген Кеңес ағзасы ҳәм Кеңес баслығының орынбасары лаўазымында иследи.
Республикамыдың тарийхый ҳәм мәдений естеликлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў, елимизде туризимди раўажландырыў бойыншада унамлы усыныс пикирлер берилмекте. Ол узақ жыллар даўамында Өзбекстан Республикасының тарийхый ҳәм мәдений естеликлерди қорғаў жәмийетиниң Қарақалпақстан бөлими пезидиумының ағзасы болды. Усы жәмийет президумы баслығы Смет Мәдияров пенен бирликте редакторлығында Свод памятников историй и культуры Каракалпакской АССР атлы еки топламнан ибарат китап шығарыўды шөлкемлестирди. Мине усы бағдарда Миздахкан комплексин ашық аспан астындағы қорық музейге айландырыў мәселесин көтерген болса, 1998 жылы Ташқырман оазисин усындай ашық аспан астындағы қорық музейге айландырыў бойынша усыныс таярланылды. Нәтийжеде бул усыныслар бойынша Қарақалпақстан ҳүкимети тәрепинен арнаўлы қарарлар шығарылды2.
Қырантаў естелигинде алып барылған изертлеўлерге Франциялы алымлар қатнастырылды. 2002-жылы Кырантауда археологиялык изертлеўлер дауам еттирилип онын жумысына каракалпак археологлары менен бирге Франция алымлары, Лион университетинин генетика лабороториясынан Кэтрин Эни ҳәм Людвик Орландо, сондай-ак Франциянын миллий илим изертлеу орайынын антропологи Хулео Бендузалар катнастырылды. Екинши жылғы изертлеўлелерге Австралиялы антропологлар мират етиледи. Сол жылы айрыкша жаналық, Кырантаудан биринши рет кердерлердин VII-VIII әсирлерге тийисли койымшылыкларынын ашылды1.
-- В.Н.Ягодинниң үлкемиз археологиясында орны ҳәм хызметлери, жоқарыда көрип өткенимиздей, айтарлықтай болды. Лекин оның усы дәрежеге жетиўинде қарақалпақ илиминиң аталарының бири академик С.К.Камаловтың орны айрықша болды. Себеби археология бойынша шөлкемлестирилген барлық мәселелердиң басында ҳәм қасында сол уақытлардағы Өзбекстан илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Президиумы баслығы академик С.К.Камалов турды.
Қаракалпақ археология илиминиң раўажланыўы жоқарыда атап отилгендей С.К.Камаловтын Өзбекстан илимлер академиясы Каракалпакстан филиалы Президиумы баслығы болған дауирлерге туура келеди. Мине усы уакытлардан баслап археология илими баркулла онын дыккат орйында болғанлыгы академиктин жокарыда келтирилген баянатлары менен илимий макалаларында коринип турыпты. Шынындада каракалпак археологларынын хар бир ашкан жаналыклары менен жетискенликлери академияда айрыкша есапка алынып, уактында итибар берилип келинди. Жанадан ашылган естеликлердин елатлы пунктлерде, болмаса Үстирт, ямаса Кызыл кумда болыуына карамастан оны барып кориу Сабыр ага Камаловка тән нәрсе.
Археология бөлими өзиниң илимий ҳәм техникалық хызметкерлериниң саны ҳәм алып барып атырған жумысларының көлеми жағынан жетписинши жыллардың екинши ярымында филиалдағы ең үлкен лабороторияға айландырылған еди. Әлбетте бул өз гезегинде өзине жараса қыйыншылықларды да туўдырды. үш ханалы ески имаратта жигирмаға шамалас илимий-техникалық хызметкерлери бар археология бөлими ушын тарлық ете баслады Буннан хабардар болған филиал председатели С.К.Камалов археологлардың имараты қапталында жайласқан гаражды академияның өзине көшириў ҳәм оның орынында археологлар ушын жаңа имарат салыў ҳаққындағы усынысты ҳәр тәреплеме қолллап қоймай оның тез арада өзиниң унамлы шешимин табыўын тәмийнледи.
Көп узамай, яғный сексенинши жылдың басларында археология бөлиминиң жаңа имаратының қурылыс ислери басланып кетти. Буның ушын археологлардың өзлери қурылысшы бригада дүзип еки жыл даўамында тынымсыз мийнет етти. Академик С.К.Камалов курылыс материаллары узилиске тускен уакытлары, ямаса техника зарурлиги тууган халларда обьекттин «Бас прорабы» ретинде тез-тез келип турыуына туўра келген.
1981-жылы курылыс жумыслары дерлик толыгы менен питти. Натийжеде археологлар озлеринин шугылланатугын дауирлерине карай болек ханаларга, археологялык материаллар ушын арнаўлы саклағышханага, реставрация хам нумизматика кабинетлерине хам т.б. бир катар мүмкиншиликлерге ийе болды1.
Жана имаратка кирген археологлардан арадан көп уакыт отпей Озбекстан илимлер академиясы Каракалпакстан филиалы Председатели столына еки жылда бир рет тураклы шыгып туратугын археологлардын топламын шолкемлестириу маселесин шешип бериу соралган. гезектеги усыныс келип туседи. Озинин актуаллыгы хам ахмийетлилиги менен бул маселе де озинин шешимин көп күтип жатпастан филиал Президиумынын гезектеги мәжилислеринде каралып сон Өзбекстан илимлер академиясы Президиумына койылады. Солай етип 1981 жылдын ақырына шекем археологлардын бул отинишиде озинин унамлы шешимин табады. Нәтийжеде келеси 1982-жылдын ақырында каракалпак археологларынын «Кубла Арал бойы археологиясы» атлы макалалар топламынын биринши китабы Ташкент каласындагы «ФАН» баспасында жарык кореди. 1990-ншы жыллардын басларына шекем онын бес топламы Өзбекстан илимлер академиясынын баспасынан шыкты. Олардын копшилигине академик С.К.Камалов өзи редакторлык еткен. Сонын менен бирге ол археологлар В.Н.Ягодин хам Т.К.Ходжайовлар «Некрополь древнего Миздахкана» (Ташкент, Фан,1970), коллективлик «Древняя и средневековая культура Юго-Восточного Устюрта» (Ташкент, Фан, 1978) сыяклы катар монографияларынында жуўаплы редакторы болып есапланады
1997 жылы халык аралык дарежеде 2500 жыллык юбилейи белгилеген Хийуа каласынын Каракалпакстанлы алымлар тарепинен изертленилиуинде академик С.К.Камаловтын шолкемлестириушилик хызметлери улкен болды. ХХ әсирдин 80-нши жыллардын басларында Хийуа каласынын жасын аныклау хаккындагы пикир-усынысларга мууапык Хорезм областы басшылары Озбекстан Илимлер академиясына арнаулы хат пенен шыгады. Археология институтынан Хийуаны келип корген канийгелер кала жасы сол бурынгы кабыл етилип киятырылгандай мын жыл догерегинде деп жуумак береди. Буган канаатланбаган хорезмлилер бул жумысты 1973 жылдан берли Хорезм областы аймагында илимий изертлеулер алып барып атырган каракалпак археологларынын орынлап бериулерин сорап Озбекстан илимлер академиясы Каракалпакстан филиалы Президиумы баслыгы академик С.К.Камаловка илтимас етеди. Усыган байланыслы Сабыр ага Камалов Озбекстан илимлер академиясынын вице президенти академик М.К.Нурмахаммедов хам Президенти А.С.Садыковлар менен сойлесиулер жургизеди. Нәтийжеде бул жумысты орынлау каракалпак археологларына тапсырылылады, филиал капталында арнаулы Хийуа археологиялык экспедициясы шөлкемлестириледи. Нәтийжеде усы катарлардын авторлары 1984-1990 жыллар аралыгында Хийуа каласында археологиялык казыу жумысларын жургизип каланын буннан 2500 жыл бурын салынганлыгын аныклайды. 1997 жылы бул сане ЮНЕСКО тарепинен халыкаралык дарежеде белгиленди.
Сол жылларда Кызыл кум, Кара кум ҳәм Устирт кенислиги бойлап дала изертлеу жумысларын жургизиуде дауир талабына сай техникалык жетискенликлеринен пайдаланыу маселеси котерилди. Оларга вездеход автомашина, тураклы изертленетугын естеликлерди казыуда трактор, барып болмайтугын территорияларды изертлеуде самолеттан пайдаланыу сыяклы ахмийетли талаплар кирди.Алибетте археологлардын гезектеги бул талапларыда озин узак куттирмеди. Академик С.К.Камалов тийисли орынларга шыгып шешилиуине жардем берди. Натийжеде археологларымыз аскерий ГАЗ-66 автомашинасына, ДТ-20 хам ДТ-40 тракторларына ийе болды. АН-2самолеты жардеминде Амиударьянын томенги еки бойындагы естеликлер сууретке алынды.
Филиал басшылар тарепинен тураклы турде хар тареплеме коллап кууатланып рауажланып отырган каракалпак археология илими 1980-ши жыллардын ахыры 1990-шы жыллардын басларына келгенде тек Өзбекстан колеминде емес ал бурынгы аўқам дарежесинде оз орынына ийе илим дарежесине еристи.. Буны есапка алган филиал басшылары археология илимин еледе рауажландырыу максетинде олардын жетискенликлерин тийкар етип алып арнаулы усыныслар менен 1980 жылы 23 декабрь кунлери Нокис каласында болып откен Озбекстан илимлер академиясынын Президиумынын кошпели мажилисинде арнаулы усыныслар менен шыкты.Академик С.К.Камалов усы мәжилисте ислеген баянатында археологиялык хам архитектуралык мийрасларга бай болған Каракалпакстанда алып барылып атырылган илимий жумыслар хазирги экономикалык ҳәм мадений раўажланыўы, мамлекетлик хам жахан колеминдеги раўажланыўга байланыслы койылган талапларга жууап бермейтугынлыгын атап өтти. Сонын ушын Озбекстан илимлер академиясы Каракалпакстан филиалы курамында тарийх, археология хам этнография институтын шөлкемлестириудин уакты жеткенлигин мажилис катнасыушыларына билдирди. Сабыр ағанын котерген бул усынысы он жылдан кейин иске асты.
Мине сол 1960-80-нши жылларда калиплесип рауажланган каракалпак археология илими кейинги он жыллыккта халык аралык дарежеге көтерилди. 1995-жылдан берли «Каракалпакстан-Австралия» халык аралык археологиялык экспедиция ислеп турыпты. Франция археолог-антрополглары менен байланыслар жолга койылған. Англия, Франция, Австралия сыяклы еллерде илимий макалалар, топламлар басылып шыкпакта. Археологиялык изертлеулерде илимнин жетискенликлери. Алдынғы технология пайдаланылмакта. Археологлардын жетискенликлери Интернетке киргизилген. Тарийх, археология хам этнография институты капталындагы канийгелестирилген Кенесте археология бойынша кандидатлык диссертация жаклау мумкиншилиги туудырылган еди 1996-жылдан 2012-жылға дейин. Халкымыздын «мың кошшыдан бир басшы» дегениндей археологлардын жокарыда келтирилген жетискенликлери тийкарында академик Сабыр ага Камаловтын хызметлери уллы ҳәм оны республикамыз археологлары жаксы биледи.
Көплеген жамийетлик шөлкемлерге ағза болыў менен бирге Каракалпакстан территеориясында жайласкан тарийхый хам мадений мийрасларды коргау хам оларды келешек ауладлар ушын саклауга байланыслы болған жумысларда да академик С.Камаловтын хызметлери улкен. Ол көп жыллар дауамында Озбекстан Республикасы тарийхый хам мадений естеликлерин саклау Жамийетинин Каракалпакстан Республикалык Кенеси Президиумы агзасы сыпатында Ташкент хам Нокис калаларында откерилген анжуманларда елимиздин бийбаха естеликлерин уйрениудеги жаналык ҳәм жетискенликлер, оларды коргау хам келешек ауладлар ушын саклау проблемалары хаккында баянатлар жасады ҳәм арнаўлы макалалар жазды. Бул багдарда нызамларлар таярланганда Қаракалпакстан Республикасы Жоқаргы Кеңеси депутаты сыпатында канийге алымлар атынан усыныс хам пикирлер менен катнасты. Қысқасы В.Н.Ягодинниң нағыз археолог алым, шөлкемлестириўши алым болып жетилисиўинде, содай ақ ол тәрепинен алып барылған илимий, шөлкемлестириў жумысларының сәтли болыўы, ақырына жеткерилиўинде академик С.Камаловтың роли күшли болды. Соның менен бирге академик С.Камалов Қарақалпақстанда археологлар мектебиниң қәлиплесиўинде орыны айрықша устаз алым.
В.Н.Ягодин илимий жумыслар менен бир қатарда жәмийетлик жумысларға да белсене қатнасып киятырған алым. Ол Өзбекстан республикасы илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Президиумы ағзасы, усы Бөлимниң Хабаршы журналының редколлегия ағзасы, Тарийх, археология ҳәм этнография институты қапталындағы тарийх бойынша кандидатлық диссертация жақлаў бойынша арнаўлы илимий Кеңесиниң ағзасы ҳәм усы Кеңес баслығының орынбасары лаўазымларында иследи.
Оның республикамыздың тарийхый ҳәм мәдений естеликлерди қорғаў, қайта тиклеў ҳәм оларды үгит-нәсиятлаў бойынша алып баратырған жумыслары айрықша дыққатқа ылайық. Ол көп жыл даўамында Өзбекстан Республикасы тарийхый ҳәм мәдений естеликлерди қорғаў жәмийетиниң Қарақалпақстан республикалық Кеңесиниң Президиум ағзасы болды. Усы жәмийетлик шөлкем баслығы болған мархум Смет Мадияров пенен бирликте Қарақалпақстан Республикасының археологиялық естеликлери жыйнағы атамасындағы еки китаптың баспадан шығарыўда қарақалпақ археологларын шөлкемлестиреди1. Бул жумысқа профессор С.П,Толстовтың шәкиртлериде қатнасты. Бул топлам усы бағдарда аўхам көлеминде исленип атырылған жумыслардың ишинде тек Өзбекстан көлеминде ғана емес, ал аўқамда бириншилерден болып шықты. Бунда әлбетте В.Н.Ягодинниң хызметлери айрықша болды.

Download 404.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling